Республикамызда 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урысында ерисилген жеңистиң 79 жыллығы кең түрде белгиленди.
Байрам мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы “Ҳәсиретли ана” естелиги майданына мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлар, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ўәкиллери топланды.
Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болған ата-бабаларымыздыӊ естелигин мәнгилестириў, бүгин де қатарымызда турып, Ўатанымыздыӊ абырай-мәртебесин көтериўге, жасларды руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларымызды қәдирлеў мақсетинде кең көлемли илажлар әмелге асырылды. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ усы жыл 16-апрельдеги “Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында”ғы пәрманы тийкарында урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларыныӊ ҳәр бири 20 миллион сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленбекте. Байрам күнлери олардың ҳал-жағдайынан хабар алынып, Президентимиздиң байрам қутлықлаўы оқып еситтирилип, ақшалай сыйлық, сондай-ақ жергиликли ҳәкимликлер, жәмийетлик шөлкемлер тәрепинен баҳалы саўғалар тапсырылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев байрам мүнәсибети менен “Ҳәсиретли ана” естелигине гүлшеңбер қойып, Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болғанлардың естелигине ҳүрмет көрсетти. Сондай-ақ, Қураллы Күшлер системасына кириўши структуралар ўәкиллери, мәкеме, шөлкемлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери менен жаслар да естеликке гүл қойды.
Буннан кейин илаж қатнасыўшылары Нөкис қаласындағы “Ўатансүйиўшилер бағы”нда әскерий техникалар ҳәм қурал-жарақлардың көргизбеси, “Еслеў үйи”нде ата-бабаларымыздыӊ мәртлиги ҳәм басқа да мағлыўматлар менен танысты.
Республикамыз көркем өнер шеберлериниң ҳәм Нөкис гарнизоныныӊ әскерий оркестри тәрепинен атқарылған Ўатанды, сондай-ақ, урыс жылларындағы ҳәм бүгинги бахытлы турмысымызды жырлаўшы қосықлар атқарылды.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.