Бүгин Ташкент қаласындаға «Бунёдкор» стадионында және бир қызықлы ойын болып өтеди.

Онда өз тарийхында биринши мәрте Олимпиада жолламасын қолға киргизген Тимур Кападзе басшылығындағы Өзбекстан Олимпия сайланды командасы Париж Олимпиадасының және бир қатнасыўшысы Мали сайланды командасы менен дослық ушырасыўын өткереди.

Ойын саат 19:00 де басланады.  Бул ушырасыў еки сайланды команда ушын да Олимпиада ойынларына таярлық ўазыйпасын атқарады.

Соны айтып өтиўимиз керек,  Өзбекстан Олимпия сайланды командасы Париж Олимпиадасындағы өзиниң дәслепки ойынын 24-июль күни испаниялы футболшыларға қарсы өткереди. Ал, 2-3-турларда болса, сайланды командамыз 27-июль күни Египет, 30-июльда Доминикан Республикасы футболшылары менен келеси басқышқа шығыў ушын өз-ара гүреске түседи.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы