1-3-июнь күнлери Қубла Корея Республикасының  Мунгёнг қаласында таэквондо WТ бойынша әскерий хызметкерлер арасында 27-жәҳән чемпионаты болып өтти.

Жер жүзиниң жигирмадан аслам мәмлекетинен 300 ден аслам спортшылар қатнасқан бул жарыста Өзбекстан сайланды командасының ерлер ҳәм ҳаял-қызлар командалары барлық салмақ категориялары бойынша толық қурамда беллесиўлерге түсти.

Қызықлы өткен чемпионат жуўмағында, елимиз спортшылары 6 алтын, 2 гүмис ҳәм 4 қола медальларын қолға киргизип, улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеўге миясар болды.

Бул таэквондошылар арасынан 68 кг салмақта Улуғбек Рашитов, 80 кг да Жасурбек Жайсунов, 87 кг да Шухрат Салаев, +87 кг да Никита Рафалович, 62 кг да Феруза Содиқова, 73 кг да Гулсанам Алижоновалар алтын,  57 кг да Мадина Мирабзалова, +73 кг да Светлана Осиповалар гүмис, 46 кг да Самира Адашалиева, 49 кг да Зухра Тожиматова, 53 кг да Маржона Примова ҳәм  67 кг да

Озода Собиржоновалар қола медальларын жеңип алыўға еристи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы