Өзбекстан Көркем-өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими көргизбе сарайында жас художник Исметулла Жақсылыковтың “bread” (нан) атамасындағы жеке көргизбеси болып өтти. Онда қатнасыўшылар сүўретшиниң мийнетлерин тамашалап, жақсы баҳа берди. Көргизбениң ашылыўына бағышланып өткерилген илажда сүўретшиниң өзине тән усылы менен басқалардан айрықшаланып туратуғынлығы атап өтилди.
Исметулла Жақсылыков сүўрет түсириўге жаслығынан қызығып, ўақыт өтиўи менен жетилистирип барған. Ўақыт өткен сайын ол бул тараў бойынша өз үстинде көп жумыс ислеп, ҳәр түрли жеке брендлер ушын, атап айтқанда азық-аўқат өнимлери, ҳаял-қызлар тағыншақлары, қол өнери буйымлары ҳәм пайтахтымыздағы бир неше кийим дүканларына реклама ушын буйыртпалар алған.
-Хийўа ҳәм Шыршық қаласы, Хожели базарында түсирген фотоларымды жақсы шықты деп ойлайман. Мен ушын халық арасында жүрип, сүўретлер түсириў тәбийғый шығады,- дейди ол.
Фотограф сондай-ақ, халыққа белгили художниклер ҳәм жазыўшылардың үйлерине барып, оларды халыққа танытыў мақсетинде көплеген фотолар түсирген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги