Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Жоқары ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлеринде төлемли-контракт тийкарында оқып атырған студент ҳәм оқыўшыларды қаржылай қоллап-қуўатлаў ушын ажыратылып атырған Мәмлекетлик бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде:
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң 2024-2025-оқыў жылынан баслап Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Тәлим кредитин қаржыландырыў қоры қаржылары есабынан жоқары ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлериниң студент ҳәм оқыўшыларына тәлим кредитлерин (кейинги орынларда – тәлим кредити) ажыратыўдың төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртибин енгизиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин:
а) жоқары ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлеринде билим алыў ушын тәлим кредитин тек ғана күндизги билмлендириў түринде оқып атырған студент ҳәм оқыўшыларға ажыратыў;
б) тәлим кредитин:
жоқары билимлендириў шөлкемлериниң биринши басқыш студентлери ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлериниң оқыўшылары ушын төлемли-контракт суммасы муғдарында;
жоқары билимлендириў шөлкемлериниң екинши ҳәм оннан жоқары курс студентлери ушын пәнлерди өзлестириўдиң орташа көрсеткиши “3” тен төмен болған жағдайда төлемли-контракт суммасының көби менен 80 проценти муғдарында ажыратыў (“Социаллық қорғаўдың бирден-бир ресстри” не киргизилген шаңарақлардың перзентлеринен тысқары).
- а) тәлим кредити:
жоқары билимлендириў шөлкемлериниң студентлери ушын – студентлер ҳаққындағы мағлыўматлар Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң “Студентлерге шәртнама тийкарында көрсетилетуғын хызметлер есабын жүргизиў” (kontrakt.edu.uz) мәлимлеме системасы ҳәм “Жоқары билмилендириў процесслерин басқарыў” (HEMIS) мәлимлеме системасында бар болғанда;
профессионал билимлендириў шөлкемлериниң оқыўшылары ушын – оқыўшылар ҳаққындағы мағлыўматлар Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң “Профессионал билимлендириў процесслерин басқарыў” (prof.edu.uz) мәлимлеме системасында бар болғанда ажыратылатуғыны;
б) өзиниң дәстүрий тәмийнатына ийе болған жоқары ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлериниң тәлим кредитин алыў ушын Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң тийисли мәлимлеме системаларына өз мәлимлеме системасын интеграциялаўы яки олардан пайдаланыўы мәжбүрий болып есапланатуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер:
а) Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги 2024-жыл 1-июльға шекем шөлкемлестириў-ҳуқықый түри ҳәм уйымлық бойсыныўына қарамастан барлық жоқары ҳәм профессионал билимлендириў шөлкеминиң төлемли-контракт шәртнамасы “kontrakt.edu.uz” ҳәм “prof.edu.uz” мәлимлеме системалары арқалы қәлиплестирилиўин;
б) Экономика ҳәм қаржы министрлиги:
Санлы технологиялар министрлиги Орайлық банк пенен биргеликте 2024-2025-оқыў жылы басланғанға шекем тәлим кредитин алыў ушын арзаларды Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң “Тәлим кредити” мәлимлеме системасы (taʼlim-krediti.mf.uz) ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы табыў имканияты жаратылыўын;
“Тәлим кредити” мәлимлеме системасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң тийисли мәлимлеме системалары менен интеграцияланыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине қосымшаға муўапық өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жыл 27-май