Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-май күни Иран Ислам Республикасыныӊ елшиханасына барып, мәмлекеттиӊ арқа аймағында вертолёт қулаўы ақыбетинде Президент Иброҳим Раисий ҳәм оныӊ менен бирге болған шахслар қайтыс болғаны мүнәсибети менен дос Иран халқына тереӊ кеўил билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы дипломатиялық ўәкилханада ашылған Кеўил билдириў китабына шын жүректен кеўил билдириў сөзлерин жазып қалдырды.


Өзбекстан жетекшиси елши Муҳаммадали Искандарий менен қысқа сәўбетте Президент Иброҳим Раисий жетик мәмлекетлик ғайраткер ҳәм сиясатшы болғаны, Иранныӊ турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўына, халықтыӊ абаданлығын арттырыўға ҳәм мәмлекеттиӊ халықаралық абырайын беккемлеўге, сондай-ақ, мәмлекетлеримиз арасында өз-ара пайдалы көп тәреплемели бирге ислесиўди кеӊейтиўге үлкен үлес қосқанын айрықша атап өтти.


Күни кеше Өзбекстан Президенти Иранныӊ Жоқары диний басшысы аятуллаҳ Али Хоманеийге кеўил билдириў хатын жоллаған еди.

ӨзА