Сенаттыӊ гезектеги жалпы мәжилиси күн тәртибине “Мәдений естеликлерди сақлаў ҳәм реставрациялаў бойынша Халықаралық изертлеў орайы Уставына (Рим, 2013-жыл 29-ноябрь) Өзбекстан Республикасыныӊ қосылыўы ҳаққында”ғы ҳәм “Товар белгилери бойынша нызамлар ҳаққындағы Сингапур шәртнамасын (Сингапур, 2006-жыл 27-март) ратификациялаў ҳаққында”ғы нызамлар киргизилиўи режелестирилген.
Сенаттыӊ Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниӊ мәжилисинде усы нызамлар дәслепки тәризде додаланды.
Илажда Өзбекстанныӊ Халықаралық изертлеў орайы Уставына қосылыўы мәмлекетимизде реставрациялаў бойынша халықаралық тәжирийбени табыслы енгизиў имканиятын беретуғыны атап өтилди.
Бул тараўдағы илимий-изертлеў жумысын жетилистириў ҳәм Өзбекстанныӊ мәдений мийрасын пүткил дүньяға танытыў, сондай-ақ, усы тараўда ислеп атырған хызметкерлердиӊ маманлығын системалы түрде арттырыў имканияты жаратылады.
Сингапур шәртнамасын ратификациялаў товар белгилерин қорғаўдан мәпдар болған Өзбекстан Республикасыныӊ юридикалық тәреплерине шәртнамада қатнасатуғын барлық мәмлекетлерде теӊ ҳуқықларға ийе болыў имканиятын береди.
Қатнасыўшылар миллий нызамлардыӊ усы халықаралық ҳүжжетлер қағыйдаларына муўапықластырылыўы, усы нызамлардыӊ қабыл етилиўинен күтилип атырған нәтийжелер ҳәм олардыӊ соӊынан әмелге асырыў механизмлери бойынша пикир алысты.
Сенаторлар, жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар, жергиликли кеӊеслердиӊ турақлы комиссиялары ўәкиллери, экспертлер, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасқан мәжилис жуўмағында комитеттиӊ тийисли қарарлары қабыл етилди.
Н.Абдураимова, ӨзА