15-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қайтқанларды реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаў мәселелери бойынша Регионаллық экспертлер кеңесиниң биринши мәжилисинде қатнасыў ушын мәмлекетимизде болып турған БМШ Бас хаткериниң орынбасары – Терроризмге қарсы гүресиў басқармасы баслығы Владимир Воронковты қабыл етти.
Ушырасыў алдында Владимир Воронков мәмлекетимиз басшысына Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткери Антониу Гутерриштиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстанның БМШ институтлары ҳәм структуралары менен, бәринен бурын, терроризм ҳәм басқа трансмиллий қәўип қәтерлерге қарсы гүрес тараўындағы әмелий бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.
Терроризмге қарсы гүрес басқармасының жумысын қоллап-қуўатлағаны ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирип, Владимир Воронков Регионаллық экспертлер кеңесин шөлкемлестириў басламасы әмелге асырылғаны ушын Өзбекстан тәрепине айрықша миннетдаршылық билдирди. Ташкент қаласында болып өткен усы механизмниң биринши мәжилиси нәтийжели жуўмақланғаны атап өтилди.
БМШ Бас хаткериниң орынбасары, сондай-ақ, Өзбекстанның ўақыялар аймақларынан пуқараларды қайтарыў, оларды реабилитациялаў ҳәм жәмийетке қайта интеграциялаў, атап айтқанда, бунда мәҳәлле институтының кең имканиятлары ҳәм потенциалынан пайдаланыў бойынша ис-ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.
Өзбекстан ҳәм БМШ Терроризмге қарсы гүресиў басқармасы арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын нәзерде тутыўшы 2024-2025-жылларға мөлшерленген жаңаланған «жол картасы»на қол қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жасларды экстремизм ҳәм терроризм идеяларының бузғыншы тәсиринен қорғаў, кадрлар таярлаў тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм БМШ институтларында жас қәнигелер ушын стажировкалар шөлкемлестириўге қаратылған биргеликтеги илажларды өткериў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Аўғанстан мәселеси бойынша пикир алысылды. Бул мәмлекеттеги жағдайға халықаралық итибарды күшейтиў, аўған халқына гуманитар жәрдем көрсетиўди даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.
ӨзА