Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 31-май – 1-июнь күнлери Бухара ўәлаятында болды.

Сапардың екинши күни Ғиждуван районында Бухара ўәлаятын экономикалық-социаллық раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев сөзиниң басында аймақтағы өзгерислерди атап өтти.

Кейинги жыллары ўәлаят экономикасы 1,5 есеге өсип, 53 триллион сумнан артқан, халықтың жан басына 26 миллион сумды қураған. Санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиўде 4 мың 600 кәрхана шөлкемлестирилип, 90 мың жумыс орын жаратылған. Экспорт 215 миллион долларға жеткен. Қаракөл, Жондор, Шофиркон ҳәм Каган районларының ҳәр биринде санаат көлеми жылына 1 триллион сумнан артқан.

– Экономиканы избе-из раўажландырып, және жумыс орынларын ашыў, жасларды билимли ҳәм кәсипли етиў бойынша еле көп жумыс ислеў керек. «Аяғымыз астында» имканиятлар тур. Олардан пайдаланып, 544 мәҳәлледеги 2 миллионнан аслам халықтың шараятын және де жақсылаў зәрүр. Буның ушын ҳәр бир система ҳәр күни мийнет етиўи, излениўи керек, – деди Президент.

Жумыссыз, аз дәраматлы ҳәм сырт елде қыйыншылыққа ушыраған адамларға мүнәсип шараят жаратып, жумыслы етиў ҳәкимлер ҳәм сектор басшылары ушын стратегиялық ўазыйпа екени атап өтилди.

Сол себепли Бухарада усы жылы киши бизнеске 5,9 триллион сумға қосымша және 2,1 триллион сум кредит берилетуғыны айтылды. Бухарадағы киши бизнес, туризм ҳәм сервис ушын және 100 миллион доллар өз алдына ажыратылады. Булар арқалы июнь-декабрь айларында 78 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мүмкин.

Адамларды жумыслы ететуғын үлкен имканият санаат зоналарында. Каган районында мың гектарда ири санаат комплекси қурылмақта. Биринши басқышта 300 миллион доллар муғдарында жойбар әмелге асырылады. Бул ўәлаят экономикасына жылына 250 миллион доллар қосымша қун, 2 мың жумыс орны, 250 миллиард сум салық түсими ҳәм 100 миллион доллар экспорт береди.

Электр техникасы тармағында усы жылы Бухара қаласы ҳәм Қараўылбазарда 50 миллион доллар муғдарында 3 ири қуўатлылық иске қосылады. Темир-бетон өнимлерин шығаратуғын завод қурылады. Бухараның тарийхый бөлегинде зергерлик орайы шөлкемлестириледи.

Инвестициялық жойбарлар инфраструктурасына 200 миллиард сум ажыратылыўы белгиленди. Нәтийжеде 405 миллион доллар муғдарында 5 жойбардың иске қосылыўы жеделлеседи.

Мәселен, Бухара районындағы нефть-химия кластеринде бензол, олефин, ароматикалық углеводород, нафтадан пентан ҳәм гексан ериткишлери ислеп шығарылады. 4,5 триллион сум муғдарында қосымша қун, 130 миллион доллар экспорт түсими ҳәм 600 жоқары дәраматлы жумыс орны ашылады.

Ўәлаят санаат кәрханаларының кооперациялық сатып алыўлардағы орнының аз екени көрсетип өтилди. Жуўапкерлерге ислеп шығарыўшылардың мәмлекетлик сатып алыўдағы қатнасыўын кеңейтиў бойынша тапсырма берилди. Усы мақсетте Кооперация порталында ҳақыйқый ислеп шығарыўшылар қатнасатуғын тәртип енгизилип, кәрханалар реестри ҳәм жыллық қуўатлылық жаңаланып барылады.

Бухарада жылына 5 миллион сырт елли туристи тартыў ушын шараят жаратылмақта. Қала орайында Мәңги Бухара мәдений этнографиялық парки ҳәм жаңа аэропорттың қурылысы басланды. Соның менен бирге, ўәлаяттағы 30 тарийхый естеликти оңлаў бойынша көрсетпе берилди. Зарафшан дәрьясы жағасында сейил етиў орнын шөлкемлестириў, Тўдакўл суў бассейни жағасында дем алыў орынларын көбейтиў зәрүр екени айтылды.

Ҳүкиметке уллы ата-бабаларымыздың бай мийрасын терең үйрениў, естеликлер әтирапында туризм контентин көбейтиў бойынша бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Аўыл хожалығында да пайдаланылмаған имканиятлар көп. Ўәлаятта ийирилген жиптиң 57 процентинен гезлеме таярланып атыр, қалғаны шийки зат тәризинде 4 есеге арзан сатылып атыр. Ямаса, ўәлаятта 1 миллион 200 мың тонна мийўе-овощ жетистирилсе де, экспорты көп емес. Себеби – мийўе-овощларды сатыў орынлары шешилмеген, оларды қадақлаў системасы жоқ.

Қаракөл еркин экономикалық зонасының 30 гектарында технопарк шөлкемлестирилип, бул тармақлардағы кәрханаларды жайластырыў бойынша көрсетпе берилди. Атап айтқанда, имаратлар аралас гезлеме ҳәм бояў ханаға бейимлесип қурылады, сырт елли ҳәм жергиликли бирге ислесиўшилерге қолайлы шәртлерде таяр ҳалда тапсырылады. Бул бир жылда толық қайта ислеў системасына өтип, экспортты еки есеге арттырыўға түртки береди.

Россияның Нижегород ўәлаяты ҳәм Пенза қаласында Бухара ўәлаятының базарлары қурылады.

Ирригация мәселелерине тоқталып, ўәлаятта суў жеткериў қәрежетиниң 87 проценти электр энергиясына туўра келип атырғаны атап өтилди. Насослар энергияны үнемлейтуғынына алмастырылса, жылына кеминде 400 миллиард сумды үнемлеў мүмкин екени айтылды.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилис Ғиждуван районында болып атырғанына итибар қаратып, ғиждуванлылардың исбилерменлигин атап өтти. Кейинги жылларда район санааты 2 есеге өсип, 2 триллион сумнан артқан. Усы ўақытта 2 мыңнан аслам жаңа исбилермен жумыс баслаған. Бул пәтти даўам еттирген ҳалда исбилерменлерди экспортқа бағдарлаў, шаңарақлардағы киши ислеп шығарыўшыларды «саядан» шығарыў, жасларға кәсип үйретиў, заманагөй емлеўхана қурыў ўазыйпалары белгиленди.

Ғиждуванлы исбилерменлер 10-11-класс оқыўшылары ҳәм колледж студентлерине сабақтан кейин кәсип үйретип, 2 миллион сумға шекем мийнет ҳақы төлеў, бийпул түслик ҳәм тегин автобус пенен тәмийинлеў усынысын билдирген. Президент бул усынысты мақуллап, ийгиликли тәжирийбеге айландырыў кереклигин атап өтти. Улыўма етип айтқанда, Ғиждуванның өзинде 25 мың жумыс орны, қосымша 50 миллион доллар муғдарында экспорт имканиятының бар екени көрсетип өтилди.

Мәжилисте ҳәкимлер ҳәм сектор басшыларының мәлимлемеси, исбилерменлердиң усыныслары тыңланды.

Буннан кейин Президент Шавкат Мирзиёев «Ғиждуван жипек талшығы» кәрханасының жумысы менен танысты.

Мәмлекетимиз жипек санаатында да кластер системасы енгизилди. Соның ишинде, 74 пилле-жипекшилик кластери ҳәм 11 туқымгершилик кәрханасы шөлкемлестирилди. Тут майданлары 40 мың гектардан 55 мың гектарға кеңейди. Булардың нәтийжесинде пилле жетистириў көлеми 2,5 есеге, жипек өниминиң экспорты 3 есеге көбейди.

«Ғиждуван жипек талшығы»нда кластер системасы жолға қойылып, жылына 48 тонна шийки жипек ҳәм 28 тонна жипек мамығын ислеп шығарыў қуўатлылығы жаратылған. Оған Ғиждуван ҳәм Шофиркон районлары бириктирилген болып, от-жем базасы ушын өткен жылы 2 миллион 300 мың түп тут нәллери отырғызылған. Еки районда 28 мың халық жумыс пенен тәмийинленген.

Кәрханада пилле шийки заты толық қайта исленеди. Усы жылы еки рет өним алынып, 842 тонна пилле шийки заты жетистирилди. Бул 104 миллиард сум муғдарында өним ислеп шығарыў ҳәм 4 миллион доллардан аслам экспорт етиў имканиятын береди.

Мәмлекетимиз басшысы наўқан қуртханасын ҳәм өнимди көзден өткерди. Пилле генетикасын раўажландырып, сапа категориясын арттырыў, кластерлердиң жумысына илимди алып кириў зәрүр екенин атап өтти. Үлгили кластерлерде басқа да пиллекешлерди оқытып, алдынғы технологияларды ғалаба ен жайдырыў бойынша көрсетпе берилди.

Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Бухара ўәлаятына сапары жуўмақланды.

ӨзА