Ҳәзирги ўақытлары республикамыздың барлық аймақларында егилген бийдай атызлары бир тегис раўажланып, толық писиўге шамаласты. Сонлықтан, елимиздиң барлық орынларында усы жетистирилген зүрәәтти тез күнлерде сепситпей орып-жыйнап алыў ислерине пуқта таярлықлар көрилип, комбайнлардың ғәлле орымы мәўсимине таярлығын көзден өткериўге бағышланған көргизбели семинарлар өткерилмекте.

Усындай семинарлардың бири Қараөзек районында болып өтип, оған Республикадан бириктирилген  жумысшы топар ағзалары, райондағы сектор басшылары ҳəм аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери қатнасты.

Онда район ҳәкими Узақберген Утамбетов ҳәм тийисли тараўлардың жуўапкер хызметкерлери, семинар қатнасыўшыларына быйылғы бийдай зүрәәтлерин  қысқа мүддетлерде  жыйнап алыў бойынша алда турған ўазыйпалар туўралы кең түрде айтып өтти ҳәм  ғәлле орағына қатнасатуғын техникалардың сазлығы тексерилип, әмелдеги тәртип-қағыйдалар түсиндирилди.

Соны айтып өтиўимиз керек, Қараөзек районы бойынша быйылғы  жылы бийдай орағына 12 дана заманагөй комбайнлардың қатнасыўы белгиленген болып, олар бүгинги күни техникалық жақтан толық таяр ҳалатқа келтирилген.

Көргизбели семинарда механизаторларға күнделикли пайдаланыў ушын зәрүр болған азық-аўқат өнимлери тапсырылды

Қарақалпақстан хабар агентлиги