Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-май күни “Coca-Cola” компаниясының баслығы ҳәм бас директоры Жеймс Куинсиди қабыл етти. Ушырасыўда “Anadolu Group” компаниясының баслығы Тунжай Ўзилхон да қатнасты.

“Coca-Cola” алкогольсиз ишимликлер ислеп шығарыў бойынша дүньядағы ең ири компаниялардан бири болып, жумысы 200 ден аслам мәмлекет базарын қамтып алады, 200 ден аслам бренд ҳәм 950 ден аслам өндирис кәрханасына ийе.

Компанияның Өзбекстандағы эксклюзив бирге ислесиўшиси – “Coca-Cola İçecek” Түркияның “Anadolu Group” қурамына киреди. Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде компанияның Ташкент, Үргенш ҳәм Наманган ўәлаятындағы 3 заводы жумыс алып бармақта.

Ушырасыўда азық-аўқат тараўындағы, атап айтқанда, “жасыл” шешимлерди, энергия ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша бирге исллесиўдиң унамлы пәти атап өтилди.Күни кеше Самарқанд ўәлаятында жаңа кәрхана иске қосылды. 2025-жылы Наманган ўәлаятында бесинши завод пайдаланыўға тапсырылады.

Инновациялық жумыс ҳәм изертлеўлерди раўажаландырыў, инженерлер ҳәм тараў қәнигелерин таярлаў әҳмийетли екени атап өтилди. Инвестиция бағдарламаларын және де кеңейтиў, өним түрлерин көбейтиў, материаллар ҳәм комплектлеўши бөлеклерди ислеп шығарыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Мәмлекетимиз басшысы перспективалы жойбарларды жеделлик пенен әмелге асырыў бойынша өз алдына “жол картасы”н қабыл етиўди тапсырды.

ӨзА