6-июнь күни Пекин қаласында “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолы қурылысы бойынша стратегиялық жойбарды әмелге асырыў ҳаққындағы келисимге қол қойыў мәресими болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев илаж қатнасыўшыларына видеомүрәжат жоллады. Келисимге қол қойыў мәресими мүнәсибети менен Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров та өз мүрәжатлерин жоллады.
Мәмлекетимиз басшысы бул әҳмийетли инфраструктура жойбарын әмелге асырыў басланып атырғаны кең регионымызда экономикалық ҳәм транспорт жағынан байланыслылықты күшейтиўге қаратылған тарийхый ўақыя екенлигин айрықша атап өтти.
– Бул темир жол Қытайды регионымыз бенен байланыстырыўшы ең қысқа қурғақлық жолына айланады. Келешекте бул жол бизиң мәмлекетимизге перспективалы Трансаўған коридоры арқалы Қубла Азия ҳәм Жақын Шығыс мәмлекетлериниң кең базарына шығыў имканиятын береди, – деди Президент.
Жойбардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде пайда болатуғын экономикалық нәтийже жаңа кәрханалар ҳәм он мыңлаған жумыс орынларының жаратылыўы, өз-ара саўданың көлеми бир неше есеге артыўы, санаат кооперациясының кеңейиўи, инвестициялық өзине тартымлықтың өсиўи ҳәм әҳмийетлиси – халықтың турмыс дәрежесиның артыўында көзге тасланады.
Келисимге муўапық, “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолы Қашғар – Торугарт – Макмал – Жалалабад – Әндижан жөнелиси бойлап өтеди.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, жүк тасыўдың жыллық көлеми 15 миллион тоннаға шекем жетиўи мүмкин, товарларды кейинги пайдаланыўшыларға жеткериў мүддети болса 7 күнге қысқарады. Буннан тысқары, заманагөй транзит ҳәм логистика инфраструктурасы, қоймаханалар ҳәм терминаллар жаратылады.
ӨзА