Президентимиз бәнтлик ҳәм халықтың дәраматы мәселеси биринши дәрежели әҳмийетке ийе екенлигин және бир мәрте атап өтип, бул бағдарда артта қалыўшылыққа жол қойып болмаслығы ҳаққында барлық дәрежедеги басшыларды ескертти.

Және бир әҳмийетли мәселе- тәртипли ҳәм қәўипсиз мийнет миграциясы

Усы жылдың январь-март айларында мийнет миграциясынан 58 мың, апрельде 57 мың пуқарамыз қайтып келген. Жыл ақырына шекем және 250-300 мың  пуқара қайтып келиўи болжанбақта.

Оларды жумысқа жайластырыў, социаллық мәселелерине жәрдем бериў зәрүрлиги айтып өтилди.

Жуўапкерлерге миграция бойынша бирден-бир  мәлимлеме  платформасын жаратып, “мәҳәлле жетилиги” системасы менен интеграциялаў, сырт елде мийнет етип атырған ҳәм қыйын жағдайға түсип қалған жерлеслеримизге жәрдем бериў, қайтқан пуқараларды жумысқа жайластырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Додаланған ўазыйпалар бойынша тармақ ҳәм аймақлардың басшыларының есабаты тыңланды.

                                                                                                          ӨзА