Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-май күни Бирге ислесиў бойынша ӨзбекстанҚытай ҳүкиметлераралық комитетиниң гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын мәмлекетимизде болып турған Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңеси Бас министриниӊ орынбасары Лю Гочжун басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Қытай делегациясы басшысы Өзбекстанда ҚХР Баслығы Си Цзиньпин ҳәм Мәмлекетлик кеңес Бас министри Ли Цянның шын жүректен сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Көп тәреплемели бирге ислесиўди және де раўажландырыў ҳәм барлық шараятларда стратегиялық шериклик қатнасықларын тереңлестириўдиӊ әҳмийетли мәселелери көрип шығылды. Усы жылдың январь айында Қытайға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапар жуўмағында ерисилген келисимлердиң орынланыўы талланды.

Комитеттиң жумысы табыслы нәтийжелер берип атырғаны, товар алмасыў ҳәм қаратылып атырған инвестициялардың көлеми турақлы артып атырғаны, турақлы авиақатнаўлардың саны көбейип атырғаны, мәдений илажлар жедел өткерилип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Саўда қорсеткишлеринде тең салмақлылықты тәмийинлеў ҳәм мәмлекетимиз өнимлериниң Қытай базарына кириўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў, экономиканың стратегиялық тармақларында әҳмийетли инвестициялық жойбарларды жеделлестириў, аймақлар кооперациясын кеңейтиў, гуманитарлық, билимлендириў ҳәм туризм бағдарламаларын әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Буннан тысқары, “Қытай – Қырғызстан- Өзбекстан” темир жолын қурыў жойбары бойынша жумыслардың әмелий басқышын тез пурсатта баслаў менен байланыслы мәселелер додаланды.

ӨзА