Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанныӊ мирәт етиўине бола 6-июнь күни рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болды.

Түркия Республикасы Өзбекстан Республикасыныӊ мәмлекетлик ғәрезсизлигин биринши болып тән алғанын атап өтиў керек. 1996-жылы мәмлекетлеримиз арасындағы Мәӊги дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылған. Халықларымыз көп әсирлик тарийхы, тили, дини, қәдириятлары ҳәм ортақ үрип-әдетлери менен бир-бирине тығыз байланысқан. Мәмлекетлеримиз арасында өз-ара исеним тийкарында дослық қатнасықлары бүгинги күнде избе-из беккемленип бармақта.

Президент Шавкат Мирзиёев Анқара қаласына сапары шеӊберинде дәслеп “Turkish Aerospace Industries Inc.” компаниясыныӊ жумысы менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысына компания өнимлериниӊ үлгилери, өндирис процеси ҳәм сырт мәмлекетлер менен илимий бирге ислесиў нәтийжелери таныстырылды.

1984-жылы шөлкемлестирилген компания турақлы ҳәм айланба қанатлы ҳаўа техникасы, ушыўшысыз ушыў қурылмалары ҳәм жасалма жолдасларды жойбарластырыў, ислеп шығыў, модернизациялаў, ислеп шығарыў ҳәм аэрокосмослық системаларды интеграциялаў тараўларында Түркияныӊ жетекши технология орайы болып табылады.

2023-жылы “Turkish Aerospace Industries Inc.” дүньяныӊ еӊ ири 100 қорғаныў компанияларыныӊ дизимине кирди. Кәрхананыӊ жыллық дәраматы 1,5 миллиард долларды қурайды.

Компанияда 15 мыӊнан аслам хызметкер, соныӊ ишинде, 7 мыӊ инженер, 6,5 мыӊнан аслам техниклер ҳәм басқа жумысшылар мийнет етеди.

Сапар даўамында Өзбекстан Президентине Түркия қорғаныў санаатыныӊ кеӊ түрдеги қурал-жарақ ҳәм әскерий техниканы ислеп шығыў ҳәм өндириўге қәнигелескен басқа кәрханаларыныӊ жумысы да таныстырылды.

Авиация техникасыныӊ көргизбели пәрўазлары да өткерилди.

Буннан соӊ Анкара қаласындағы Президент сарайында Өзбекстан Республикасы Президентин рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Режеп Таййип Эрдоған минберге көтерилди. Өзбекстан ҳәм Түркия мәмлекетлериниӊ гимнлери жаӊлады. Еки мәмлекет жетекшилери ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтти.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен соӊ Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанныӊ тар шеӊбердеги ушырасыўы болып өтти.

Мәмлекет басшылары пүткил мусылман үммети ушын муқаддес болған Қурбан ҳайыты менен бир-бирлерин қызғын қутлықлады.

Сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан менен Түркия арасындағы кеӊ көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеӊейтиў, көп тәреплемели бирге ислесиўди, бәринен бурын, сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда тереӊлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ҳәзирги еки тәреплеме бирге ислесиў жоқары пәтте даўам етип атырғаны, барлық дәрежедеги байланыслар ҳәм алмасыўлар жедел қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өз-ара товар алмасыў ҳәм инвестициялар көрсеткишлери артып бармақта, биргеликтеги жойбарлар ҳәм кәрханалар, авиақатнаўлардыӊ саны көбеймекте. Өз-ара мәдений илажлар өткерилмекте.

Сапар алдында бизнес форумы табыслы өткерилип, оныӊ нәтийжесинде санаат, “жасыл” энергетика, электротехника, тоқымашылық, фармацевтика, аўыл хожалығы ҳәм басқа бағдарларда, атап айтқанда, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бағдарламасы шеӊберинде жаӊа жойбарлардыӊ үлкен портфели қәлиплестирилди.

Ҳүкиметлер алдына товар алмасыўды 5 миллиард долларға жеткериў, атап айтқанда, Жеӊилликли саўда келисими шеӊберинде өним түрлерин кеӊейтиў ўазыйпасы қойылды. Стамбул қаласында Өзбекстанныӊ саўда ўәкилханасын шөлкемлестириў бойынша келисимлерге ерисилди.

Аўыл хожалығы, суў ресурсларын басқарыў ҳәм санластырыў тараўларында өз-ара пайдалы шерикликти кеӊейтиў мәселелери де көрип шығылды.

Қәўипсизлик ҳәм қорғаныў, терроризм, экстремизм ҳәм радикализмге қарыс гүресиў тараўында бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм муўапықластырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Тәреплер жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўларды даўам етиўге келисип алды. Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, туризм ҳәм спорт тараўларында бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Еки мәмлекет пуқараларыныӊ барып келиўи ушын еӊ қолайлы шараятларды жаратыў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан ҳәм Түркия басшылары, сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртибиниӊ әҳмийетли мәселелерин, атап айтқанда, Аўғанстандағы жағдайдыӊ раўажланыўын да көрип шықты.

Соӊ Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған басшылығында Өзбекстан – Түркия жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеӊесиниӊ үшинши мәжилиси болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Түркия жетекшиси ҳәм халқына көрсетилип атырған миймандослық ҳәм жыллы қабыллаў ушын миннетдаршылық билдирип, бүгинги мәжилис мүбәрек Қурбан ҳайыты алдында ҳәм еки мәмлекет арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғаныныӊ 32 жыллығы белгиленип атырған жылда өткерилип атырғанын атап өтти.

– Стратегиялық бирге ислесиў кеӊесиниӊ шөлкемлестирилиўи Өзбекстан – Түркия қатнасықлары тарийхында жаӊа бет ашты ҳәм шерикликтиӊ барлық тараўларында және де раўажланыўға күшли пәт бағышлады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Сиясий қарым-қатнас, парламентлераралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўлар жедел раўажланбақта, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў жеделлеспекте.

Соӊғы жыллары өз-ара саўда көлеми 1,5 есеге, биргеликтеги кәрханалардыӊ саны 2 есеге, Өзбекстан экономикасына түрк инвестицияларыныӊ көлеми 2,5 есеге артты. Еки мәмлекеттиӊ ири қалалары арасында ҳәптесине 90 пәрўаз әмелге асырылмақта, Түркиядан келип атырған туристлердиӊ ағымы 9 есеге көбейди.

Бүгин Өзбекстанда “Cengiz Holding”, “Aksa Energy”, “Çalık Holding”, “Akay Inşaat”, “Anadolu Group”, “Özgüven”, “Eczacıbaşı Holding” сыяқлы жетекши түрк компаниялары тәрепинен 100 ден аслам жойбар табыслы әмелге асырылмақта. Усы сапар шеӊберинде 10 миллиард долларлық жаӊа инвестициялық жойбарлар портфели қәлиплестирилди.

Еки тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиўди және де раўажландырыў мақсетинде санаат кооперациясын күшейтиў, жоқары қосымша қунға ийе өнимлер ислеп шығарыўды локализациялаў ҳәм биргеликте үшинши мәмлекетлер базарларына шығыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Сондай-ақ, жеӊилликли саўда ҳаққындағы келисим шеӊберинде бажыхана тарифлерин төменлетиў зәрүрлиги атап өтилди.

Аўыл ҳәм суў хожалығы, денсаўлықты сақлаўды санластырыў ҳәм медицина кластерлерин шөлкемлестириў тараўларында Түркияныӊ алдынғы тәжирийбеси ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиўге талап бар екенине итибар қарытылды.

Бирге ислесиўдиӊ және бир әҳмийетли бағдары еки мәмлекеттиӊ транспорт-логистика потенциалын арттырыў, соныӊ ишинде, Орта коридор имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў болып табылады.

Жоқары, профессионал ҳәм техникалық билимлендириў тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў, театр фестивальлары, мәдений ҳәптеликлерди өткериў, биргеликте тарийхый фильмлерди сүўретке алыў ҳәм мәдений мийрас объектлерин реставрациялаў тараўларында бирге ислесиўди кеӊейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Тәреплер бирге ислесиўдиӊ барлық бағдарларын тереӊлсетириўге қаратылған декларацияны қабыл етип атырғанын ҳәм еки мәмлекет басшылары басшылығында Өзбекстан – Түркия Исбилерменлер кеӊеси шөлкемлестиргенин алғыслады.

Мәжилис жуўмақлары бойынша ҳүкиметлерге қабыл етилген қарарларды әмелге асырыў бойынша биргеликтеги «жол картасы»н тастыйықлаў тапсырылды.

Сөйлесиўлер жуўмағында Шавкат Мирзиёев Режеп Таййип Эрдоғанды кеӊестиӊ гезектеги мәжилисин өткериў ушын Өзбекстанға мирәт етти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған басшылығында Өзбекстан-Түркия Исбилерменлер кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтти.

Өзбекстан тәрепинен илажда “Global Textile”, “ProCab”, “Agromir Group”, “ERIELL Group”, “Akfa Holding”, “Murad Buildings”, “SAG”, “BMB Holding”, “Uzbekistan Hydrogen” компаниялары қатнасты.

Түркия тәрепинен “Çalık”, “Cengiz”, “Acibadem”, “Eczacıbaşı”, “Anadolu Group”, “Aksa Energy”, “Zorlu”, “Kalyon”, “Onur Group” сыяқлы холдинг компаниялары қатнасты.

Исбилерменлер менен бундай форматтағы байланыс дәслепки мәрте өткерилмекте. Өзбекстан ҳәм Түркия Президентлери Исбилерменлер кеңесиниң дүзилиўи еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўы жаңа басқышқа көтерилгениниң белгиси екенин атап өтти.

Жүзеге келген барлық мәселелерди оператив шешиў ҳәм келешектеги инвестициялық ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын алға қойыў мақсетинде кеңес мәжилислерин турақлы өткерип турыў зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекстан басшысы еки тәреплеме саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шериклик избе-из пәтлерде раўажланып баратырғанынан миннетдар екенин билдирди. Соңғы бес жылда түрк инвестициясы қатнасыўындағы кәрханалардың саны үш есеге артты ҳәм 2 мыңға жетти, инвестициялардың көлеми еки есеге артты.

Күни кеше откен бизнес форумы ҳәм исбилерменлик илажлары нәтийжесинде аўыл хожалығы, қурылыс, энергетика, денсаўлықты сақлаў, геология, электротехника, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, зергерлик, тоқымашылық ҳәм былғары санааты тараўларында көплеген еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылды.

Президентимиз энергетика, қурылыс, кәншилик ҳәм азық-аўқат санааты тараўларында “Cengiz Energy”, “Aksa Energy”, “Çalık Holding”, “Eczacıbaşı” ҳәм “Anadolu” сыяқлы түрк компанияларының табыслы жумысын көрсетип өтти.

Мәмлекетимиз басшысы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын белгилеп, бәринен бурын, инвестициялық шериклик ҳәм санаат кооперациясын кеңейтиўди усыныс етти.

Өзбекстан-Түркия санаат кластерин шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди. Бул санаат зонасы еки мәмлекет арасында әмелий бирге ислесиўдиң локомотивине айланады.

Өзбекстан Президенти мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин раўажландырыўға айрықша итибар қаратты. Усы тийкарда 3 миллиард долларлық биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген.

Кеңес ушырасыўында кәншилик санаатында бирге ислесиў әҳмийетли бағдарлардан бири сыпатында атап өтилди. Түркияның ири кән-геология компаниялары менен пайдалы қазылмаларды үйрениў ҳәм қазып алыў бойынша әмелий жумыслар басланған.

Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған, өз гезегинде, Түркия Өзбекстан менен барлық тараўларда өз-ара пайдалы байланысларды және де беккемлеўге умтылатуғынын билдирди.

Ол еки мәмлекет исбилерменлери арасында тиккелей бирге ислесиўди раўажландырыў ушын үлкен потенциал бар екенин атап өтти. Түркия жетекшиси кеңес қатнасыўшыларын саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды беккемлеў мақсетинде конструктивлик қарым-қатнасқа шақырды.

Пикир алысыў даўамында түрк исбилермен топарлары ўәкиллери Өзбекстанда алып барылып атырған атрқа қайтпайтуғын реформалар нәтийжесинде пайда болған имканиятларды жоқары баҳалады, бул реформалар Түркия бизнесиниң узақ мүддетли режелерин әмелге асырыў ушын беккем тийкар жаратып атырғанын атап өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Түркияның жетекши компанияларының басшылары тәрепинен әҳмийетли тараўларда бирге ислесиўди және де тереңлестириўге қаратылған анық усыныслар билдирилди.

Мәмлекет басшылары исбилерменлерди биргеликте ислесиўге таяр екени ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирип, жуўапкер басшыларға исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша көрсетпелер берди.

Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң үшинши мәжилиси жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоган Кең көлемли стратегиялық шерикликти тереңлестириў ҳаққында биргеликтеги декларацияға қол қойды.

Буннан тысқары, еки мәмлекет басшылары жанында көп тәреплемели шерикликтиң көплеген тараўларын қамтып алыған 19 ҳүжжетке қол қойды. Атап айтқанда:

– Илимий алмасыў ҳәм жоқары технологиялар тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Аймақлық раўажланыў тараўындагы бирге ислесиўди беккемлеў ҳаққында келисим;

– Стандартластырыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Өзбекстанның ЖСШға ағза болыўында техникалық жәрдем көрсетиў бойынша бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Космослық илимлер, технологиялар ҳәм изертлеўлер тараўында бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Аўыл хожалығы билимлендириўи тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Энергетикалық раўажланыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Мәденият тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Мәлимлеме тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Кадастр мәселелери бойынша бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Туризм тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Шаңарақ институты ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Басқарыў кадрларын таярлаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Ҳуқықый тараўда маманлық арттырыў бойынша бирге ислесиў ҳаққында протокол.

Сондай-ақ, жеңилликли саўда, энергетика базарын тәртипке салыўға байланыслы еки тәреплеме ҳүжжетлер ҳәм Аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша илажлар режеси қабыл етилди.

Жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң үшинши мәжилиси бойынша Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Режеп Таййип Эрдоған ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баянат берди.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында түркиялы кәсиплесине мирәт еткени ҳәм Стратегиялық бирге ислесиў кеңеси шеңбериндеги нәтийжели сөйлесиўлер ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Өзбекстанның ғәрезсизлигин биринши болып тән алған Түркия ўақыт сынағынан өткен исенимли бирге ислесиўши екени атап өтилди.

Өзбекстан Президенти атап өткениндей, Режеп Таййип Эрдоған басшылығында Түркияда халықтың абаданлығын арттырыў, мәмлекеттиң сиясий, экономикалық ҳәм әскерий қүдиретин беккемлеў, сондай-ақ, халықаралық майдандағы абырайы ҳәм тәсирин арттырыў бойынша үлкен ис-ҳәрекетлер әмелге асырылмақта. Таң қаларлық инфраструктура жойбарлары әмелге асырылмақта.

– Биз ҳақыйқый туўысқан ҳәм жақын дос сыпатында Түркия халкы ерисип атырған бундай әжайып жетискенликлерден тек қуўанып ғана қоймастан, ал мақтаныш етемиз. Бизиң алдымызға қойған нийетлеримиз ҳәм тилеклеримиз бир, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бүгинги жоқары дәрежедеги ушырасыўлар тарийхый әҳмийетке ийе екени ҳәм олардың нәтийжесинде Кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын тереңлестириў ҳаққында декларацияға қол қойылғаны атап өтилди.

Жетекшилер өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын, перспективаға бағдарланған мақсетлерди белгилеп алды. Атап айтқанда, кеңес мәжилислерин турақлы өткериў, сиясий байланысты жеделлестириў ҳәм Ҳүкиметлераралық комиссия механизминен нәтийжели пайдаланыўға қарар етилди.

– Биз бирге ислесиўдиң жаңа, және де беккем көпирлерин қурып атырмыз. Әлбетте, Өзбекстан-Түркия Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниӊ мәжилиси ҳәзирги ўақытта байланысларымыз тарийхында жаңа бет ашпақта. Бундай жоқары дәрежедеги қарым-қатнас форматы өз-ара исеним ҳәм ҳүрметтиң жоқары көриниси болып табылады, – деди Президентимиз.

Саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң унамлы пәтлери атап өтилди.

Соңғы жыллары өз-ара саўда көлеми 1,5 есеге, биргеликтеги кәрханалардың саны 2 есеге, инвестициялар 2,5 есеге артқан. Еки мәмлекет қалалары арасында ҳәптесине 90 ҳаўа қатнаўы әмелге асырылмақта.

Бүгин Түркияның жетекши компаниялары Өзбекстан базарында жедел жумыс алып бармақта. Түрк бизнеси қатнасыўында 100 ден аслам жойбар нәтийжели әмелге асырылмақта. Усы сапар шеңберинде 10 миллиард долларлық перспективалы жойбарлар портфели қәлиплестирилди.

Тәреплер өз-ара саўда көлемин 5 миллиард долларға жеткериў, өнимлер номенклатурасын кеңейтиў, санаат кооперациясын тереңлестириў, үшинши мәмлекет базарларына биргеликте шығыў, жаңа өсиў ноқатлары ҳәм арнаўлы санаат кластерлерин жаратыў бойынша системалы ислеўге келисип алды.

Энергетика, таў-кән, электротехника, тоқымашылық, аўыл хожалығы, азық-аўқат ҳәм фармацевтика санааты, денсаўлықты сақлаў, туризм, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў бағдарындағы умтылыслар исенимли екени билдирилди.

Еки мәмлекет ҳүкиметлерине логистика ҳәм транзит имканиятларын раўажландырыў, бар транспорт коридорларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм бизнес байланысларын жеделлестириў бойынша анық илажларды белгилеў тапсырылды.

Мәмлекетимиз басшысы биргеликте Исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етилгенин ҳәм оның дәслепки мәжилиси бүгин еки мәмлекет басшылары басшылығында өткерилгенин мәлим етти.

Регионаллық мәселелер бойынша толық пикир алысылды.

Халықаралық майданда тығыз бирге ислесиў ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды, атап айтқанда, БМШ, Ислам раўажланыў шөлкеми, Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде бирге ислесиўди даўам етиўге садықлық билдирилди.

Президентлер Газа секторындағы зорлықларды тезлик пенен тоқтатыў ҳәм Палестина-Израиль машқаласын тыныш жол менен шешиў зәрүрлигин және бир мәрте атап өтти.

– Турақлы ҳәм узақ мүддетли тынышлыққа ерисиў ушын еркин ҳәм азат Палестина мәмлекети шөлкемлестирилиўи шәрт, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Тәреплер ислам дининиң тийкары адамгершиликти кеңнен үгит-нәсиятлаў, исламофобия ҳәм радикализмге қарсы гүресиўде, сондай-ақ, өзбек жеринде туўылып өскен ҳәм мусылман дүньясында жоқары қәдирленген Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Матуридий, Абдуҳолиқ Ғиждуўаний ҳәм Баҳаўддин Нақшбанд сыяқлы уллы данышпалардың бийбаҳа руўхый мийрасынан нәтийжели пайдаланыў мәселелеринде бирге ислесиў бағдарында бирдей пикир билдирди.

Сөйлесиўлерде мәдений-гуманитарлық алмасыўларды және де раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Халықларымыз арасындағы жақынлықты беккемлеў мақсетинде өз-ара мәденият ҳәптеликлерин, билимлендириў ҳәм медицина форумларын, көргизбелер өткериў ҳәм туристлер ағымын көбейтиў бойынша келисимге ерисилди.

Барлық ерисилген келисмлерди толық ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў ушын айрықша “жол картасы” ислеп шығылады.

Анқара қаласына сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти «Түркия Республикасы белгиси» менен сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Туўысқан мәмлекеттиң жоқары мәмлекетлик сыйлығын Өзбекстан жетекшисине Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған салтанатлы түрде тапсырды.

Бүгин, мәмлекетлеримиз арасындағы кең көлемли стратегиялық шерикликти тереңлестириў ҳаққындағы декларацияға қол қойылған күнде Түркия Республикасының бундай жоқары сыйлығын алыў мен ушын үлкен мақтаныш. Бул сыйлық халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық қатнасықлаары, жоқары дәрежедеги исенимли қарым-қатнас ҳәм еки тәреплеме көп қырлы қатнасықлардың жедел раўажланыўының белгиси болып табылады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Түркия Республикасы Президентиниң қарарына муўапық бул жоқары сыйлық Түркия менен дослық қатнасықларын раўажландырыўға үлкен үлес қосқан мәмлекетлик ғайраткерлерге берилетуғынын атап өтиў керек.

Анқараға сапары шеӊберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм өмирлик жолдасы Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған ҳәм өмирлик жолдасы менен биргеликте Түркия халық әмелий көркем өнери ҳәм тағамлары көргизбесине барды.

Жоқары мәртебели мийманларға халық дөретиўшилик топарларыныӊ театрластырылған шығыўлары көрсетилди. Мәдений алмасыўлар туўысқан халықларымызды жақынластырыў ҳәм дослығын беккемлеўде әҳмийетли орын тутатуғыны атап өтилди.

Сапар илажлары жуўмақланғаннан соӊ, “Эсонбуға” халықаралық аэропортында Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм өмирлик жолдасын Президент Режеп Таййип Эрдоған ҳәм өмирлик жолдасы шығарып салды.

ӨзА