Президент Шавкат Мирзиёев 20-май күни сырт ел инвестицияларын тартыўда банклердиң қатнасыўына байланыслы презентация менен танысты.

Мәмлекетимиздеги қолайлы инвестициялық орталық нәтийжесинде банклердиң қаржылай турақлылығы ҳәм белсендилиги артып бармақта. Атап айтқанда, тараўдағы реформалар себепли кейинги 5 жылда банклердиң капиталы 2 есеге, кредит портфели 2,3 есеге ҳәм жыллық кредит ажыратыў көлеми 1,8 есеге көбейди.

Төрт банк биринши рет евробонд шығарып, сырттан 1 миллиард 300 миллион доллар ресурс тартты. Өткен жылы банклер 3,8 миллиард доллар муғдарында, сондай-ақ, олардың қарыйдарлары ҳүкимет кепилисиз 6 миллиард доллар муғдарында сырт ел кредитлерин тиккелей алып келген.

Заман талабынан келип шығып, бул жумысларды және де кеңейтиў ҳәм жойбарларды сапалы әмелге асырыў зәрүр.

Презентацияда Миллий банк ҳәм Өзсанаатқурылысбанктиң бул бағдардағы жумысы ҳаққында мәлимлеме берилди.

Быйылғы жылы Миллий банк тәрепинен 6 миллиард доллар муғдарында жойбарлардың әмелге асырылыўы режелестирилген. Сондай-ақ, зергерлик тармағында 2,1 триллион сум муғдарында 526, хызметлер тараўында 41,8 триллион сумлық кредитлер есабынан 40 мыңнан аслам жойбарларды әмелге асырыў ҳәм 2,5 миллион халықтың бәнтлигин тәмийинлеў нәзерде тутылған.

«Өзсанаатқурылысбанк» усы жылы халықаралық қаржы базарларынан 3 миллиард 100 миллион доллар муғдарында қаржы тартыўды мақсет еткен. Банк қарыйдарлары менен улыўма баҳасы 4 миллиард 800 миллион долларлық инвестициялық жойбарларға кирисилген.

Усы банк тәрепинен қурылыс материаллары тараўында 2024-2025-жыллары 529 жойбар шеңберинде 2 миллиард 800 миллион долларлық сырт ел инвестициялары тартылып, бул арқалы 25 мыңнан аслам жумыс орны жаратылыўы режелестирилген.

Соның менен бирге, Орайлық банк 967, Санаатқурылысбанк 727 мәҳәлледе жумыссыз халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлеспекте. Және бир әҳмийетли тәрепи, банклердиң төменги буўынға түсип ислеп атырғаны ушын көплеген бизнес структуралар «сая»дан шықпақта.

Презентацияда қарыйдарлардың инвестициялық жойбарларын системалы мониторинг етип, машқалаларды жеделлик пенен шешип барыў зәрүрлиги атап өтилди.

Исбилерменлерге район дәрежесинен республикалық көлемге шекем ҳәр тәреплеме жәрдем бериў, олардың финанслық билимлерин арттырыў ҳәм инновациялар менен таныстырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

ӨзА