Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-июнь күни Жәҳән саўда шөлкеминиӊ (ЖСШ) бас директоры, доктор Нгози Оконжо-Ивеаланы қабыл етти.
Ушырасыўда мәмлекетимиздиӊ ЖСШға қосылыўы бағдарында көрилип атырған әмелий илажлар додаланды.
Қысқа мүддет ишинде Жумысшы топардыӊ еки мәжилиси өткерилгени, ағза мәмлекетлер менен жедел сөйлесиўлер алып барылып атырғаны, аўыл хожалығын қоллап-қуўатлаў шәртлери додалана баслағаны ҳәм миллий нызамшылықты шөлкемниӊ норма ҳәм қағыйдаларына муўапықластырыў жумыслары даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Сондай-ақ, “жасыл” экономиканы раўажландырыў, электрон саўда ҳәм санлы хызметлердиӊ экспортын арттырыў тараўында бирге ислесиўди жолға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Халықаралық саўданы тәртипке салыў мәселелери бойынша өзбекстанлы экспертлердиӊ потенциалын арттырыўға итибар қаратылды. Усы мәнисте, ЖСШныӊ жәрдеми менен Өзбекстанда Саўда сиясаты бойынша компетенция орайын шөлкемлестириў усыныс етилди.
Мәмлекетимиз басшысы ЖСШ бас директорына дөгерек сәўбетинде қатнасқаны ҳәм Өзбекстанныӊ жетекши университетлериниӊ студентлери менен ушырасқаны ушын миннетдаршылық билдирип, оған Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетиниӊ ҳүрметли докторы атағы берилгени менен қутлықлады.
Ушырасыў жуўмағында Нгози Оконжо-Ивеала Өзбекстанныӊ шөлкемге ағза болыў жолындағы ис-ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
ӨзА