Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

Соңғы жылларда Өзбекистан Республикасының аймағында заманагөй инновациялық технологиялар қолланылған ҳалда таярланған биометрикалық паспорт системасын енгизиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Бул система Өзбекистан Республикасы пуқараларын усындай ҳүжжетлерди таярлаў бойынша Халықаралық пуқаралық авиациясы шөлкеминиң (ИКАО) усыныслары ҳәм басқа да халықаралық стандартларға сәйкес келетуғын биометрикалық ҳүжжет пенен тәмийинлеў имканиятын берди.

2014-жылы Өзбекистан Республикасы ИКАО ның тийисли мәлимлеме ресурсына қосылды ҳәм бул елимиздиң ўәкилликли уйымларға мәмлекет шегарасынан өтиў пунктлеринде шет мәмлекетлердиң биометрикалық ҳүжжетлериниң ҳақыйқый екенин автоматикалық түрде тексериў имканиятын жаратты.

Өзбекистан Республикасының биометркиалық паспорт системасы елимиздиң ҳуқық қорғаў уйымлары жумысының нәтийжелилигин ҳәм оперативлигин арттырып, мәмлекетлик шегарадан өтиўде пуқаралардың шахсын идентификациялаў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырды, «Электрон ҳүкимет» системасының жумыс шеңберинде интерактив мәмлекетлик хызметлерди көретиўге хызмет ететуғын физикалық шахслардың бирден-бир мағылўматлар базасын қәлиплестириўди тәмийинледи.

Соның менен бирге, ҳәзирги ўақытта пуқараларымыз Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза айырым еллерден тысқары, дүньяның барлық мәмлекетлерине шығыў ушын биометрикалық паспорт пенен бирге руқсат жазыўы жазылған еки жыллық стикерди рәсмийлестириўи зәрүр. Бул стикер Өзбекистан Республикасы пуқараларының еркин ҳәрекет етиўине кесент етип атырған белгили бир фактор болып табылады.

Бул бағдардағы халықаралық тәжирийбени үйрениў соннан дәрек береди, бүгинги күнде дүньяның дерлик барлық мәмлекетлеринде ишки ҳәм сыртқы пайдаланыў ушын мөлшерленген еки түрдеги ҳүжжет қолланылмақта. Онда шет елге шығыў ушын тийкарынан электрон мәлимлеме дәрекке ийе китапша түриндеги паспорттан пайдаланылмақта ҳәм руқсат беретуғын басқа да миллий ҳүжжетлер рәсмийлестирилмейди.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық, сондай-ақ, шет елге шығыўдың тәртибин буннан былай да жетилистириў, халыққа қолайлы шараятлар жаратыў, шет елге шығыў ушын ҳүжжетлерди рәсмийлестириўде бюрократлық тосқынлықлардың ҳәм коррупция жағдайларының алдын алыў, ҳәрекетлениў ҳүжжетиниң әмел етиў мүддетин созыў, пуқаралардың мәмлекетлик шегаралардан өткериў пунктлеринде паспорт қадағалаўынан өтиў тәртип-қағыйдаларын түп-тийкарынан әпиўайыластырыў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы, Ишки ислер министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Миллий қәўипсизлик хызметиниң 2019-жылдың 1-январынан Өзбекистан Республикасы пуқарасының шет елге шығыў ушын биометрикалық паспортын енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. 2019-жылдың 1-январынан Өзбекистан Республикасы пуқарасының шет елге шығыў ушын руқсат жазыўы стикерин рәсмийлестириў тәртиби бийкар етилсин.
  3. Төмендегилер,

Өзбекистан Республикасы пуқарасының әмелде қолланылып атырған 2011-жылғы үлгидеги биометрикалық паспорты оның ийесиниң шахсын ҳәм пуқаралығын тастыйықлайтуғын ҳүжжет болып табылатуғыны ҳәм Өзбекистан Республикасы аймағында пайдаланылатуғыны;

Өзбекистан Республикасы пуқаралары 2021-жылдың 1-январына шекем Өзбекистан Республикасының халықаралық шәртнамаларына муўапық, кириў визаларын рәсмийлестириў  талап етилмейтуғын мәмлекетлердиң аймағына Өзбекистан Республикасы пуқарасының әмелде қолланылып атырған 2011-жылғы үлгидеги биометрикалық паспортынан пайдаланған ҳалда Өзбекистан Республикасынан шығыўы мүмкин екенлиги;

Өзбекистан Республикасы пуқаралары Өзбекистан Республикасының халықаралық шәртнамаларына муўапық, кириў визаларын рәсмийлестириў  талап етилетуғын мәмлекетлердиң аймағына Өзбекистан Республикасы пуқарасының әмелде қолланылып атырған 2011-жылғы үлгидеги биометрикалық паспортынан пайдаланған ҳалда ондағы руқсат жазыўы стикериниң әмел етиў мүддети жуўмақланғанға шекем Өзбекистан Республикасынан шығыўы мүмкин екенлиги;

Өзбекистан Республикасы пуқарасының 2011-жылғы үлгидеги биометрикалық паспорты Өзбекистан Республикасының халықаралық шәртнамаларына муўапық, кириў визаларын рәсмийлестириў  талап етилмейтуғын мәмлекетлерде болып турған Өзбекистан Республикасы пуқаралары ушын кириў визаларын рәсмийлестириў талап етилмейтуғын мәмлекетлерде болыў ҳәм усы мәмлекетлер арасында ҳәрекетлениўде паспорттың әмел етиў мүддети жуўмақланға шекем ҳақыйқый есапланатуғыны;

Өзбекистан Республикасы пуқарасының 2011-жылғы үлгидеги биометрикалық паспорты Өзбекистан Республикасының халықаралық шәртнамаларына муўапық, кириў визаларын рәсмийлестириў  талап етилетуғын мәмлекетлерде болып турған Өзбекистан Республикасы пуқаралары ушын кириў визаларын рәсмийлестириў талап етилетуғын басқа да мәмлекетлерде болыў ҳәм ҳәрекетлениў ушын паспорттың әмел етиў мүддети жуўмақланғанға шекем ҳақыйқый есапланатуғыны;

Өзбекистан Республикасы пуқарасының 2011-жылғы үлгидеги биометрикалық паспорты Өзбекистан Республикасының халықаралық шәртнамаларына муўапық, кириў визаларын рәсмийлестириў  талап етилмейтуғын мәмлекетлерде болып турған Өзбекистан Республикасы пуқаралары  ушын ондағы руқсат жазыўы стикериниң әмел етиў мүддети жуўмақланғаннан соң Өзбекистан Республикасының халықаралық шәртнамасына муўапық, кириў визаларын рәсмийлестириў талап етилетуғын мәмлекетлерге кириў ушын ҳақыйқый есапланбайтуғыны. Пуқаралардың атап өтилген усы категориясы Өзбекистан Республикасының халықаралық шәртнамаларына муўапық, кириў визаларын  рәсмийлестириў талап етилетуғын мәмлекетлерге кириў ушын Өзбекистан Республикасы пуқарасының шет елге шығыўы ушын биометрикалық паспортын рәсмийлестириўди сорап, орнатылған тәртипте мүрәжат етиўи керек екенлиги;

пуқараларды қабыллаў, мағлыўматлар жыйнаў ҳәм Өзбекистан Республикасы пуқарасының шет елге шығыў ушын биометрикалық паспортын алыў бойынша электрон арзасын рәсмийлестириў ҳәм соңынан персоналластырылған ҳүжжетти бериў жумысларын Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлери, Сыртқы ислер министрлигиниң Консуллық басқармасы ҳәм Өзбекистан Республикасының шет елдеги консуллық мәкемелериниң әмелге асыратуғыны;

Өзбекистан Республикасы пуқарасының шет елге шығыў ушын биометрикалық паспортын персоналластырыўды Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы әмелге асыратуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети (А.Арипов) 2017-жылдың 1-декабрине шекем Өзбекистан Республикасы пуқарасының шет елге шығыў ушын биометрикалық паспортының Мәмлекетлик стандартын тастыйықласын.
  2. Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги (А.Азизов) Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы, Сыртқы ислер, Қорғаныў, Халық билимлендириў министрликлери, Миллий қәўипсизлик хызмети менен биргеликте 2018-жылдың 1-январына шекем усы Пәрманның талапларын инабатқа алған ҳалда, Өзбекистан Республикасында паспорт системасы ҳәм Өзбекистан Республикасы пуқараларының шет елге шығыў тәртиби ҳаққында жаңа редакциядағы реже жойбарын тастыйықлаў ушын киргизсин.
  3. Өзбекистан Республикасы Орайлық банки жанындағы «Мәмлекет белгиси»н мәмлекетлик өндирислик бирлеспеси (С.Худойқулов) Ишки ислер ҳәм Сыртқы ислер министрликлери, Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайының буйыртпалары бойынша Өзбекистан Республикасы пуқарасының шет елге шығыў ушын биометрикалық паспортының буклетин тастыйықланған Мәмлекетлик стандартқа муўапық өз ўақтында таярласын.
  4. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы (Н.Тўрахўжаев) Өзбекистан Республикасы Ишки ислер, Сыртқы ислер, Қорғаныў, Халық билимлендириў, Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрликлери және Миллий қәўипсизлик хызмети менен биргеликте;

әмелдеги биометрикалық паспорт системасы базасында Өзбекистан Республикасы пуқарасының шет елге шығыў ушын биометрикалық паспортын айланысқа киргизиўге қаратылған шөлкемлестириўшилик-техникалық илажлар комплексиниң өз ўақтында өткерилиўин тәмийинлесин;

2018-жылдың 1-декабрине шекем заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары қолланылған халда Өзбекистан Республикасы пуқарасының шет елге шығыў ушын биометрикалық паспортын рәсмийлестириў ҳәм бериў системасын ислеп шығыўды ҳәм енгизилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги (Б.Хўжаев) ҳәм Экономика министрлиги (Г.Саидова) Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы ҳәм басқа да тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте 2017-жылдың 1-октябрине шекем Өзбекистан Республикасы пуқарасының шет елге шығыў ушын биометрикалық паспортын рәсмийлестириў ҳәм бериў системасын енгизиўге қаратылған жумысларды қаржыландырыў дәреклери ҳаққындағы мәселени ислеп шықсын ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине орнатылған тәртипте көрип шығыў ушын киргизсин.
  2. Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы (Б.Алихонов) ҳәм Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов) ғалаба хабар қуралларында елимиз халқы арасында усы Пәрманның қағыйдаларын кеңнен сәўлелендириў бойынша мақалалардың жәрияланыўын ҳәм темаға байланыслы көрсетиўлердиң эфирге узатылыўын тәмийинлесин.
  3. Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги (А.Комилов) айланысқа киргизилип атырған Өзбекистан Республикасы пуқарасының шет елге шығыў ушын биометрикалық паспорты ҳәм Өзбекистан Республикасы пуқарасының 2011-жылғы үлгидеги биометрикалық паспортының әмел етиў мүддети туўралы Халықаралық пуқаралық авиациясы, Халықаралық стандартластырыў шөлкеми ҳәм шет еллердиң ҳүкиметлерин орнатылған тәртипте хабардар етсин.
  4. Өзбекистан Республикасы Миллий қәўипсизлик хызмети Мәмлекетлик шегараларды қорғаў комитети (Р.Эминжонов) 2019-жылдың 1-январынан Өзбекистан Республикасы пуқараларының усы Пәрманның талапларына муўапық шет елге шығыўын орнатылған тәртипте қадағалаўды тәмийинлесин.
  5. Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги (А.Азизов) Сыртқы ислер ҳәм Әдиллик министрликлери, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекистан Республикасының нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерине ҳәм тийисли халықаралық шәртнамаларына усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
  6. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Н Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В Маҳмудовқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 16-август

***

 

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-августтағы «Өзбекистан Республикасы пуқараларының шет елге шығыў тәртибин жетилистириўге байланыслы әҳмийетли илажлар ҳаққында»ғы пәрманына

ТҮСИНИК

Өзбекистан Республикасы Президенти 2017-жыл 16-августта «Өзбекистан Республикасы пуқараларының шет елге шығыў тәртибин жетилистириўге байланыслы әҳмийетли илажлар ҳаққында»ғы пәрманға қол қойды. Бул ҳүжжетте 2019-жылдың 1-январынан шет елге шығыў ушын руқсат жазыўы стикерин бийкарлаў ҳәм Өзбекистан Республикасы пуқараларының шет елге шығыў ушын биометрикалық паспортын енгизиў нәзерде тутылған.

Бул нормативлик ҳүжжетти қабыл етиўден мақсет халық ушын қолайлы шараят жаратыў, Өзбекистан Республикасы пуқараларының шет елге шығыў тәртибин әпиўайыластырыў, ҳәрекетлениў ҳүжжетиниң әмел етиў мүддетин созыў, оны таярлаў мүддетин қысқартыў, пуқаралардың мәмлекетлик шегаралар арқалы өткериў пунктлеринде паспорт қадағалаўынан өтиўин мүмкиншилиги болғанынша әпиўайыластырыў, сондай-ақ, шет елге шығыў ушын ҳүжжетлерди рәсмийлестириўде бюрократлық тосқынлықлар менен коррупция жағдайлары ушын қосымша шараятлар жаратып атырған факторларды сапластырыўдан ибарат.

Пәрманның жойбарын таярлаў даўамында қәнигелеримиз шет елге шығыў ушын паспортлардан пайдаланыў бойынша халықаралық тәжирийбени үйренди. Үйрениў нәтийжелери соннан дәрек береди, дүньяның дерлик барлық мәмлекетлеринде ишки ҳәм сыртқы пайдаланыў ушын мөлшерленген еки түрдеги ҳүжжеттен пайдаланылмақта. Шет елге шығыўда китап буклети көринисиндеги паспорт оған руқсат беретуғын ҳеш қандай қосымша жазыўлар киргизбестен, мәжбүрий тәртипте қолланылмақта.

Пәрманда дәслепки басқышта, яғный, 2019-жылдың 1-январынан Өзбекистан Республикасы менен виза режими орнатылған мәмлекетлерге шығыўды режелестирип атырған елимиздиң пуқараларына шет елге шығыў ушын бюметрикалық паспорт бериледи.

Онда Өзбекистан Республикасы пуқаралары 2021-жылдың 1-январына шекем визасыз режим орнатылған еллерге (Әзербайжан Республикасы, Армения Республикасы, Беларусь Республикасы, Қазақстан Республикасы, Молдова Республикасы, Россия Федерациясы, Украина ҳәм Грузия) 2011-жылғы үлгидеги әмелдеги биометрикалық паспорт пенен шығыўы мүмкин.

Өзбекистан Республикасының шет елде болып турған пуқаралары 2011-жылғы үлгидеги биометрикалық паспортынан оның әмел етиў мүддети жуўмақланғанға шекем пайдаланыўы мүмкин. Және де соны атап өтиў керек, шет елге шығыў ушын биометрикалық паспорт әмелиятға енгизилгенге шекем пуқаралар виза режими орнатылған мәмлекетлерге 2011-жылғы үлгидеги әмелдеги биометрикалық паспортта әмелдеги руқсат жазыўы стикери бар болғанда сол паспорт пенен шығыўы мүмкин.

Усы пәрманға муўапық:

Пуқараларды қабыллаў ҳәм шет елге шығыў ушын паспорт алыў ҳүжжетлерин рәсмийлестириў жумысларын Өзбекистан Республикасы аймағында Ишки ислер министрлигиниң миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлери,  елимизден сыртта болса, Өзбекистан Республикасының шет елдеги мәкемелери әмелге асырады;

ҳүжжетлерди персоналластырыў Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы, бланкаларды таярлаў Өзбекистан Республикасы Орайлық банки жанындағы «Мәмлекет белгиси» мәмлекетлик өндирислик бирлеспесине жүкленбекте;

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайына тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте 2018-жылдың 1-декабрине шекем заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланыў арқалы халыққа максимал интерактив хызметлерди көрсеткен ҳалда, Өзбекистан Республикасы пуқарасының шет елге шығыў ушын биометрикалық паспортын рәсмийлестириў ҳәм бериў системасын енгизиўге қаратылған шөлкемлестириўшилик-техникалық жумысларды әмелге асырыў ўазыйпасы тапсырылды.

Паспорт бериўди ҳәм шет елге шығыўды тәртипке салатуғын зәрүр нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди таярлаў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине 2017-жылдың 1-декабрине шекем Өзбекистан Республикасы пуқарасының жаңа дизайндеги 48 бетли шет елге шығыў ушын биометрикалық паспортының Мәмлекетлик стандартын тастыйықлаў ўазыйпасы тапсырылды.

Сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги усы пәрман талапларының орынланыўын тәмийинлеў ушын Мәмлекетлик персоналластырыў орайы, Сыртқы ислер министрлиги, басқа да министрликлер ҳәм ведомстволар  менен биргеликте 2018-жылдың 1-январына шекем  Өзбекистан Республикасында паспорт системасы ҳәм Өзбекистан Республикасы пуқараларының шет елге шығыў  тәртиби ҳаққында жаңа редакциядағы реже жойбарын ислеп шығады ҳәм тастыйықлаў ушын орнатылған тәртипте усыныс етеди.

Режеде төмендегилер нәзерде тутылады:

– Өзбекистан Республикасы пуқарасының әмелде қолланылып атырған 2011-жылғы үлгидеги биометрикалық паспорты оның ийесиниң шахсын ҳәм пуқаралығын тастыйықлайтуғын ҳүжжет болып табылады ҳәм оннан республикамыз аймағында улыўма пуқаралық ҳүжжети сыпатында пайдаланылады;

– заманагөй мәлимлеме технологияларының енгизилиўи инабатқа алынып, шет елге шығыў ушын биометрикалық паспортты бериўдиң ҳәм рәсмийлестириўдиң мүддети 15 жумыс күнинен 10 жумыс күнине шекем қысқартылады;

– халықаралық тәжирийбеге муўапық, Өзбекистан Республикасы пуқарасының шет елге шығыў ушын биометрикалық паспортының әмел етиў мүддети ер жетпеген шахслар ушын 5 жылға шекем, 16 жастан үлкен шахслар ушын 10 жылды қурайды;

– халыққа электрон арза усыныў, электрон гезек, мәмлекетлик бажыны электрон төлем системасы арқалы төлеў сыяқлы интерактив хызметлерди көрсетиў көлемин кеңейтиў, сондай-ақ, ҳүжжеттиң таярлығын тексериў бойынша арнаўлы хызметлерден пайдаланған ҳалда ҳүжжетти бериў тәртиби белгиленеди;

– Ишки ислер министрлигиниң миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў қалалық ҳәм районлық бөлимлериниң ўазыйпалары кеңейтиледи ҳәм усы мүнәсибет пенен пуқаралар шет елге шығыў ушын паспорт алыў бойынша арзаны Ишки ислер министрлигиниң  турақлы жасаў орнындағы миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў қалалық районлық бөлимлерине усыныўы мүмкин. Соның менен бирге, бул ўазыйпалар Ишки ислер министрлигиниң миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў ўәлаятлық басқармаларына жүкленген;

– ҳүжжетлерди қабыллаў процесинде «Электрон ҳүкимет» системасының имканиятлары арқалы керекли барлық мағлыўматларды алыўды өзинден жәмлеген «бир айна» системасынан пайдаланылады;

– енгизилип атырған паспорттың өзине түсер баҳасы ҳәм биометрикалық паспорт системасына техникалық хызмет көрсетиў зәрүрлигинен келип шыққан ҳалда, халыққа усы ҳүжжетлерди бериў бойынша мәмлекетлик бажының тийисли муғдары белгиленеди.

Қабыл етилген усы пәрманға муўапық, Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлигине Өзбекистан Республикасы пуқарасының 2019-жылдың 1-январынан шет елге шығыўы ушын айланысқа киргизилип атырған биометрикалық паспорты ҳәм Өзбекистан Республикасы пуқарасының 2011-жылғы үлгидеги биометрикалық паспортының әмел етиў мүддети туўралы Халықаралық пуқаралық авиациясы, Халықаралық стандартластырыў шөлкемин ҳәм шет мәмлекетлердиң ҳүкиметлерин орнатылған тәртипте хабардар етиў тапсырылды.