Қарақалпақстан Республикасында 2024-жылдыӊ  1-апрель жағдайына  1300 кәрхана ҳәм шөлкем тазадан ашылған болып, олардан 1244 и киши бизнес субъектлери болып есапқа алынған. Мүлкшилик түри бойынша олардың басым көпшилиги, яғный 1027 си жуўапкершилиги шекленген жәмийет, 167 си шаӊарақлық кәрхана, 38 и жеке кәрханалар, 12 си өндирислик кооперативлер болып дизимнен өткен.

– Исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетимиз экономикасыныӊ  раўажланыўында, жаӊа жумыс орынларыныӊ  жаратылыўы ҳәм халықты жумыс пенен бәнт етиўде үлкен әҳмийетке ийе. Соӊғы жыллары мәмлекетимиз тәрепинен исбилерменлерге қаратылып атырған итибар нәтийжесинде исбилерменлик субъектлери өз алдына қойған мақсетлерине еркин, қыйыншылықсыз ерисип келмекте. Себеби оларды қоллап-қуўатлаў ҳәм әмелий жәрдем бериў бойынша Президентимиз ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилген,-дейди Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасының статистикалық регистрлерди жүргизиў бөлиминиң баслығы Б.Дәрибаев.

Республикамызда  32948 кәрхана дизимге алынған болып, соннан 25029 кәрхана ҳәрекеттеги кәрханалар есапланады. Өткен жыл менен салыстырғанда олардың саны 106,7 процентке асқан.

Ҳәрекеттеги кәрханалардыӊ экономикамызда қайсы тараўларында үлес қосып атырғанын айтып өтетуғын болсақ, олардың саўда тараўында 29,6, аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығында 12,0, санаат тараўында 13,3, қурылыс тараўында 7,5, турмыслық ҳәм аўқатланыў бойынша хызметлер тараўларында 5,3, тасыў ҳәм сақлаў тараўында 3,8, мәлимлеме ҳәм байланыс тараўларында 2,1, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызметлер көрсетиўде 2,0, басқа хызмет түрлеринде 24,4 процентти қурайды.

2024-жылдың 1-май жағдайына хәрекеттеги сырт ел капиталының қатнасыўындағы кәрханалардың саны 181 ге жетти. Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 27 ге яғный 17,5 процентке өскен. Олар Қытай Халық Республикасы, Россия Федерациясы, Қазақстан Республикасы, Қубла Корея Республикасы ҳәм басқа да мәмлекетлердиң қатнасыўындағы сырт ел инвесторларының қатнасыўындағы кәрханалар болып есапланады.

         Қарақалпақстан хабар агентлиги