Сырт ел баспасөзи Өзбекстан ҳаққында

Араб қолтығы мәмлекетлериниң бир қатар басылымлары – Баҳрайн мәлимлеме агентлиги (BNA), Қатардың «Ал-Жазира», Египеттиң «Жетинши күн» ҳәм басқа дәреклер Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң елимизге мәмлекетлик сапарына байланыслы ўақыяларды кеңнен сәўлелендирмекте. Бир мақалада Ташкент халықаралық аэропортында РФ баслығын мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев күтип алғаны, жоқары мәртебели мийман ҳүрметине еки мәмлекет байрақлары көтерилгени, қараўыл сап тартқаны атап өтилген.

Автор Россия жетекшиси Ташкент қаласына келгеннен кейин, Президентимиз бенен «Жаңа Өзбекстан» паркине барып, дәстүрге бола, Мустақиллик монументине гүлшеңбер қойғанын жазған.

Еки мәмлекет басшылары сөйлесиўди дәслеп тар шеңберде баслап, кейин рәсмий делегациялардың қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам еттиргени, сәўбет даўамында Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасығын, бәринен бурын, сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўларда және де раўажландырыў мәселелери толық талқыланғанына айрықша әҳмийет қаратылған.

Өзбекстанда Бауман атындағы Москва техника университети ҳәм Пүткилроссия сыртқы саўда академиясы филиалын ашыў бойынша келисимге ерисилгени алғысланған.

Сөйлесиўлер жуўмағында ҳәр бир бағдар бойынша әмелге асырыў механизми нәзерде тутылған «жол карталары»н қабыл етиў бойынша көрсетпе берилгенине итибар қаратылған.

 

Муҳаррама Пирматова, ӨзА