Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
«Өзбекстан – 2030» стратегиясында белгиленген мақсетлерге ерисиў жолында кең көлемли структуралық реформаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў ушын сырт елли экспертлер жәрдеминиң муўапықлығын ҳәм тәсиршеңлигин тәмийинлеў мақсетинде:
- Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер структуралық реформаларды нәтийжели әмелге асырыў ушын маман сырт елли консультант ҳәм экспертлерди, соның ишинде, халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметиниң қаржы шөлкемлерин ҳәм консалтинг компанияларын (кейинги орынларда – сырт елли консультант ҳәм экспертлер) өз қаржылары ямаса бюджет қаржылары есабынан тартыў ҳуқықына ийе екени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер (кейинги орынларда – буйыртпашы шөлкем) тәрепинен сырт елли консультант ҳәм экспертлерди тартыў процесин муўапықластырыўшы уйым етип Стратегиялық реформалар агентлиги белгиленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:
а) сырт елли консультант ҳәм экспертлер олар менен буйыртпашы шөлкем ҳәм Стратегиялық реформалар агентлиги арасында дүзилетуғын үш тәреплеме шәртнама тийкарында тартылады. Онда:
сырт елли консультант ҳәм экспертлер менен шәртнама бир жылға шекемги мүддетке дүзиледи ҳәм бул мүддет кейин ала созылыўы мүмкин;
шәртнамада сырт елли консультант ҳәм экспертлер тәрепинен әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпалар (техникалық тапсырма тәризинде) ҳәм ерисилетуғын индивидуал мақсетли көрсеткишлер (KPI) сәўлелендириледи;
буйыртпашы шөлкем ҳәр айда сырт елли консультант ҳәм экспертлер тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳәм көрсетилген хызметлер ҳаққында акт дүзеди. Онда сырт елли консультант ҳәм экспертлер тәрепинен жәми әмелге асырылған жумыслар ҳәм көрсетилген хызметлер ҳаққында жуўмақлаўшы актке Стратегиялық реформалар агентлиги менен келисилген ҳалда қол қойылады;
б) сырт елли консультант ҳәм экспертлер төмендеги тийкарғы талапларға муўапық болыўы керек:
экономика, социаллық тараў ҳәм басқа да әҳмийетке ийе болған бағдарларды реформалаў бойынша билим, маманлық ҳәм зәрүр көнликпелерге ийе болыўы;
абырайлы халықаралық шөлкемлер ямаса сырт мәмлекетлердиң алдынғы кәрхана ҳәм шөлкемлеринде жумыс тәжирийбесине ийе болыўы;
шет тиллерин (инглис, рус ҳәм басқалар) зәрүр дәрежеде билиўи.
Онда буйыртпашы шөлкем тәрепинен сырт елли консультант ҳәм экспертлерге байланыслы қосымша талаплар белгилениўи мүмкин;
в) буйыртпашы шөлкем тәрепинен сырт елли консультант ҳәм экспертлерди тартыў нызамшылықта белгиленген сатып алыў тәртип-қағыйдаларына муўапық әмелге асырылады, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 4-марттағы «Өзбекстан – 2030» стратегиясында белгиленген тийкарғы бағдарлар бойынша реформаларды әмелге асырыўдың 2024-жылдағы тийкарғы илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-109-санлы қарарында белгиленген илажлар режесин әмелге асырыўға тартылып атырған сырт елли консультант ҳәм экспертлер буған кирмейди;
г) сырт елли консультант ҳәм экспертлер тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳәм көрсетилген хызметлер ҳәр айда буйыртпашы шөлкем тәрепинен ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар ҳәм өзиниң рәсмий веб-сайтында сәўлелендирип барылады, олардың қатнасыўында ағымдағы мәселелерди додалаў ҳәм шешиўдиң оптимал жолларын анықлаў ушын турақлы түрде ушырасыўлар шөлкемлестириледи ҳәм тийисли усыныслар таярланады;
д) сырт елли консультант ҳәм экспертлерди мәмлекетлик пуқаралық хызмет лаўазымларына тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў мәмлекетлик пуқаралық хызмет ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық әмелге асырылады.
- Стратегиялық реформалар агентлиги (Б.Рахматов):
Есап палатасы (А.Бобоев) менен биргеликте бир ай мүддетте мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен сырт елли консультант ҳәм экспертлер арасында дүзилген шәртнамаларды қайта көрип шықсын, оларды усы қарар талапларына тийкарланып өзгертиў (бийкарлаў) бойынша усыныс киргизсин;
Санлы технологиялар министрлиги (Ш.Шерматов) менен биргеликте 2024-жыл 1-июльға шекем сырт елли консультант ҳәм экспертлердиң бирден-бир электрон реестрин қәлиплестирсин ҳәм оның турақлы түрде жаңаланып барылыўын тәмийинлесин;
еки ҳәпте мүддетте сырт елли консультант ҳәм экспертлер менен жаңа тәртипте дүзилетуғын шәртнаманың үлгисин ислеп шықсын ҳәм министрликлер ҳәм уйымларға усынсын;
бул қарар талаплары бойынша министрликлер ҳәм уйымларға турақлы түрде түсиндириў жумысларын алып барсын.
- Структуралық реформаларды нәтийжели әмелге асырыў ушын сырт елли консультант ҳәм экспертлерди тартыў тәртиби ҳаққындағы реже қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Онда халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметиниң қаржы шөлкемлери қатнасыўындағы жойбарларды әмелге асырыў ушын сырт елли консультант ҳәм экспертлерди тартыў тийисли шөлкемлердиң қағыйда ҳәм талапларына муўапық әмелге асырылады.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жыл 29-май