Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Мусылманлар мәкемеси баслығы, муфтий шайх Нуриддин Халиқназар менен телефон арқалы сәўбетлести.
Мәмлекетимиз басшысы мүбәрек Ҳаж зыяратына таярлық процесслери, жерлеслеримиз ушын жаратылған шарятлар, олардың саламатлығы ҳәм кейпияты ҳаққында сорады.
Шайх Нуриддин Халиқназар Шавкат Мирзиёевқа, дәслеп, мүбәрек орынларда сыйыныў пайызы менен жүрген ҳажыларымыздың сәлемин ҳәм дуўаларын жеткерди.
Усы жылы да Ҳаж илажлары жоқары дәрежеде, тәртипли шөлкемлестирилгени атап өтилди. Аймақлардағы Ҳаж орайлары арқалы жумыслар шөлкемлескенлик пенен алып барылды. Министрлер Кабинетиниң басшылығында Дин ислери бойынша қомитет, Сыртқы ислер министрлиги, Транспорт министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм басқалар менен биргеликте зыяратшылар ушын барлық шараят жаратылды.
Әйне ўақытта дерлик 12 мың жерлесимиз Саудия Арабстанында болып турыпты. Жәми 15 мың 130 пуқара Ҳаж ибадатына миясар болады. Оларға 300 топар басшысы, 50 жоқары дәрежели шыпакер, аспазлар, дилмашлар ҳәм басқа жәрдемшилер жолдаслық етеди.
Бундай итибар ҳәм шараятларды арабстанлы жуўапкерлер де жоқары баҳалап, Өзбекстан Президентине ҳүрмет ҳәм дуаларын билдирмекте.
Усы жылдан баслап бир жаңалық – Саудия Арабстанында болып турған диний тараў хызметкерлери ҳәм қарий зыяратшылар тәрепинен Қураны кәримди хатм етиў жолға қойылды. Ҳәзирге шекем 1 мың 515 хатм оқылып, елимизге тынышлық, халқымызға абаданлық тилеп дуўалар еткен.
Мәмлекет басшысы жерлеслеримиз муқаддес Ҳаж зыяратын толық орынлап, саў-саламат келиўин тиледи. Өзбекстанға қайтқаннан кейин, ҳажылар жәмийетимиздеги мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеў, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў, жаслар тәрбиясы ҳәм шаңарақлардың татыўлығында ибрат болатуғынына үмит билдирди.
Сәўбет ашық ҳәм көтериңки руўхта өтти.
ӨзА