Усы жылдың 14-май күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қырқ тоғызыншы сессиясы болып өтти.

Сессияға Олий Мажлис Сенатының ағзалары, сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев ашты ҳәм басқарып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында республикамызда кең кѳлемдеги ийгиликли ислер әмелге асырылып атырғанлығын айрықша атап өтти.

Атап өтилгениндей, пуқаралар жыйынларында аўыр турмыс шараятындағы шаңарақлардың турақ жайларында қурылыс-оңлаў жумысларының алып барылыўы, 452 пуқаралар жыйынларының ҳәр бирине 500 миллион сумнан қаржы ажыратылғаны, жойбарсыз салынған турақ жайлардың кадастр ҳүжжетлери берилиўиниң жолға қойылғаны, ишки жолларды оңлаў, жасларға қосымша квоталар ажыратылыўы, мәдениятты қоллап-қуўатлаў фондының шөлкемлестирилиўи–кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышламақта.

Бундай ѳзгерислер менен жаңаланыўларды ҳәр бир тараў мысалында кѳриўимизге болады. Тек ғана қурылыс тараўы мысалында айтатуғын болсақ, быйылғы жылдың инвестициялық бағдарламасы шеңберинде жәми 117 объектте 1 триллион 166 миллиард сумлық яғный, ѳткен жылға салыстырғанда дерлик 2 есеге кѳп қаржы тийкарында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылады. Президентимиздиң усы жыл 9-февральдағы “Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеўдиӊ қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў илажлары жаңа басқышларға кѳтерилмекте. Мине, усы қарар шеңберинде Қарақалпақстанға улыўма 67,9 миллиард сумлық жәми 783 техника ҳәм агрегат алып келинеди.

Сессия күн тәртибиндеги дәслепки мәселе “Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Зухра Реймова баянат жасады. Бул мәселе бойынша депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан кейин халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў, саламат бала туўылыўын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң есабаты туўралы мәселе көрип шығылды. Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов баянат жасады ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман)ниң Қарақалпақстан Республикасындағы аймақлық ўәкилиниң 2023-жылда әмелге асырған жумыслары ҳаққындағы мәлимлемеси туўралы болды. Бул мәселе бойынша Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман)ниң Қарақалпақстан Республикасындағы аймақлық ўәкили Ж.Шлымбетов баянат жасады. Депутатлар бул мәселе  бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сондай-ақ сессияда Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-марттағы “Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды буннан былай да жеделлестириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министриниң мәлимлемеси туўралы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Қ.Әзербаев баянат жасады ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Кейинги мәселе- Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасының 2023-жыл даўамында әмелге асырған жумыслары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасы баслығының есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Салық басқармасы баслығы Х.Бекчанов баянат жасады.

Баянатшыныӊ атап өткениндей, Қарақалпақстан Республикасында бюджет дәраматларына белгиленген прогноз көрсеткишлериниң орынланыўы ҳәм қосымша дәреклерди анықлаў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў, салық ҳәкимшилигин ҳәм тараўда интерактив хызметлерди буннан былай да жетилистириў бойынша Қарақалпақстан Республикасы салық уйымлары тәрепинен унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Сораў-жуўаплардан кейин депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы аймағында электр энергетикасы тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың барысы, халықты қыс айларында үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў ҳаққында “Аймақлық электр тармақлары”  акционерлик жәмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалы директорының есабаты туўралы мәселе көрип шығылды. Бул мәселе бойынша филиал директоры А.Нурымбетов баянат жасады ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.


Сессияда сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе бойынша да депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қырқ тоғызыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги