Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоганның мирәт етиўине бола 6-июнь күни рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болады.

Сапар даўамында Анкара қаласында еки мәмлекет басшыларының басшылығында Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң үшинши мәжилиси өткерилиўи нәзерде тутылған.

Саммит күн тәртибинен Өзбекстан-Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери орын алған.

Әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў, бәринен бурын, товар алмасыў көлемин арттырыў, санаат, “жасыл” энергетика, электротехника, тоқымашылық, фармацевтика тармақлары, аўыл хожалығы ҳәм басқа бағдарларда, соның ишинде, мәмлекетлик- жеке меншик шериклик бағдарламасы шеңберинде кооперация жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар қаратылады.

Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў мәселелери көрип шығылады. Халықаралық сиясаттың әҳмийетли тәреплери бойынша пикир алысылады.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлер қабыл етилиўи режелестирилген.

Буннан тысқары, Өзбекстан ҳәм Түркия Президентлери еки мәмлекет жетекши кәрханалары ҳәм компанияларының басшылары менен биринши биргеликтеги ушырасыўды өткереди.

ӨзА