Европа Аўқамы парламентине сайлаўлар басланды. Даўыс бериў процеси ЕАға ағза 27 мәмлекетте 6-июньнан 9-июньға шекем өткериледи. Бул сайлаў нәтийжеси Европа Аўқамының келешектеги бағдарларын, сондай-ақ, сиясий ҳәм экономикалық қарарларын белгилеўде шешиўши әҳмийетке ийе болыўы күтилмекте.

Бул сыясий процесслердиң және бир әҳмийетли тәрепи сонда, Украина-Россия ҳәм Палестина-Израил арасында болып атырған келиспеўшиликлер жаңа парламентке шешилиўи керек болған машқалалы мийрас болып өтеди.

Евроаўқам сайлаўшылары ушын тийкарғы мәселелер қатарына экономика, климат өзгериўи ҳәм иммиграция сыяқлы бағдарлар да киреди. Көплеген сыясий партиялар өз компанияларын әне усы темаларға қаратпақта.

Төрт күнлик сайлаўларда нидерландиялы сайлаўшылар бириншилерден болып даўыс береди. Мәмлекеттиң сыясий көриниси рәң-бәрең, көплеген партиялар депутатлық орынлары ушын гүреспекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги