Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстанның бай тәбийғый, мәдений ҳәм тарийхый мийрасының қолда бар ресурсларынан ҳәм имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды енгизиў инвестицияларды тартыў туризм тараўын буннан былай да раўажландырыў ушын қолайлы экономикалық және шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый шараятларды жаратыўға хызмет етти.
Соның менен бирге, туризм басқышпа-басқыш елимиз экономикасының стратегиялық тармағына айланып атырғанын есапқа алған ҳалда регионлардың потенциалын туризм тараўына толық тартыўды, хызметлер тараўын раўажландырыўды, Уллы жипек жолында туризм бағдарының тартымлы орайы сыпатында республиканың унамлы келбетин қәлиплестириўди тәмийинлейтуғын, жоқары қәнигели ҳәм жәҳән туризм индустриясы базарында бәсекиге шыдамлы кадрларды таярлаўға объектив зәрүрлик жүзеге келмекте.
Халықаралық туризм тараўында профессионал кадрлар таярлаў системасын шөлкемлестириў және илимий-изертлеў ҳәм дөретиўшилик жумысларын алып барыў бойынша республиканың басламаларын әмелий жүзеге шығарыў, Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң тарийхый ҳәм мәдений гуманитарлық байланысларын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде;
- Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлигиниң Самарқанд қаласында «Жипек жолы» туризм халықаралық университетин (кейинги орынларда Университет деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Төмендегилер Университет жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
заманагөй инновациялық ҳәм илимий-педагогикалық технологияларды, илим ҳәм техниканың ең алдынғы жетискенликлерин қоллана отырып, туризм тараўында жоқары қәнигели профессионал кадрларды миллий ҳәм халықаралық билимлендириў стандартларына муўапық сапалы таярлаўды тәмийинлеў;
билимлендириўдиң тийисли бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша оқыў-методикалық әдебиятларды жаратыў, жас студентлерди ҳәм қәнигелерди тартқан ҳалда фундаменталь ҳәм әмелий илимий изертлеўлер алып барыў, туризм тараўында билимлендириў системасына жетекши сырт ел билимлендириў мәкемелериниң тәжирийбесин енгизиў;
туризм тараўында кадрлар таярлаў системасын жетилистириўге ҳәм модернизациялаўға қаратылған жаңа билимлендириў бағдарламаларын және оқытыўдың инновациялық түрлерин ислеп шығыў ҳәм енгизиў;
перспективалы жас питкериўшилерди сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелерине ҳәм илимий-изертлеў орайларына магистратурада және докторантурада оқыўға турақлы түрде жибериў арқалы Университетиң илимий-педагогикалық потенциалын арттырыў, педагогикалық технологияларды ҳәм оқытыў усылларын жедел жетилистириў;
билимлендириў ҳәм илимий жумыстың өндирислик жумыс пенен өз-ара интеграцияласыўы ушын шараятлар жаратыў;
туризм тараўы субъектлериниң қәнигелерин қайта таярлаўды ҳәм олардың маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў;
туристлик жумысты ҳәм туризм тараўында жолаўшыларды тасыў жумысын әмелге асырыў;
жетекши республикалық ҳәм сырт ел билимлендириў мәкемелери және илимий-изертлеў орайлары менен бирге ислесиўди, соның ишинде, олардың қәнигелерин және экспертлерин оқытыў ҳәм илимий-изертлеўлер өткериў процесслерине тартыў арқалы раўажландырыў, туризм тараўындағы әҳмийетли мәселелерди додалаў бойынша халықаралық илимий-әмелий конференциялар, семинарлар ҳәм симпозиумлар шөлкемлестириў.
- Университет жоқары билимлендириў мәкемеси – юридикалық шахс түриндеги Өзбекстан Республикасы резиденциясы есапланатуғыны, айрықша мүлкке, бийғәрез балансқа ийе, өз миннетлемелери бойынша қарамағындағы пул қаржылары ҳәм мүлк пенен жуўап беретуғыны;
Университетте оқыў-методикалық басшылық ҳәм билимлендириў процесин жүргизиў алдынғы инновациялық ҳәмде илимий-педагогикалық технологиялардан пайдаланған ҳалда Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен тәмийинленетуғыны;
Университет Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң шөлкемлестириў структурасына киретуғыны;
Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы соның менен бир ўақытта Университеттиң бас менеджери есапланатуғыны;
Университеттиң ректоры Университет профессор-оқытыўшыларының қурамы толық қәлиплестирилгенге шекем Университеттиң Қәўендерлик кеңеси тәрепинен сайланатуғыны, кейин ала Университеттиң уставында белгиленетуғын тәртипте профессор-оқытыўшылардың қурамы тәрепинен жасырын даўыс бериў арқалы сайланатуғыны;
Университетте 2019/2020-оқыў жылынан баслап халықаралық туризм тараўында қадрлар таярлаў бойынша оқытыўдың кредит системасы қолланылатуғыны;
Университетте оқыў өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде алып барылатуғыны, бакалавриатта Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик билимлендириў стандартлары талапларын есапқа алған ҳалда еки шет тили:
бириншиси – инглис (француз, немис) тили, екиншиси – Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң рәсмий тиллеринен (рус-қытай) бири оқытылатуғыны;
Университет питкериўшилерине Өзбекстан Республикасында жоқары билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжет деп тән алынатуғыны, белгиленген үлгидеги диплом берилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер:
«Жипек жолы» туризм халықаралық университетиниң структурасы 1-қосымшаға муўапық;
«Жипек жолы» туризм халықаралық университетиниң жумысын шөлкемлестириў бойынша биринши гезектеги илажлар бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық;
«Жипек жолы» туризм халықаралық университети Қәўендерлик кеңесиниң қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Университеттиң Қәўендерлик кеңесине Университет структурасына өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Университеттиң Қәўендерлик кеңеси төмендеги бағдарлар бойынша Университеттиң раўажланыўына жәрдемлесетуғын жәмийетлик басқарыўының жоқары уйымы етип белгиленсин:
туризм тараўында жоқары билимлендириўди раўажландырыўға көмеклесетуғын жаңа түрлерди, бағдарламаларды ҳәм перспективалы басламаларды қоллап-қуўатлаў, туризм тараўындағы субъектлердиң жумысына илимий исленбелердиң нәтийжелерин кеңнен енгизиў;
пикериўшилерди жумысқа орналастырыў бойынша мәмлекетлик, жәмийетлик ҳәм бизнес структуралар менен еле де нәтийжели бирге ислесиў;
бирге ислесиў ҳаққындағы шериклик келисимлерин дүзиў әмелиятын раўажландырыў ҳәм оларды әмелге асырыў;
билимлендириў ҳәм илим тараўында халықаралық бирге ислесиў орнатыў;
Университет педагогларының ҳәм басқа да хызметкерлериниң мийнет шараятларын және олардың социаллық тәмийинатын жақсылаў;
Университетке қаржылай жәрдем көрсетиўди шөлкемлестириў, оның жумысын тәмийинлеў ҳәм раўажландырыў ушын бюджеттен тыс қаржыларды, қайырқомлық қәўендерликлерин ҳәм басқа да дәреклерди тартыўға көмеклесиў.
- Университеттиң Қәўендерлик кеңеси:
мәпдар министрликлер менен ведомстволардың Университеттиң жумысын шөлкемлестириў бойынша иси муўапықластырылыўын, оқыў комплекси таярланыўын ҳәм 2018-жыл 1-октябрьден оқыў процесси басланыўын;
Университетке ажыратылып атырған имаратларды оңлаў-тиклеў жумысларын әмелге асырыў ушын зәрүр қаржылай қәрежетлер жумсалыўын, бул имаратлардың заманагөй оқыў ҳәм лаборатория үскенелери инвентарь, компьютер ҳәм басқа да шөлкемлестириўшилик техникалар, китапхана фонды менен үскенелениўин;
Университете оқыў процесин шөлкемлестириў ушын қәнигели профессор-оқытыўшылар, соның ишинде, шет елден оқытыўшылар, илимпазлар ҳәм қәнигелер тартылыўын тәмийинлесин.
- 2018/2019 оқыў жылында Университет бакалавриатына қабыллаў квотасы 4-қосымшаға муўапық билимлендириў бағдарлары бойынша нызам ҳүжжетлерине муўапық арттырылған контракт ставкалары бойынша қосымша қабыллаў имканияты менен, 125 адам, соның ишинде, мәмлекетлик грантлар бойынша 42 адам етип белгиленсин.
- а) 2018/2019 оқыў жылында Университетке абитуриентлерди қабыллаў Өзбекстан Республикасы Билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен белгиленетуғын тәртипте әмелге асырылатуғыны;
б) абитуриентлерди, сырт ел пуқаралары буған кирмейди, Университеттиң бакалавриатына қабыллаў тест сынақларын өткериў арқалы әмелге асырылатуғыны;
в) сырт ел пуқаралары Университеттиң бакалавриатына белгиленген қабыллаў квотасынан тыс сәўбетлесиў арқалы төлемли- контракт тийкарында қабылланатуғыны;
г) Университетке студентлерди бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша қабыллаў квтоталарының саны туризм тараўында мийнет ресурсларына болған талап прогнозынан ҳәм Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң мақсетли буйыртпаларынан келип шыққан ҳалда, Университеттиң қәўендерлик кеңеси тәрепинен белгиленетуғыны;
алдынғы, тән алынған халықаралық имтихан системалары (TOEFL, IELTS, CEFR, SAT General, SAT Subject ҳәм басқалар) сертификатларына ийе болған абитуриентлерге тийисли пәнлерден белгиленген тәртипте ең жоқары балл берилетуғыны ҳәм келешекте олар усы пәнлер бойынша тест сынақларынан азат етилетуғыны;
Cамарқанд экономика ҳәм сервис инситутутының «Мийманхана хожалығын шөлкемлестириў ҳәм басқарыў» және «Туризм (хызмет бағдарлары бойынша)» билимлендириў бағдарлары бойынша бакалавриатқа ҳәм магистратураға қабыллаў жуўмақланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Университеттиң Қәўендерлик кеңеси үш ай мүддетте:
2019/2020-оқыў жылынан Университеттиң бакалавриатына ҳәм магистратурасына абитуриентлерди, сондай-ақ, усы қарар менен белгиленип атырған талапларды есапқа алған ҳалда шет ел пуқараларын қабыллаў тәртиби ҳаққындағы режени;
Университетте халықаралық туризм тараўында кадрлар таярлаў бойынша оқытыўдың кредит системасы ҳаққындағы режени тастыйықласын.
- Төмендегилер Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Мәденият министрлиги, Университетте кадрлар таярлаў бойынша буйыртпашылардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
туризм тараўында жоқары қәнигели кадрларға болған талапты республика аймақлары кесиминде анықлаў;
студентлердиң туристлик инфраструктура ҳәм көргизбе объектлери және комплекслеринде, соның ишинде, мәдений мийрас объектлеринде, қорғалатуғын тәбийғый аймақларда, музейлерде, мийманханаларда ҳәм басқа да орналастырыў қуралларында әмелияттан өтиўин шөлкемлестириў және оның «устаз-шәкирт» усылында өткерилиўин тәмийинлеў;
туристлик инфраструктура ҳәм көргизбе объектлери және комплекслери мәдений мийрас объектлеринде, қорғалатуғын тәбийғый аймақларда, музейлерде, мийманханаларда ҳәм басқа да орналастырыў қуралларында әмелияттан өтиў ушын қәнигелик базаларын усыныў.
Кадрлар буйыртпашылары, студентлер ушын Университетти тамамлағаннан кейин 5 жыл даўамында кадрлар буйыртпашысы тәрепинен белгиленген шөлкемлерде мийнет етиўин әмелге асырыў миннетлемелерин орнатқан ҳалда, олар ҳәм студентлер арасында шәртнама дүзиў арқалы студентлер контрактының базалық нырқы төлемин әмелге асырыў ҳуқықына ийе екени нәзерде тутылсын.
- Университетке төмендеги ҳуқықлар берилсин:
Бийкар етиў тәризинде, алдынғы тәжирийбени ҳәм оқыў процесиниң әмелият пенен интеграциясын есапқа алып билимлендириў стандартлары, қәнигелик талаплары, оқыў режелери ҳәм оқыў бағдарламалары, сондай-ақ, студентлердиң билимлерин баҳалаў системасын еркин түрде ислеп шығыў ҳәм Университеттиң Қәўендерлик кеңеси менен келисе отырып тастыйықлаў;
профессор-оқытыўшылар қурамының жумыс түрлери бойынша ўақыт өлшемлерин белгилеў;
Университеттиң билимлендириў бағдарлары бойынша педагог кадрларды, сондай-ақ, туризм тараўы субъектлери қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў режелери менен бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм олардың әмелге асырылыўын тәмийинлеў;
туризм тараўында кадрларға болған зәрүрликтен келип шығып, Университет Қәўендерлик кеңеси менен келисе отырып жаңа перспективалы оқыў бағдарларын ҳәм қәнигеликлерин ашыў;
бакалавриат, магистратура ҳәм жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириў бағдарлары бойынша жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен қосымша билимлендириў бағдарламаларын енгизиў;
Университеттиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелерин шәртнама тийкарында тартыў, хызметкерлерди материаллық хошаметлеў ушын бюджеттен тыс (соның ишинде, төлемли-контракт тийкарында билимлендириўден түсип атырған) қаржыларды олардан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў шәрти менен белгиленген тәртипте ийелик етиў;
Университеттиң жумыс бағдарламалары бойынша шәртнама тийкарында экспертлик-таллаў хызметлерин көрсетиў, бул ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый ҳәм инновациялық-структураларды шөлкемлестириў.
- Университет ушын күндизги билимлендириў түри бойынша оқытыўшыға студентлер санының қатнас нормативи 1:8,0 етип белгиленетуғыны;
Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссия менен келисе отырып, Университетке сыртқы ҳәм ишки бөлимлерде билим алыў ушын абитуриентлер қабыллаў мүмкин екени;
бюджет қаржыларының есабынан профессор-оқытыўшылар қурамына ҳәр ай лаўазымлық айлығының 100 процент муғдарында, туризм тараўы бойынша халықаралық көлемде тән алынған сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң дипломына ийе болған ҳәм Университеттиң оқыў процесине толық ставкада тартылған оқытыўшыларға – 150 процент муғдарында үстеме төленетуғыны;
Университет ректорына бюджеттен тысқары қаржылардың есабынан Университет хызметкерлерине олардың жумыс көлемин ҳәм нәтийжелилигин есапқа алған ҳалда лаўазымлық айлығының 100 процентине шекемги муғдарда қосымша айлық үстеме белгилеў ҳуқықы берилетуғыны;
туристлик инфраструктура ҳәм көргизбе объектлери және комплекслери, соның ишинде, мәдений мийрас объектлери, қорғалатуғын тәбийғый аймақлар, музейлер, мийманханалар ҳәм басқа да орналастырыў қуралларынан Университет студентлериниң ҳәм илимий хызметкерлериниң әмелияттан өтиў орынлары сыпатында пайдаланыў усыныс етилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети:
а) бир ай мүддетте Университеттиң шөлкемлестириў ҳүжжетлери ислеп шығылыўын, келисилген және оның белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин;
б) Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2018-жыл 15-сентябрьге шекемги мүддетте:
Тастыйықланған структураға муўапық Университеттиң бөлимлери, факультетлери ҳәм кафедралары қәлиплестирилиўин, оның билимлендириў системасында ҳәм билимлендириў тараўында заманагөй билимлерге, сондай-ақ, әмелий жумыс тәжирийбесине ийе жоқары маманлықтағы қәнигелер, соның ишинде, сырт еллердиң қәнигелери менен толықтырылыўын, оқытыўшылар менен қәнигелердиң профессионал көнликпелерин ҳәм билим дәрежелерин үзиликсиз арттырыў ушын шараятлар жаратылыўын;
зәрүр оқыў режелери ҳәм оқыў бағдарламалары, оқыў-методикалық материаллар ҳәм қолланбалар ислеп шығылыўын және кафедраларға берилиўин тәмийинлесин.
- Университет структурасында:
Туризм тараўында инновациялар орайы шөлкемлестирилсин, оған туризмди раўажландырыўдың әҳмийетли машқалаларын үйрениў ҳәм изертлеў, сондай-ақ, оларды шешиўдиң инновациялық жолларын ислеп шығыў, туризм тараўында стартапларды қоллап-қуўатлаўдың толық циклин шөлкемлестириў бойынша жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў ўазыйпалары жүкленсин;
Туризм тараўында информациялық технологиялар орайы шөлкемлестирилсин бул орай санлы туризмди раўажландырыўға жәрдемлесиў ҳәм бул бағдарда заманагөй программалық тәмийинатты ислеп шығыў ушын жуўапкер есапланады.
- Төмендегилер Университеттиң жумысын қаржыландырыўдың дәреклери етип белгиленсин:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары;
Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары;
төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар;
хожалық жумысы бойынша ҳәм шәртнама тийкарында көрсетилген хызметлерден түсимлер;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлық қаржылары;
халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары;
сырт еллердиң, сондай-ақ, Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң мақсетли қаржылары, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
2018-жылы Университетти сақлап турыў ушын бюджет қаржылар социаллық тараў ушын нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде ажыратылады, 2019-жылдан баслап болса, белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджетиниң қәрежетлер параметринде нәзерде тутылады.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Университетке 4 автотранспорт қуралы, соның ишинде, 2 хызмет, 1 нәўбетши ҳәм 1 туризм категориясына тийисли автобусты сақлаў ушын лимит ажыратсын.
- Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң:
Самарқанд қаласы, Университет проспекти, 17-жай мәнзилинде жайласқан Самарқанд мәмлекетлик шет тиллер институты академиялық лицейиниң иамартларын ҳәм объектлерин тутас аймағы менен биргеликте Университетке оператив ҳуқықы менен бийғәрез бериў;
Самарқанд қаласы, Мустақиллик көшеси, 57-жай мәнзилинде жайласқан Самарқанд қурылыс ҳәм миллий өнерментшилик кәсип-өнер колледжиниң имарат ҳәм объектлерин тутас аймағы менен бирге Самарқанд мәмлекетлик шет тиллер институты академиялық лицейине оператив басқарыў ҳуқықы менен бийғәрез бериў;
Самарқанд қурылыс ҳәм миллий өнерментшилик кәсип-өнер колледжине 2018/2019 оқыў жылынан баслап қабыллаў тоқтатылғанын есапқа алып, Самарқанд қурылыс ҳәм миллий өнерментшилик кәсип-өнер колледжин Сиёб қурылыс ҳәм миллий өнерментшилик кәсип-өнер колледжи менен бириктириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги 2018-жыл 15-сентябрьге шекемги мүддетте биринши басқышта Университеттеги зәрүр жумыслардың төмендеги қаржылардың есабынан әмелге асырылатуғынын тәмийинлесин:
Университеттиң имаратларын ҳәм оңлаў-тиклеў жумысларын – Самарқанд ўәлаяты жергиликли бюджети қаржылары;
Университетти компьютер ҳәм басқа да шөлкемлестириў техника, соның ишинде, аралықтан ҳәм онлайн оқытыўды шөлкемлестириў ушын зәрүр болған оқыў техника қураллары, туризм мәселелери бойынша оқыў әдебиятлары ҳәм китапхана қоры менен тәмийинлеўди – Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары;
Университетти мебель (парталар, столлар, стуллер ҳәм басқалар), мебель инвентарь, заманагөй лаборатория үскенелери, сондай-ақ, оқыў әдебиятлары ҳәм китапхана қоры менен тәмийинлеўди – Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанындағы Жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қорының қаржылары.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети:
Университетиң жумысын қоллап-қуўатлаў ушын халықаралық қаржы институтлары, донорлар ҳәм басқа да сырт ел шөлкемлериниң қаржыларын тартыў бойынша комплексли илажлар көрсин;
мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң тийкарланған есап-санақларына бола 2019-жылы ҳәм кейинги жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың мәмлекетлик бағдарламаларын қәлиплестириўде Университеттиң имаратларын ҳәм объектлерин реконструкциялаў, тутас аймақларды абаданластырыў ушын зәрүр қаржыларды ажыратыўды нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Сыртқы ислер министрлиги Университет профессор-оқытыўшыларының ҳәм илимий хызметкерлериниң сырт ел туризм компаниялары, мийманханалары ҳәм басқа да орналасыў қуралы жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий орайларында маманлығын арттырыўын, соның ишинде, қәбилетли қәнигелер усы мәкемелердиң магистратурасына ҳәм докторантурасына оқыўға жиберилиўин, сондай-ақ, жоқары қәнигели сырт ел оқытыўшылар, илимпазлар ҳәм қәнигелерди Университет билимлендириў процесине кеңнен тартылыўын шөлкемлестирсин.
Усы бәнтте нәзерде тутылған қәрежетлерди қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен диалог орайының бул мақсетлер ушын нәзерде тутылған қаржылары, сондай-ақ, Университеттиң бюджеттен тысқары қаржыларының есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Университетиниң буйыртпалары бойынша белгиленген тәртипте:
усы қарарды әмелге асырыў шеңберинде Университетке тартылатуғын сырт ел оқытыўшылары, илимпазлар ҳәм қәнигелер және олардың шаңарақ ағзаларына кириў визалары консульлық ҳәм басқа да жыйымлар өндирилмеген ҳалда рәсмийлестирилиўин.
Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлерден болған студентлерге олардың Университетте пүкил билим алыў дәўирине узақ мүддетли көп мәртелик кириў визалары рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Университет буйыртпаларына муўапық Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлерден болған студентлерге, Университетте ислеў ушын тартылатуғын сырт ел оқытыўшылары, илимпазлар ҳәм қәнигелерге мәмлекетлик бажылар төлеўден азат етилген ҳалда көп мәртелик визалар берилиўин ҳәм создырылыўын, сондай-ақ, ўақытша дизимнен өткерилиўин және ўақытша дизимнен өткериў мүддетти создырылыўын белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Университеттиң буйыртпаларына муўапық Университетке жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын сырт елден оқытыўшыларды, илимпазларды ҳәм қәнигелерди республикаға тартыўға рухсатнамалар берилиўи (мүддетти создырылыўы)н, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет етиў ҳуқықына тастыйықнамалар берилиўин тәмийинлесин.
- Университет 2021-жыл 1-январьға шекемги мүддетте Университетти үскенелеў ҳәм оның жумысын тәмийинлеў ушын белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизим бойынша алып кирилетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын заманагөй оқыў ҳәм илимий лаборатория үскенелери, компьютер техникасы, бағдарламалық өнимлер, оқыў ҳәм илимий-методикалық әдебиятлар, инвентарь ҳәм материаллық-техникалық ресурслар бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестирилиўи жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
- Университет:
нызамлар, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм бийликлери, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Жоқарғы суд, Бас прокуратура, Әдиллик министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Мәмлекетлик салық комитети, басқа да тараўлық министрликлер ҳәм ведомстволар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери мәжбүрий (бир нусқада) жиберилетуғын шөлкемлердиң дизимине;
баспа ҳәм китап өнимлери (ҳуқықый, жәмийетлик-сиясий ҳәм экономикалық басылымлар) ниң бийпул нусқаларын (бир нусқада) алатуғын шөлкемлердиң дизимине;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети, сондай-ақ, басқа да министрликлер менен ведомстволардың статистикалық мәлимлемелери мәжбүрий жиберилетуғын дизимге киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.С.Қасимовқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Б.Н.Умаровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 28-июнь