Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Жоқары билимлендириў шөлкемлерине оқыўға қабыллаў бойынша мәмлекетлик буйыртпаны қәлиплестириў ҳәм мәмлекетлик грант ажыратыў механизмлерин жетилистириў, жаслардың сапалы билим алыўы ушын шараятларды жақсылаў, кадрлар таярлаўды экономиканың раўажланып атырған тармақ ҳәм тараўларына мәнзилли бағдарлаў мақсетинде:
- Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде кадрлар таярлаў бойынша мәмлекетлик буйыртпаны қәлиплестириў ҳәм жайластырыў бойынша сондай тәртип орнатылсын, оған бола:
а) 2024-2025-оқыў жылының қабыллаўынан баслап:
мәмлекетлик буйыртпа параметрлерин мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери кесиминде бөлистириў әмелияты бийкар етилип, бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша күндизги билимлендириў түринде тастыйықлаў тәртиби енгизиледи, жоқары әскерий ҳәм әскерийлестирилген билимлендириў мәкемелери буған кирмейди;
мәмлекетлик буйыртпа бойынша квоталар бөлистирилиўинде инженерлик, медицина, анық ҳәм тәбийғый пәнлер билим тараўларына үстинлик бериледи;
мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери ушын орнатылған тәртип ҳәм шәртлер бойынша студентлер қабыллаўын әмелге асыратуғын жоқары билимлендириў шөлкемлерине мәмлекетлик буйыртпаның бөлистирилиўинде қатнасыўға рухсат етиледи. Онда тийисли бакалавриат тәлим бағдары бойынша бир студент ушын ажыратылатуғын қаржы финанслық еркинлик берилген мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде бир студент ушын туўра келетуғын орташа қәрежет муғдарынан артпаған көлемде қаржыландырылады;
мәмлекетлик грант квоталарының жоқары билимлендириў шөлкемлери кесиминде бөлистирилиўи тийисли бакалавриат тәлим бағдары бойынша дизимнен өткен абитуриентлердиң таңлаўы ҳәм топлаған балларына қарап әмелге асырылады;
жоқары билимлендириў шөлкемлериниң материаллық-техникалық базасы, профессор-оқытыўшыларының қурамы ҳәм оқыў-методикалық тәмийнатына муўапық, кейинги оқыў жылы ушын өзиниң қабыллаў параметрлерин қәлиплестиреди ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигине усынады;
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жоқары билимлендириў шөлкемлери қабыллаў параметрлериниң тийкарлылығын үйренеди ҳәм оларды Өзбекстан Республикасы билимлендириў шөлкемлерине қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссияға (кейинги орынларда – Мәмлекетлик комиссия) киргизеди;
Мәмлекетлик комиссия жоқары билимлендириў шөлкемлери, билимлендириў түрлери ҳәм тиллер кесиминде бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша улыўма қабыллаў параметрлерин, жеңилликке ийе абитуриентлер ушын қосымша қабыллаў параметрлерин, мақсетли қабыллаў квоталарын ҳәм магистратура қәнигеликлерине қабыллаў параметрлерин мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контрактқа ажыратқан ҳалда жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм тиллер кесиминде тастыйықлап, Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигине усынады;
б) 2024-2025-оқыў жылынан баслап ҳәр бир тәлим бағдары бойынша жоқары билимлендириў шөлкеминиң улыўма қабыллаў параметрине байланыслы мәмлекетлик грант квотасының үлеси билимлендириў тараўлары (бакалавриат тәлим бағдарлары) кесиминде Мәмлекетлик комиссия тәрепинен тастыйықланады;
в) 2025-жылдан баслап мәмлекетлик буйыртпа параметрлери Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен қәлиплестирилетуғын жоқары мағлыўматлы кадрларға болған талап прогнозына муўапық түрде 4 жыллық дәўир ушын тастыйықланады.
- Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм «Билимлендириў тараўындағы жойбарлар орайы» жойбарлаў офисиниң 2024-2025-оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў шөлкемлери студентлерине мәмлекетлик грантты социаллық-хошаметлеўши грант ҳәм тәлим гранты түринде ажыратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
а) социаллық-хошаметлеўши грант нызамшылықта белгиленген жеңиллик бойынша мәмлекетлик грант тийкарында ҳәм мақсетли қабыллаў шеңберинде студентликке қабыл етилген студентлерге, сондай-ақ, тармақ ҳәм тараўлардың, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң грантларының ийелери ушын ажыратылатуғыны:
б) тәлим гранты мәмлекетлик буйыртпа параметрлери шеңберинде жоқары билимлендириў шөлкемине қабыл етилген студентлер ушын ажыратылады;
в) 2024-2025-оқы жылынан баслап бакалавриат ҳәм магистратураға қабыл етилген студентлерге тәлим гранты бир оқыў жылы ушын ажыратылады. Онда:
тәлим гранты биринши курста жоқары билимлендириў шөлкемлерине ажыратылған мәмлекетлик буйыртпа квотасына муўапық кириў имтиханларында жоқары балл топлаған студентлерге ажыратылатуғыны;
тәлим гранты екинши ҳәм оннан кейинги курсларда жоқары академиялық рейтинг көрсеткишлерине ерискен ҳәм жәмийетлик белсенди студентлер арасында жоқары билимлендириў шөлкемлери тәрепинен дифференциалластырылған тәртипте қайта бөлистирилетуғыны;
тәлим гранты дифференциалластырылған тәртипте қаржыландырылатуғыны ҳәм стипендия тек ғана толық тәлим грантын қолға киргизген студентлерге төленетуғыны;
социаллық-хошаметлеўши грант ийеси болған студентлерге мәмлекетлик грант олардың оқыў дәўири ушын толық көлемде усынылады;
тәлим гранты тийкарында билим алған студентлердиң оқыўды тамамлағаннан кейин кеминде 3 жыл жумыс ислеп бериў миннетлемеси бийкар етилетуғыны белгилеп қойылсын.
- а) мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыллаўдың минимал өтиў баллы тийисли бакалавриат тәлим бағдарының алдынғы оқыў жылындағы орташа өтиў балларын есапқа алған ҳалда Мәмлекетлик комиссия тәрепинен белгиленетуғыны;
б) аймақлар, тараўлар ҳәм тармақлардың жоқары мағлыўматлы кадрларға болған талабын тәмийинлеў ушын мәмлекетлик буйыртпа параметрлери шеңберинде мақсетли қабыллаў квоталары ажыратылатуғыны. Онда:
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер ҳәм устав фондында (устав капиталында) мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан аслам болған хожалық жәмийетлери мақсетли қабыллаў буйыртпашылары есапланатуғыны ҳәм кадрларға болған өз талабын Мәмлекетлик комиссияға усынатуғыны;
аймақлар кесиминде мақсетли қабыллаў тийисли аймақта турақлы жасайтуғын (турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынған) ҳәм улыўма орта, арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлерин тамамлаған абитуриентлер арасында таңлаў тийкарында әмелге асырылатуғыны;
мақсетли қабыллаў квотасы шеңберинде студентликке усыныс етилген пуқара менен мәпдар район (қала)лық ҳәкимият, тараўлық мәмлекетлик уйым (шөлкеми) ҳәм жоқары билимлендириў шөлкеми арасында төрт тәреплеме шәртнама дүзилетуғыны. Онда студентти жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм оның оқыўды жуўмақлағаннан кейин белгили аймақта (шөлкемде) жумыс ислеп бериўин мониторинг етиў кадр буйыртпашысына жүкленетуғыны;
в) 2024-2025-оқыў жылы қабыллаўынан баслап жоқары билимлендириў шөлкемлериниң басқа билимлендириў түрлерине улыўма қабыллаў параметри күндизги билимлендириў түри ушын белгиленген қабыллаў квотасынан көп болмаған муғдарда белгиленетуғыны белгилеп қойылсын.
- Магистратура қәнигеликлери ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў қәнигеликлерине қабыллаўда шет тилин билиў дәрежесин белгилеўши миллий ямаса халықаралық сертификатлар төмендеги дәрежелерде талап етилетуғыны:
шет тиллери бағдары бойынша – кеминде C1 дәрежесинде;
гуманитарлық, биологиялық ҳәм түрлес пәнлер, математика ҳәм статистика, бизнес ҳәм басқарыў, ҳуқық, хызмет көрсетиў, социаллық ҳәм әдеп-икрамлылыққа тийисли пәнлер, журналистика ҳәм мәлимлеме, мәлимлеме-коммуникация технологиялары тәлим тараўлары бойынша – кеминде B2 дәрежесинде;
басқа да билимлендириў тараўлары ҳәм мәденият және спорт қәнигеликлери (қәнигеликлери) бойынша – кеминде В1 дәрежесинде.
- 2024-2025-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине (кәсип-өнер мектеби буған кирмейди) қабыллаў бойынша имтиханлар «алдын тест, кейин таңлаў» принципине муўапық бир ўақытта өткерилетуғыны белгиленсин. Онда:
а) абитуриентлер өзиниң таңлаўына бола тест сынағының нәтийжесинде топлаған балынан келип шығып, дәслеп жоқары билимлендириўдиң бакалавриат тәлим бағдарларына, кейин профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын таңлаўда қатнасатуғыны;
б) мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриатына қабыллаў процеси төмендеги басқышта әмелге асырылады;
биринши басқышта абитуриентлер ҳәр жылы 5-июньнан 25-июньға шекем (25-июнь күни де) тест сынағы тапсырыў ушын дизимнен өтеди ҳәм тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси, билимлендириў тили ҳәм тест тапсырыў аймағын ҳәм кириў имтиханларының қурамында кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан болса, бул имтиханды тапсыратуғын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемесин таңлайды. Онда бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша бирден-бир кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар бағдарламалары ҳәм баҳалаў нормалары тийисли министрликлер (уйымлар) тәрепинен Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен келисилген ҳалда тастыйықланады;
оқыўға қабыллаў бойынша кириў имтиханлары июль-август айларында өткериледи;
екинши басқышта абитуриентлер тест сынақлары толық жуўмақланғаннан кейин 15 күн даўамында жоқары билимлендириў мәкемеси, бакалавриат тәлим бағдары ҳәм билимлендириў түрин таңлайды;
в) 2025-2026-оқыў жылы қабыллаўынан баслап пәнлер комплексинде шет тили биринши пән сыпатында белгиленген тәлим бағдарларына қабыллаў шет тилин билиў дәрежесин белгилейтуғын миллий ямаса халықаралық сертификат тийкарында әмелге асырылады;
г) барлық мәмлекетлик колледж ҳәм техникумларға «алдын тест, кейин таңлаў» принципине муўапық қабыллаўда абитуриентлер колледж ҳәм (ямаса) техникумды, кәсип ҳәм қәнигеликти және билимлендириў түрин жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаўдың жуўмақлаўшы нәтийжеси жәрияланғаннан кейин 10 күн мүддетте таңлайды.
- Имтихансыз қосымша мәмлекетлик грант тийкарында студентликке усыныс етиў ушын тийкар болатуғын жеңилликке ийе абитуриентлер Мәмлекетлик комиссияның қарарына тийкарланып билимлендириў түрине қарамастан, дизимнен өтиўде жеңиллик әмел ететуғын шеңберде таңлаған биринши бакалавриат тәлим бағдарына қосымша мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылланатуғыны;
айрықша қабыллаў параметрлери шеңберинде таңлаўда қатнасыў ушын тийкар болатуғын жеңилликке ийе абитуриентлер (майыплығы болған шахслар ҳәм «Меҳрибанлық» үйлери, балалар қалашалары, SOS – балалар мәҳәллелери ҳәм шаңарақлық балалар үйлериниң питкериўшилери болған жетим балалар, сондай-ақ, әменгерликке, қәўендерликке ямаса шаңараққа тәрбияға алынған (патронат) жетим балалар (жигирма бес жасқа толмаған) буған кирмейди) олар ушын ажыратылған айрықша қабыллаў параметрлери шеңберинде, таңлаған биринши бакалавриат тәлим бағдары бойынша таңлаўда қатнасатуғыны;
айрықша қабыллаў параметрлери шеңберинде таңлаўда қатнасып, студентликке усыныс етилмеген абитуриентлер дизимнен өтиўде таңлаған бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша улыўма тәртипте таңлаўда қатнасатуғыны;
халықаралық спорт жарысларының жеңимпазлары денетәрбия ҳәм спорт тараўындағы бакалавриат тәлим бағдарларына спорт түрлериниң тараў бойынша сәйкес келиўине қатаң әмел еткен ҳалда имтихансыз қосымша мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылланатуғыны;
жеңиллик пенен мәмлекетлик грант тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентке бул жеңилликтен қайта пайдаланыўға рухсат етилмейтуғыны;
екинши ҳәм оннан кейинги жоқары билимлендириў төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылатуғыны, сондай-ақ, жоқары билимлендириўдиң тийисли басқышына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилген студентке екинши рет билимлендириўдиң бул басқышы ушын мәмлекетлик грант ажыратылмайтуғыны;
жоқары билимлендириў мәкемелери, жоқары әскерий ҳәм әскерийлестирилген билимлендириў мәкемелери ҳәм әскерий-академиялық лицейлерге оқыўға кириўде жеңилликке ийе болған абитуриентлердиң бирден-бир базасы ҳәр жылы 1-июньға шекем мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигиниң арнаўлы мәлимлеме системасына киргизиў арқалы қәлиплестирип барылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәр жылы 1-июньға шекем майыплығы болған шахслар, соның ишинде, көзи әззилердиң мағлыўматлар базасын майыплық топарын анық көрсеткен ҳалда қәлиплестирсин ҳәм оның Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигиниң мәлимлеме системасы менен интеграцияланыўын тәмийинлесин.
- Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги Саўда-санаат палатасы ҳәм жумыс бериўшилер ассоциациялары менен биргеликте:
2024-жылдың ақырына шекем мийнет базарында күтилип атырған өзгерислерди илимий изертлеген ҳалда, өз әҳмийетин жойтып баратуғын ҳәм жаңадан пайда болатуғын кәсиплер (лаўазымлар) дизими, оларға қойылатуғын маманлық талаплары ҳәм компетенцияларын қәлиплестирсин;
2025-жыл 1-майға шекем топланған мағлыўматлар тийкарында «Өзбекстан жаңа кәсиплер атласы» электрон платформасы жаратылыўын ҳәм ҳәр жылы жаңаланып барылыўын тәмийинлесин.
Усы бәнтти әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги қаржылары есабынан қаржыландырылсын.
- Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги «Билимлендириў тараўындағы жойбарлар орайы» жойбарлаў офиси менен биргеликте үш ай мүддетте:
тәлим грантын жоқары билимлендириў шөлкемлериниң студентлерине дифференциалластырылған тәртипте бир оқыў жылы ушын ажыратыў тәртибин белгилеўши Ҳүкимет қарар жойбарын;
аймақлар, тараўлар ҳәм тармақлардың жоқары мағлыўматлы кадрларға болған талабын тәмийинлеў ушын мақсетли қабыллаў квоталарын қәлиплестириў, қабыллаў процесслерин шөлкемлестириў ҳәм кадрлар буйыртпашыларының анық ўазыйпаларын нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын;
нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри К.А.Шарипов белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаментиниң баслығы О.Қ.Абдурахмановқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жыл 24-май