Өзбекстан Республикасы Президенти 7-май күни биргеликтеги Ҳүкиметлераралық комиссия илажларында қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген Венгрия сыртқы ислер ҳәм саўда министри Петер Сийяртоны қабыл етти.

Петер Сийярто мәмлекетимиз басшысына Венгрия Бас министри Виктор Орбанныӊ сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди ҳәм үшинши Ташкент инвестиция форумыныӊ нәтийжели өткерилгени менен қутлықлады.

Ушырасыўда Өзбекстан менен Венгрия арасында көп тәреплемели бирге ислесиўдиӊ әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Еки мәмлекеттиӊ стратегиялық шериклиги избе-из беккемленип, әмелий байланыслар жедел раўажланып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Барлық дәрежелерде жедел қарым-қатнаслар даўам етпекте. Кейинги жыллары товар алмасыў көлеми еки есеге көбейди, биргеликтеги жойбар ҳәм кәрханалардын саны артпақта.

Санаат, фармацевтика, аўыл хожалығы, балықшылық, логистика, көшпес мүлк объектлерин қурыў ҳәм басқа бағдарлардағы жойбарларды алға қойыў мәселелери көрип шығылды. Ташкент ўәлаятында Венгрия ҳәм Европа компанияларыныӊ жойбарлары ушын арнаўлы экономикалық зонаны тез пурсатта иске қосыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Гуманитарлық алмасыў да кеӊеймекте. Студентлеримиз Венгрияныӊ жетекши жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алмақта.

Сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеӊбериндеги, соныӊ менен бирге, Түркий мәмлекетлер шөлкеминдеги бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысылды.

ӨзА