Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары Қадирбай Нарманов, Мария Ивановна Корнишина ҳәм Галенко Иван Федотовичтиң шаңарағында болып, байрам саўғаларын тапсырды.
Ветеранларды 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 79 жыллығы менен қызғын қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Президентиниң байрам қутлықлаўы оқып еситтирилди.
Президентимиздиң усы жыл 16-апрельдеги “Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында”ғы пәрманы тийкарында усы урыс қатнасыўшыларына 20 миллион сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық тапсырылды. Сондай-ақ, урыс қатнасыўшыларына мәмлекетимиз тәрепинен ажыратылған баҳалы саўғалар, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарары менен “Ардақлы нураный” көкирек белгиси, Министрлер Кеңеси, Арқа-батыс әскерий округи, ҳәкимликлер ҳәм бир қатар жәмийетлик шөлкемлердиң атынан баҳалы саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги