Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында аппарат мәжилиси өткерилди.
Мәжилисте бүгинги күнде халқымызды таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында жүзеге келип атырған машқалаларға шешим табыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
Атап өтилгениндей, 2024-2027-жылларда халықаралық қаржы институтларының қатнасыўында ишимлик суўы тармақларын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў бойынша улыўма баҳасы 238 миллион АҚШ доллары болған 2 инвестиция жойбарын әмелге асырыў режелестирилген. Усы қаржылар есабынан 3 мың 114 километр ишимлик суўы тармағы ҳәм 124 ишимлик суўы объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылыўы белгиленген. 246 мың пуқара таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўи, 422 мың пуқараның ишимлик суўы тәмийнатының жақсыланыўы, нәтийжеде 3 жылда таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежеси 72,4 проценттен 83,1 процентке жетиўи күтилмекте.
Тилекке қарсы, қала ҳәм районларда ишимлик суўы тәмийнаты аўыр болған аймақлар болып, жәми 76 пуқаралар жыйынында ишимлик суўы менен тәмийинлениў машқала болып келмекте. Сонлықтан, бул аймақлардыӊ ҳәр бирине режедеги ишимлик суўы объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларын әмелге асырыўда жуўапкер басшылар бириктирилди. Атап өтилген объектлерди жыл ақырына шекем сапалы пайдаланыўға тапсырыўдың барлық илажларын кѳриў бойынша жуўапкерлерге қатаң тапсырма берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги