Астана қаласында “Ташкент күнлери” өткериледи

135

Ташкент қаласы ҳәкими Шавкат Умурзоқов ҳәм Қазақстан Республикасыныӊ Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамқулов арасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда Ш.Умурзоқов мийманға ҳәм жергиликли, ҳәм сырт ел исбилерменлери ушын жаратылған қолайлы инвестициялық шараятлар ҳаққында айтып берди. Ол Ташкент қаласы ҳәкимлиги мәлимлеме технологиялары, медицина, билимлендириў, санаат ҳәм басқа тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыўды қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.

Б.Атамқулов Ташкенттиӊ бәсекиге шыдамлы, урбанистлик ҳәм туристлик орайға айланып баратырғаны, ол саяхатшылар ҳәм исбилерменлерди барған сайын көбирек тартып атырғанын атап өтти. Елши қаланы санластырыў, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў, абаданластырыў ҳәм анық жумыс механизмлерин енгизиў бағдарындағы тәжирийбесин тән алып, тәжирийбени үйреиўге ылайық екенин билдирди.

Сондай-ақ, ушырасыў барысында мийманнан Астана қаласында “Ташкент күнлери”н өткериў ҳәм Қазақстан пайтахтында Әлийшер Наўайы естелигин ашыўды шөлкемлестириў усыныс етилди.

“Ташкент күнлери” шеӊберинде өнерментлер көргизбеси, гастроярмаркалар, фестивальлар ҳәм басқа мәдений илажлар да өткерилиўи режелестирилмекте.

Гулноза Бобоева,  ӨзА