Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Миллий көркем өнеримиз ҳәм мәдениятымыздың әййемги орайларынан бири болған, көплеген атақлы көркем өнер ҳәм мәденият ғайраткерлери жетисип шыққан Ферғана ойпатлығының бул бағдардағы айрықша орнын және абыройын, дөретиўшилик потенциалын есапқа алған ҳалда, талантлы жасларды өзбек ҳәм  дүнья көркем өнериниң жоқары үлгилери руўхында тәрбиялаў, олардың дөретиўшилик қәбилетлери менен умтылысларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм жүзеге шығарыў, Ферғана ойпатлығы ўәлаятлары ушын театр, халық дөретиўшилиги саласы бойынша актёрлар, мәденияттаныў және көркем өнертаныў бағдарында жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономика министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият инситутутының Ферғана регионаллық филиалын (кейинги орынларда-Филиал) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Төмендегилер Филиалдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

мәденият ҳәм көркем өнер саласында фундаменталь билимлер менен түсиниклерди, тарийхый ҳәм заманагөй дәстүрлерди, инновациялық технологияларды, мәмлекетлик стандарт бойынша белгиленген билим және маманлықларды пуқта ийелеген жоқары мағлыўматлы қәниге кадрларды таярлаў;

таярланып атырған қәниге кадрларға мийнет базарындағы реал талаплардан және зәрүрликлерден келип шыққан ҳалда, жоқары сапалы билим және маманлық бериў;

питкериўшилерди жумысқа орналастырыў бойынша буйыртпаларды қәлиплестириў;

профессор-оқытыўшылар қурамының өз кәсиби саласындағы билим ҳәм тәжирийбесин, илимий-дөретиўшилик потенциалы менен педагогикалық шеберлигин турақлы түрде арттырыў;

билимлендириў процесине заманагөй педагогикалық ҳәм инновациялық тежнологияларды, мәденият және көркем өнер саласында илим бойынша ерисилген алдыңғы жетискенликлерди енгизиў.

  1. Төмендегилер:

Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Ферғана регионаллық филиалының үлги структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Ферғана регионаллық филиалын шөлкемлестириў, оның материаллық-техникалық базасын қурыў, оқыў ҳәм илимий-педагогикалық потенциалын қәлиплестириў бойынша илажлар бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекистан Республикасы мәденият министрине, зәрүр жағдайларда, Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Ферғана регионаллық филиалы структурасына хызметкерлердиң тастыйықланған шекленген улыўма саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Филиалға:

2017/2018 оқыў  жылы ушын «5150300-актёрлық көркем өнери (түрлери бойынша)» билимлендириў бағдарына бакалаврлар таярлаў бойынша жәми 25 соннан 10 ы мәмлекетлик грантлар, 15 и төлемли-контракт тийкарында – қабыллаў квотасы ажыратылатуғыны;

2017/2018 оқыў жылы ушын қабыллаў процеси Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтында әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги бир ай мүддетте:

Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Ферғана регионаллық филиалының Уставын белгиленген тәртипте тастыйықласын ҳәм оның мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин;

Филиалды таңлаў тийкарында жоқары маманлықтағы профессор-оқытыўшылар менен тәмийинлеў илажларын көрсин;

Филиалда оқыў-методикалық процесслердиң шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў, штатлар кестесин ҳәм қәрежетлер сметасын тастыйықлаў, оны оқыў-лаборатория үскенелери ҳәм компьютер техникасы менен тәмийинлеў бойынша анық илажларды әмелге асырсын.

  1. Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги, Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Мәденият министрлиги ҳәм Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи орайының Қоқанд қаласы, Мовароуннаҳр көшеси, 3 А-жайда жайласқан Қоқанд туризм ҳәм сервис кәсип-өнер колледжиниң үш қабатлы тийкарғы имаратының бир бөлегин Филиалға бийпул пайдаланыў ҳуқықы менен бериў және Филиал жумысын усы имаратта шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Өзбекистан Республикасы Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи орайы Қоқанд туризм ҳәм сервис кәсип-өнер колледжиниң Қоқанд қаласы, Мовароуннаҳр көшеси, 3 А-жайда жайласқан имаратының бир бөлеги Филиалға берилиўи мүнәсибети менен усы колледждиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша бир ай мүддетте Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  3. Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги:

Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги менен биргеликте 2018/2019 оқыў жылы ҳәм кейинги жыллар ушын Филиалға оқыўға қабыллаўдың 50 ден аз болмаған квотасын перспективада Ферғана ойпатлығы аймақларын раўажландырыўға байланыслы бағдарламаларды, ҳәр бир тармақта қәнигелерге болған талапты есапқа алып, жыллар бойынша анық бағдарларды белгилеп, кәсип ҳәм билимлендириў бағдарларын (қәнигеликлерин) көрсеткен ҳалда ислеп шығыўды нәзерде тутсын;

2017/2018 оқыў жылы басланғанға шекем Филиалдың билимлендириў бағдарларын мәмлекетлик билимлендириў стандартлары ҳәм тийисли маманлық талапларына муўапық ислеп шығылған оқыў режелери, илим бағдарламалары ҳәм оқыў-методикалық әдебиятлар менен тәмийинлесин.

  1. Филиалдың жумысын алып барыўға байланыслы 2017-жылы билимлендириў саласы бойынша тастыйықланған бюджет параметрлери шеңберинде, 2018-жылдан баслап болса усы салаға ҳәр жылы ажыратылатуғын қаржылардың есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Төмендегилер Филиалдың жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

хожалық жумысынан алынатуғын дәраматлар менен шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден келетуғын түсимлер;

физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қәўендерлик жәрдемлери;

халықаралық қаржы шөлкемлериниң грантлары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги Филиалға хызмет көрсететуғын 1 жеңил автомобиль ушын лимит ажыратсын.
  2. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2012-жыл 4-июньдеги ПҚ-1771-санлы қарары менен тастыйықланған Өзбекистан Мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының шөлкемлестириўшилик структурасы орыс тили текстиндеги «Нукусский филиал» блогинен кейин «Ферганский региональный филиал» блоги менен толықтырылсын.
  3. Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте олар тәрепинен қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйлери Х.Султановқа, А.Юнусходжаевқа ҳәм Ферғана ўәлаятының ҳәкими Ш.Ғаниевке жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

Президенти                                         Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 16-август