2024-2025-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары ҳәм профессионал билимлендириў орынларына (кәсип-өнер мектеби буннан тысқары) қабыл етиў бойынша имтиханлар «алдын тест, кейин таңлаў» принципине муўапық бир ўақытта өткериледи.
Онда абитуриентлер өзиниң таңлаўы бойынша тест сынағы нәтийжесинде топлаған балынан келип шығып, дәслеп жоқары билимлендириўдиң бакалавриат билимлендириў бағдарларына, кейин профессионал билимлендириў орынларына оқыўға кириў ушын таңлаўда қатнасады.
Жоқары ҳәм профессионал билимлендириў орынларына оқыўға қабыл етиў бойынша кириў имтиханлары июль-август айларында өткериледи.
Мәмлекетлик жоқары билимлендириў орынлары бакалавриатына қабыллаў процеси төмендеги 2 басқышта әмелге асырылады:
1-басқышта абитуриентлер ҳәр жылы 5-июньнан 25-июньға шекем тест сынағы тапсырыў ушын дизимнен өтеди ҳәм тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер блоги, билимлендириў тили ҳәм тест тапсырыў аймағын, кириў имтиханлары қурамында дөретиўшилик имтихан болса, усы имтиханды тапсыратуғын мәмлекетлик ЖООны таңлайды.
2-басқышта абитуриентлер тест сынақлары толық жуўмақланғаннан кейин 15 күн даўамында жоқары билимлендириў орны, бакалавриат билимлендириў бағдары ҳәм билимлендириў түрин таңлайды.
Колледж ҳәм техникумларда оқыўды қәлеўши абитуриентлер колледж ҳәм (яки) техникумды, кәсип ҳәм қәнигеликти ҳәм билимлендириў түрин ЖООларға қабыллаўдың жуўмақлаўшы нәтийжеси жәрияланғаннан кейин 10 күн мүддетте таңлайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги