21-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сойлесиўи болып өтти.

Өзбекстан менен Россия арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди және де кеңейтиў, кең қамтылған стратегиялық бирге ислесиў ҳәм аўқамласлық байланысларын беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери жоқары дәрежедеги ушырасыўлар нәтийжесинде ерисилген келисимлердиң орынланыў барысы ҳәм алдағы еки тәреплемели илажлардың режесин додалады.

Товар алмасыў көлемин кобейтиў, жетекши кәрханалардың кооперация жойбарларын әмелге асырыў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарларын алға қойыў, соның ишинде, аймақлар арасындағы байланысларды жақсылаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

                                                                                                         ӨзА