Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-май күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң орынбасары, «БМШ – ҳаял-қызлар» структурасы атқарыўшы директоры Сима Сами Бахус басшылығындағы делегацияны қабыллады.

БМШ делегациясы усы күнлерде Самарқанд қаласында болып өткен Азия ҳаял-қызлар форумы бағдарламасы шеңберинде мәмлекетимизде болып тур.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң гендер теңлик мәселелери бойынша жетекши институтының баслығы Президентимизге Бас хаткер Антониу Гутерриштиң қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы  тилеклерин жеткерди.

Өзбекстанда ҳаял-қызлардың статусын түп-тийкарынан жақсылаў ҳәм жәмийеттеги статусын арттырыўға қаратылған нәтийжели реформаларға жоқары баҳа берилди.

Ушырасыўда мәмлекетимиздиң «БМШ – ҳаял-қызлар» структурасы менен конструктивлик бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм мәплерин алға қойыў тараўындағы барлық тийкарғы халықаралық конвенцияларға қосылған, БМШтың тийисли комиссиясының жумысында белсене қатнасып атырғанын атап өтиў керек.

Азия ҳаял-қызлары форумының нәтийжели жуўмақлары жоқары баҳаланды. Бул форумды Азия регионында ҳаял-қызлардың ҳуқықларын кеңейтиў мәселелери бойынша турақлы сөйлесиў платформасына айландырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Өз-ара бирге ислесиў бойынша, соның ишинде, регионаллық дәрежедеги анық жойбар ҳәм бағдарламаларды өз ишине алған орта мүддетли келешекке мөлшерленген бағдарламаны қабыллаў зәрүр екени атап өтилди.

«БМШ – ҳаял-қызлар» структурасының мәмлекетимизде ўәкилханасын ашыў мәселеси қоллап-қуўатланды.

ӨзА