Республикамыздың сыртқы саўда айланысы 2024-жылдың январь-апрель айларында 48,1 млн. АҚШ долларын, соннан 29,7 млн. АҚШ долларын-экспорт операциялары, 18,4 млн. АҚШ долларын-импорт операциялары қураған.
Сыртқы саўда айланысының сальдосы 11,3 млн. АҚШ долларын қурады. Республика сыртқы саўда айланысында ең үлкен үлести Түркия мәмлекети ийелеген болып, 2024-жылдың январь-апрель айларында 12,2 млн. АҚШ доллары муғдарында сыртқы саўда операциялары, соннан 10,7 млн. АҚШ долларлық экспорт операциялары ҳәм 1,5 млн. АҚШ доллары муғдарында импорт операциялары әмелге асырылған.
– Сыртқы саўда айланысында Россия Федерациясы, Қытай Халық Республикасы, Қазақстан ҳәм Латвия мәмлекетлериниң үлеси көп. Экспорт қурамында ең үлкен үлести химиялық өнимлер (58,3%), азық-аўқат өнимлери (13,3%), ал, импорт қурамында болса, машина ҳәм әсбап-үскенелер (24,6 %) ҳәм басқа өнимлер (26,8%) қурады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы Сыртқы Экономиклық байланыс ҳәм саўда статистикасы бөлиминиң баслығы Полатбек Боранбаев.
Ал, республикамыздың усақлап сатыў бойынша товар айланысы усы жылдыӊ январь-апрель айларында 706 млрд. 802,3 млн. сумды қурап, өткен жылдыӊ усы дәўирине салыстырғанда 107,2 % ти қурады.
Усақлап сатыў товар айланысы көлеминде үлкен үлеске ийе болған Нөкис қаласы (20,8%), Төрткүл (11,2%), Әмиўдәрья (8,4%), Хожели (8,4%) ҳәм Қоӊырат (7,6%) районлары усақлап сатыў товар айланысыныӊ өсиўине унамлы тәсирин көрсетпекте. Аўқатланыў кәрханаларын қосқан ҳалда усақлап сатыў товар айланысы халықтың жан басына 355,3 мыӊ сумды қурайды. Орташа жан басына товар айланысыныӊ еӊ жоқары көрсеткишлери Нөкис қаласы, Қараөзек, Тахтакөпир, Хожели районларында бақланды.
Президентимиз ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен киши исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған сиясат тәсиринде олардыӊ экономикамыздағы тутқан орны анағурлым өсти. 2024-жыл январь-апрель айлары жағдайына киши исбилерменлик субъектлериниӊ товар айланысы өткен жылдыӊ усы дәўирине салыстырғанда 111,4 процент болды. Улыўма усақлап сатыў товар айланысында киши исбилерменлик субъектлериниӊ үлеси 96,3 процентти қурады. Киши исбилерменлик субъектлериниӊ усақлап сатыў тараўындағы үлеси салмақлы болды.
Киши бизнес субъектлериниӊ мәмлекетимиз экономикасыныӊ раўажланыўына қосып атырған үлеси, ислеп шығарып атырған өнимлери, көрсетилип атырған хызметлериниӊ барлығы статистикалық есабатлар арқалы көрсетиледи. Статистика-бул белгили бир сорамда исленип атырған экономикалық-социаллық раўажланыўдыӊ көринислери, реформалардыӊ орынланыўын бақлап, талқылап, пухталап ҳәм бул ҳаққында мағлыўматларды таярлап барыўшы тараў болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги