Қазақстан Талибан режимин терроршылар дизиминен алып таслады- Тоқаев

180

Қазақстан Талибанды терроршы шөлкемлер дизиминен шығарып таслады. Бул хаққында мәмлекет президенти Қасым-Жомарт Тоқаев ҚКШ Парламенти Ассамблеясы Кеңеси мәжилиси қатнасыўшылары менен ушырасыўында мәлим етти.

Мәресимде Қазақстан президенти, соның ишинде, Аўғанстандағы жағдайға айрықша тоқтап, ҳәзирги басқыштағы стратегиялық ўазыйпалардан бири Аўғанстанды регионлараралық байланысларға жедел қосыў екенлиги атап өтилди.

«Қазақстан заманагөй Аўғанстан менен саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли ҳәм бул режим узақ мүддетли фактор екенлигин аңлаған ҳалда Талибан режимин терроршылар дизиминен алып таслады», -дейди ол.

Тоқаев ҚКШ мәмлекетлериниң бул бойынша келисилген позициясы әҳмийетли екенлигин атап өтип, Алма-ата қаласында БМШтың Орайлық Азия ҳәм Аўғанстан ушын турақлы раўажланыў мақсетлери бойынша регионаллық орайын шөлкемлестириў ҳаққындағы басламаны қоллап-қуўатлаўға шақырды, деп жазады- xabar.uz сайты

                                                                      Қарақалпақстан хабар агентлиги