Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Елимиздиң экономикасын узақ мүддетли раўажландырыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырған шараятта нәтийжели салыққа тартыў системасы ҳәм мәмлекетлик салық хызмети уйымларының үйлесикли жумысы айрықша әҳмийетке ийе.

Соның менен бирге, салық қадағалаўының ескирген усыл ҳәм принциплерине тийкарланған мәмлекетлик салық хызмети уйымларының жумысын шөлкемлестириў усы уйымлардың алдына қойылған жаңа ўазыйпаларды шешиў, соның ишинде, салық салынатуғын базаны кеңейтиў ҳәм салықлар  жыйналыўшаңлығының арттырылыўын тәмийинлеў имканиятын бермейди, өз шешимин таппаған сезилерли машқалалардың бар екенлиги бул жағдайды және де аўырластырмақта, атап айтқанда:

бириншиден, салық салыўдың қосымша дәреклерин излемей салық есабы менен шекленип қалған, тийкарынан прогноз көрсеткишлерин орынлаўға байланыслы болған салық ҳәкимшилигиниң төмен дәрежеси;

екиншиден, салық ҳәкимшилигинде коррупциялық орталықты қәлиплестирип атырған, мәмлекетлик салық хызмети уйымларының дерлик барлық буўынларында хызметкерлердиң коррупцияласыўына алып келип атырған сезилерли шараятлардың бар екенлиги;

үшиншиден, салық ҳәкимшилигин толық әмелге асырыў, салық салынатуғын қосымша базаны анықлаў, экономикада жасырын айланыслар дәрежесин қысқартыўға имканият бермейтуғын мәлилеме-коммуникация технологияларынан ақылға уғрас пайдаланбаў;

төртиншиден, камераллық қадағалаўды, соның ишинде, салық жеңилликлери ҳәм преференцияларынан мақсетли пайдаланыўы үстинен камераллық қадағалаўды әмелге асырыў ушын сыртқы дәреклерди жыйнаўды тәмийинлейтуғын тәсиршең программалық өнимлердиң жоқ екенлигиf

бесиншиден, салықлар төлеўден бас тартыўдың ҳәр қыйлы схемаларының жаратылыўына алып келип атырған, саўда, улыўма аўқатланыў кәрханалары, базарлар ҳәм саўда комплекслериниң жумысын қадағалаў бойынша берилген ўәкилликлерден нәтийжесиз пайдаланыўы;

алтыншыдан, мақсетли тексериўлерди шөлкемлестириў ушын салықларды төлеўден турақлы түрде бас тартып атырған шахсларды, сондай-ақ, салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықларды келтирип шығаратуғын факторларды анықлаўдың анық нормалары жоқ екенлиги;

жетиншиден, бар ресурслардан мәмлекетлик салық хызмети уйымларының хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ушын жетерли дәрежеде пайдаланылмай атырғаны ҳәм интизамлық жуўапкершиликке тартыў дәрежесиниң ҳәдден тыс жоқарылығы улыўма салық системасының нәтийжелилигине унамсыз тәсир етпекте.

Бар машқлаларды шешиў, Өзбекстан Республикасы салық сиясатын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарларын ҳәм 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:

1.Төмендегилер Өзбекстан Республикасы салық ҳәкимшилиги системасын жетилистириўдиң ең әҳмийетли бағдарлары болып есаплансын:

бириншиден, мәмлекетлик салық хызмети уйымларын салық төлеўшилердиң бизнес-шериги ҳәм кеңесгөйи сыпатындағы жаңа имиджин жаратыў арқалы хызмет көрсетиўге бағдарланған  ведомствоға айландырыў, ҳәр бир хызметкер тәрепинен «Салық хызмети-инсапли салық төлеўшилердиң исенимли бирге ислесиўшиси» деген мақсетли ўазыйпаны сөзсиз орынлаў;

екиншиден, экстерриториялық принципи тийкарында салық төлеўшилер өз салық миннетлемелерин ықтыярлы орынлаўы, бизнести нызамлы, ашық-айдын ҳәм қолайлы жүргизиў ушын мақул шараятлар жаратыў. салық төлеўшилердиң қанаатланыўшылық дәрежесиниң артыўын тәмийинлеў;

үшиншиден,  салық ҳәкимшилиги ҳәм қадағалаўының пүткиллей жаңа системасын жаратыў, сондай-ақ, коррупциялық факторларға жол қоймаў бойынша превентивлик ҳәм алдын алыў илажларын қолланыў;

төртиншиден, салық төлемлериниң өз ўақтында ҳәм бир түрдеги түсимин тәмийинлеў, ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларын максимал дәрежеде азайтыў ҳәм әпиўайыластырыў, салық салынатуғын базаны кеңейтиў ҳәм экономикада жасырын айланысларды қысқартыў есабынан бюджетлердиң дәрамат бөлегин турақлы қәлиплестириў;

бесиншиден,  тексериўден алдынғы таллаў ҳәм аралық қадағалаў-таллаў жумысларын әмелге асырыў ушын мағлыўматларды толық жыйнаў ҳәм қайта ислеўди тәмийинлейтуғын заманагөй, алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў илажларын буннан былай да күшейтиў;

алтыншыдан, мәмлекетлик салық хызмети уйымларының хызметкерлерине корпоративлик этиканы сиңдириў, мәмлекетлик салық хызмети уйымларының стратегиялық мақсет ҳәм ўазыйпаларына ерисиў ушын өз хызмет жумысының нәтийжелилигин арттырыў мотивациясы системасын енгизиў.

  1. 2019-жыл 1-январьдан мәмлекетлик салық хызмети уйымларының хызмет көрсетиў, саўда ҳәм улыўма аўқатланыў тараўындағы исбилерменлик субъектлери ушын бирден-бир салық төлемин, бирден-бир жер салығын, юридикалық шахслардан жер салығын, сондай-ақ, банк айланыслары ҳаққындағы мағлыўматлар, сондай-ақ, басқа да сыртқы дәреклер тийкарында декларация етилетуғын дәраматлар бойынша физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын есаплаў тәризинде салық төлеўшилерге сервис хызметлерин көрсететуғынлығы және есапланған салықлардың суммасы ҳаққында салық төлеўшиниң «жеке кабинети» арқалы хабар жиберетуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети, Қаржы министрлиги, Орайлық банки ҳәм Саўда-санаат палатасы бир ай мүддетте сырт еллердиң алдынғы тәжирийбесин үйрениў жуўмағы бойынша сыртқы мағлыўматлар ҳәм салық төлеўшилердиң декларациялары тийкарында мәмлекетлик салық хызмети уйымлары тәрепинен есапланатуғын салықлары ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер дизимин басқышпа-басқыш кеңейтиў бойынша комплексли илажларды тиастыйықласын.

  1. 2018-жыл 1-июльден:

мәмлекетлик салық хызмети уйымларының хожалық жүргизиўши субъектлер жумысында өткерилген хронометраж нәтийжелерине бола ақырғы есап-санақ дәўири ушын товар (жумыс, хызмет)лар реализациясынан азайтып көрсетилген түсимди ҳәм хызметкерлер санын қайта есап-санақ еткен ҳалда салықларды есаплаўды әмелге асырыў ҳаққында талапнама жибереди, азайтып көрсетиў қайтадан анықланғанда, усы ҳәрекетлер салық төлеўден бас тартыў сыпатында баҳаланатуғыны;

үшинши шахслар тәрепинен салық төлеўши, физикалық шахс ушын төленген салық суммасы салық төлеўшиниң салық салынатуғын дәраматы есапланбайтуғыны;

мәмлекетлик салық хызмети уйымлары салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди есаплаў ушын тийкар болатуғын көзден өткериў актин дүзиў арқалы салық төлеўшилердиң паспортластырылыўын жүргизетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары жумысының нәтийжелилигин баҳалаўдың төмендеги тийкарғы нормалары белгиленсин:

мәмлекетлик салық хызмети уйымлары жумысының сапасын қанаатландырарлы баҳалайтуғын салық төлеўшилер, сондай-ақ, олардың ҳәрекетлери ҳәм қарарлары үстинен шағымлардың саны;

камераллық қадағалаў нәтийжеси бойынша өндирилген салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң улыўмалық суммасы;

хронометраж ҳәм көзден өткериў нәтийжелери бойынша анықланған мәмлекетлик бюджеттиң дәраматларын арттырыў резевлериниң суммасы ҳәм оларды өндириў дәрежеси;

паспортлары дүзилген салық төлеўшилердиң саны;

есапланған салық ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер өндирилиўиниң толық екенлиги ҳәм салық қарыздарлығының төменлеў дәрежеси;

мәмлекетлик салық хызмети уйымлары менен өз-ара қатнасықларда «жеке кабинет»тен пайдаланыў дәрежеси;

электрон есапбет-фактураларды есапқа алыў ҳәм онлайн қадағалаў-касса машиналарын автоматластырылған мониторинг етиў бойынша программалық өнимлерди қолланып атырған салық төлеўшилердиң қамтып алыныўы.

  1. Мәмлекетлик салық хызмети уйымларының хызметкерлери Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң Материаллық жәрдем, социаллық қорғаў, салық уйымларын раўажландырыў ҳәм нәзерде тутылмаған қәрежетлер арнаўлы қоры (кейинги орынларда Арнаўлы қор деп аталады) есабынан төмендеги суммалардың 10 процентине шекемги муғдарда сыйлықланатуғыны белгиленсин;

камераллық қадағалаў нәтийжеси бойынша  өндирилген салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий салық төлеўши тәрепинен төленген салық;

салық тексериўлериниң нәтийжеси бойынша өндирилген салықлар.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети бир ай мүддетте жуўмақлаўшы нәтийжелерге ерисиўден келип шығып мәмлекетлик салық хызмети уйымлары жумысының нәтийжелилигин баҳалаў нормаларын ҳәм оларды материаллық хошаматлеў илажларын тастыйықласын.

Арнаўлы қорға салық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын қаржылық санкциялар ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ушын жәриймалар суммасынан ажыратпалар муғдары 25 проценттен 40 процентке арттырылсын, бунда қосымша түсетуғын қаржылар хызметкерлерди жеке сыйлықлаўға мақсетли бағдарлансын.

  1. Мәмлекетлик салық хызмети уйымларына төмендеги ҳуқықлар берилсин:

салық төлеўши атап өтилген мәнзилде болмаған, сондай-ақ, салық төлеўши тәрепинен салық ямаса қаржылық есап, камераллық қадағалаў нәтийжелери бойынша айырмашалықлардың тийкарлары ямаса анықластырылған салық есабы белгиленген мүддетте усынылмаған жағдайларда салық төлеўши-юридикалық шахслардың банк есапбетлери бойынша операцияларды тоқтатып турыў;

мәмлекетлик үлеслери бойынша дивидентлерди ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханаларының сап пайдасынан Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине ажыратпаларды өндириў;

салық төлеўши тәрепинен усынылатуғын мәлимлемениң исенимлилигин және салық төлеўшиниң есапларында сәўлелендирилген салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин қолланыўдың нызамлылығын тастыйықлаў ушын камераллық қадағалаў нәтийжеси бойынша орнына шыққан ҳалда темаға байланыслы ҳәм экспресс-үйрениўлерди әмелге асырыў;

жүзеге келген салық қарыздарлығын салық төлеўши – физикалық шахслардың пластик карталарына хызмет көрсететуғын банк есапбетлеринен айына ең кем  мийнет ис ҳақының еки есеси муғдарынан көп болмаған суммада сөзсиз есаптан шығарыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң «Республикалық мәлимлеме-мәсләҳәт орайы» ҳәм «Салық декларацияларын қайта ислеў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханалары тийкарында «Салық-сервис» мәмлекетлик унитар кәрханасын (кейинги орынларда – «Салық-сервис» МУК) оның аймақлық орайларын дүзген ҳалда шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Төмендегилер «Салық-сервис» МУКтың тийкарғы ўазыйпалары етип бегиленсин:

салық төлеўшилерге салық миннетлемелерин орынлаўда техникалық жақтан жәрдемлесиў, сондай-ақ, есаплар ҳәм декларацияларды қабыл етиў бойынша салық төлеўшилерге хызмет көрсетиў бойынша салық хызмети уйымларына әмелий жәрдем бериў;

мәмлекетлик салық хызмети уйымларының автоматластырылған мәлимлеме системасын техникалық, бағдарламалық ҳәм мәлимлеме тәмийнатын басқарыў;

мәмлекетлик салық хызмети уйымларының жумысы нәтийжесинде жүзеге келетуғын ҳүжжетлерди қағаз ҳәм электрон түрде орайласқан ҳалда архивте сақлаў;

«call-орай» арнаўлы сервиси арқалы халыққа мәлимлеме хызметлерин көрсетиў;

салық төлеўшилерди электрон есапбет-фактураларды жүргизиў қағыйдалары бойынша оқытыў, оларға салық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң нормаларын жеткериў;

мәлимлемени қорғаў илажларын әмелге асырыў;

мәмлекетлик салық хызмети уйымлары хызметкерлериниң билим ҳәм маманлығын арттырыў.

Мәмлекетлик салық комитети:

мәмлекетлик салық хызмети аймақлық уйымларының жоқарыда көрсетилген функцияларды орынлайтуғын басқарыў хызметкерлериниң штат бирликлерин қысқартыў;

Мағлыўматларды қайта ислеў орайының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў, соның ишинде, салық төлеўшилер ушын жаңа программалық өнимлер ҳәм сервислерди ислеп шығыў бойынша комплексли илажлар қабыл етиўди нәзерде тутсын.

  1. «Салық-сервис» МУКтың хызметлери бюджет қаржылары ҳәм Арнаўлы қордың қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан төленетуғыны белгиленсин.

«Салық-сервис» МУК тәрепинен көрсетилетуғын барлық хызметлер салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди төлеўден азат етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанында Салық төлеўшилер ҳәм мәмлекетлик салық хызмети уйымлары арасындағы салық келиспеўшиликлерин судқа шекем шешиў кеңеси шөлкемлестирилсин, төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

салық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин қолланыўда келиспеўшиликли мәселелер бойынша шешимлер шығарыў;

салық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўын анықлаўда салық төлеўшилер ҳәм мәмлекетлик салық хызмети уйымларының уйымлары арасында жүзеге келетуғын келиспеўшиликлерди көрип шығыў;

салық келиспеўшиликлерин көрип шығыў процесинде анықланған салық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериндеги кемшиликлерди сапластырыў бойынша усыныслар киргизиў.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Салық төлеўшилер ҳәм мәмлекетлик салық хызмети уйымлары арасындағы салық келиспеўшиликлерин судқа шекем шешиў кеңесиниң қурамын ҳәм режесин тастыйықласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң структурасында:

ири салық төлеўшилерге хызмет көрсетиў, соның ишинде, салық есапларын қабыл етиў, камераллық қадағалаў өткериў, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди өткериў миннетлемеси жүкленген Ири салық төлеўшилер бойынша аймақлараралық мәмлекетлик салық инспекциясы;

мәмлекетлик салық хызмети уйымлары жумысының нәтийжелилигин баҳалаў ҳәм олардың раўажланыў стратегиясын ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленген Таллаў басқармасы шөлкемлестирилсин.

  1. Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары хызметкерлериниң жумысында коррупциялық жағдайларды сапластырыў мақсетинде Усақлап сатыў ҳәм хызмет көрсетиў тараўында ҳуқықбузарлықларды профилактикалаў бас басқармасы және оның аймақлық бөлимлери сапластырылсын.
  2. Салық академиясы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Қәнигеликти арттырыў орайының жумысын шөлкемлестириў, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оқытыўдың заманагөй усылларын, соның ишинде, қәнигелик арттырыўдың аралық түрлерин енгизиў, сондай-ақ, аймақлық филиалларын дүзиўди нәзерде тутқан ҳалда ҳүкиметлик қарарды қабыл етсин;

қайта шөлкемлестирилип атырған Салық академиясының бакалавриат ҳәм магистратура студентлериниң оқыўын тийисли бағдарлар бойынша Ташкент мәмлекетлик экономика университети ҳәм Ташкент қаржы институтына көшириў илажларын көрсин.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға  муўапық;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 11 903, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети орайлық аппараты басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 257 етип белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығына Өзбекстан Республикасы Президентиниң аппараты менен келисилген ҳалда төмендеги ҳуқықлар берилсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети орайлық аппаратының тастыйықланған структурасына басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўмалық саны шеңберинде өзгерислер киргизиў;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мәмлекетлик салық басқармалары, район (қала)лық мәмлекетлик салық инспекциялары, сондай-ақ, Ири салық төлеўшилер бойынша аймақлараралық мәмлекетлик салық инспекциясының структурасын тастыйықлаў;

мәмлекетлик салық хызметиниң аймақлық уйымлары басқарыў хызметкерлериниң шекленген санын, соның ишинде, «Салық-сервис» МУКтың шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен басқарыў хызметкерлериниң штатлық бирликлери қысқартылыўын есапқа алған ҳалда тастыйықлаў;

Арнаўлы қордың қаржылары есабынан мәмлекетлик салық хызмети уйымлары басқарыў хызметкерлери қәнигелериниң қосымша штат бирликлерин енгизиў.

  1. Төмендегилер:

а)Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети баслығының:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларына түсимлер прогнозының орынланыўы;

салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң толық ҳәм өз ўақтында түсиўин тәмийинлеў үстинен зәрүр дәрежеде қадағалаў орнатылыўы;

Өзбекстан Республикасы Президенти, Министрлер Кабинетиниң қарарлары, басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер талапларының өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы;

мәмлекетлик салық хызмети уйымларына жоқары руўхый-әдеп-икрамлылық сыпатларына ийе маман хызметкерлерди тартыўға қаратылған, кадрларды таңлаў, орын-орнына қойыў ҳәм хошаметлеўдиң пүткиллей жаңа системасының жаратылыўы;

хызметкерлердиң жумысқа болған қатнасын түп-тийкарынан өзгертиў, нызам бузылыўының барлық көринислерине байланыслы маўасасыз мүнәсибетте болыў орталығының жаратылыўы, жәмәәтте саламат орталықтың қәлиплестирилиўи;

мәмлекетлик салық хызмети уйымлары жумысының ашық-айдынлығы тәмийинлениўи, салық төлеўшилер менен тиккелей байланыссыз сөйлесиў орнатылыўы;

салық ҳәкимшилигиниң замамнагөй усылларын енгизиў тараўында халықаралық экспертлерди, грантларды тартыў жумыслары;

мәмлекетлик салық хызмети уйымларының материаллық-техникалық жақтан тәмийинлениўи ушын;

б) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети баслығы биринши орынбасарының:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларына салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер толық ҳәм өз ўақтында  түсиўиниң тәмийинлениўи;

салық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў бойынша усыныслардың таярланыўы, салық қадағалаўын әмелге асырыўдың заманагөй усылларының енгизилиўи, салық тараўындағы ҳуқықбузарлықлардың себеп ҳәм шараятлары талланыўы, оларды сапластырыў илажларының көрилиўи;

салық салыў базасын кеңейтиў бойынша, соның ишинде, макроэкономикалық көрсеткишлердиң динамикасын ҳәм аймақлардың салық потенциалын системалы таллаў арқалы комплексли илажлардың көрилиўи;

қадағалаўдың әмелге асырылыўы ҳәм салық қарыздарлығы артыўына жол қоймаўы, халықаралық тәжирийбени терең үйрениў арқалы салық системасының модернизацияланыўы ушын;

в) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети орынбасарларының:

салық ҳәкимшилигиниң нәтийжелилигин арттырыўға жәрдемлесетуғын салық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм қолланыў методологиясының жетилистирилиўи;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети дәраматларының дәрежесин арттырыў ушын резервлерди излеў ҳәм анықлаў бойынша системалы жумыслардың алып барылыўы;

салық миннетлемелерин өз ўақтында орынлағаны ушын исбилерменлик субъектлерин хошаметлеў илажлары көрилиўи;

салық салыў бөлиминде экономиканың жасырын секторын легалластырыўға қаратылған системалы қадағалаўдың тәмийийнлениўи;

сапасыз, қәлбеки (жасалма) ҳәм нызамсыз алып кирилген товарлардың ислеп шығарылыўы, сондай-ақ, реализацияланыўына қарсы гүресиўдиң жағдайы ҳәм нәтийжелилиги;

салық ҳәкимшилиги процесине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм таллаўдың алдыңғы автоматластырылған усыллары, электрон есапбет-фактураларды есапқа алыў ҳәм онлайн қадағалаў-касса машиналарының автоматластырылған мониторинги бойынша программалық өнимлердиң енгизилиўи және нәтийжели жумыс көрсетиўи;

физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары пуқта, ҳәр тәреплеме, толық ҳәм объектив көрип шығылыўы, пуқаралардың жеке қабыл етилиўи;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Қәнигеликти арттырыў орайы ҳәм салық колледжлери жумысының нәтийжели шөлкемлестирилиўи ушын жеке жуўапкершилиги белгилеп қойылсын.

  1. Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары жумысын ҳәм салық ҳәкимшилигин жетилистириў бойынша илажлар бағдарламасы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Министрликлер ҳәм ведомстволардың басшылары Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели  әмелге асырылыўы бойынша жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте:

бир ай мүддетте салық төлеўден  бас тартып атырған шахслар, жасырылған салық салыў объектлери, сондай-ақ, нызамсыз алып кирилип атырған товарлардың жеткерилиўи, сақланыўы ҳәм реализацияланыўы, жасырын цехларды анықлаў бағдарында системалы биргеликтеги рейдлерди шөлкемлестириў бойынша илажларды қабыл етсин;

еки ай мүддетте мәмлекетлик салық хызмети уйымларының ҳуқықты қорғаў уйымлары менен өз-ара бирге ислесиў тәртиби ҳаққындағы режени, соның ишинде, оффшор зоналарда дизимнен өткен шахслар менен операцияларды әмелге асыратуғын салық төлеўшилерди мониторинг етиўди нәзерде тутқан ҳалда тастыйықласын;

үш ай мүддетте салық тараўында пуқаралар тәрепинен жәмийетлик қадағалаў әмелге асырылыўы ушын социаллық тармақлардың ҳәм программалық өнимлердиң потенциалынан пайдаланыў мүмкин болған, соның ишинде, оларға исбилерменлик субъектлериниң  салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықлары ҳаққында хабар етиў имканиятын беретуғын веб-портал ашыў  бойынша илажларды әмелге асырсын;

бир ай мүддетте қосымша қун салығын электрон басқарыў системасын, соның ишинде, салықлардың жыйналыўшаңлығын арттырыў ҳәм инсапсыз салық төлеўшилерди анықлаў мақсетинде барлық айланыслардың шынжырын таллаў ҳәм қадағалаў ушын мәмлекетлик салық хызмети уйымларында электрон есапбет-фактураларды есапқа алыў бойынша программалық комплексти енгизиў бойынша усыныслар киргизсин.

  1. 2018-жыл 1-августтан жергиликли бюджетлердиң дәрамат базасын кеңейтиў резервлерин анықлаў жумысын материаллық хошаметлеўди арттырыў ҳәм коррупция жағдайларының алдын алыў мақсетинде Бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядларына муўапық мәмлекетлик салық хызмети уйымлары хызметкерлериниң лаўазым айлығын белгилеўде тариф коэфициенти 1,7 есеге арттырылған муғдарда қолланылыўы белгиленсин.

Усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылады.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

Экономика министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте салық жеңилликлерин қолланыў нәтийжелилигин мониторинг етиў ҳәм баҳалаў системасын енгизиў, нәтийжесиз пайдаланылған жеңиллик суммаларын бюджетке мәжбүрий қайтарыў механизмлерин беккемлеўди нәзерде тутатуғын салық жеңилликлерин мақсетли бериў тәртибин тастыйықласын;

Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң қәрежетлер сметасы ҳәм штатлар кестесине усы қарарға муўапық тийисли қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизсин;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетине Мағлыўматларды қайта ислеў орайын кеңейтиў, заманагөй электрон ҳәкимшилик системасын, соның ишинде электрон есапбет-фактураларды есапқа алыў ҳәм онлайн қадағалаў-касса машиналарын автоматластырылған мониторинг етиў системасы программалық өнимлерин енгизиў, сондай-ақ, мәмлекетлик салық хызмети уйымларының имаратларын қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў ушын 2018-жылы зәрүр қаржыларды ажыратсын, 2019-жылдан баслап болса ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде нәзерде тутсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы төмендегилер бойынша тәсиршең илажлар көрсин:

жоқары профессионал маманлыққа ҳәм руўхый-әдеп-икрамлылық сыпатларға ийе болған профессионал кадрларды таңлаў ҳәм орны-орнына қойыў;

елдиң экономикалық мәплерин қорғаў бағдарында бар ҳүжданы менен хызмет етип атырған хызметкерлерди олардың жеке үлесинен келип шыққан ҳалда хошаметлеў механизмлерин жаратыў;

мәмлекетлик салық хызмети уйымларының хызметкерлери тәрепинен коррупция көринислери ҳәм лаўазымынан пайдаланыў жағдайлары жүз бериўиниң барлық қәўиплерин сапластырыў;

халық ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлер арасында кеңнен түсиник ҳәм профилактика жумысларын алып барыў;

мәмлекетлик салық инспекцияларының жумыс жүклемесин ҳәм салықларды жыйнаў жумысының экономикалық нәтийжелилигинен келип шығып олардың санын оптималластырыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигине мәмлекетлик салық хызмети уйымларының мағлыўматлар базасын басқа да мәмлекетлик уйымлардың мағлыўматлар базалары менен бөлистириў, орынларда салық тексериўлериниң актлерин үйрениў арқалы салық төлеўшилердиң ҳәм салық салыў объектлериниң толық қамтып алыныўына айрықша итибар қаратқан халда, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң дурыс, толық ҳәм өз ўақтында төлениўин мониторинг етиў ўазыйпасы жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитети еки ҳәпте мүддетте бар мағлыўматлар базасына Қаржы министрлигиниң жалғаныўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети ҳаққындағы;

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик салық  хызмети уйымларында хызметти өтеў ҳаққындағы жаңаланған режелерди тастыйықласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте:

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усыныслардың Министрлер Кабинетине киргизилиўин;

өзлери қабыл еткен ведомстволық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң усы қарарға муўапықластырыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-августтағы «Мәмлекетлик салық хызмети уйымларының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3168-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Муродовқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети баслығының биринши орынбасары Б.А.Мусаевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 26-июнь