Өзбекистан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы

 

Елимиз өзиниң бай мәдений мийрасы менен дүнья мәдениятының раўажланыўына үлкен үлес қосқан әййемги цивилизация ошағы сыпатында миллий көркем өнер дәстүрлериниң  өзине тәнлигин сақлап киятырғаны дүньяның жетекши көркем өнер қәнигелери тәрепинен тән алынған.

Бүгинги күнде заманагөй өзбек сүўретлеў көркем өнерине көплеген жас талант ийелери кирип киятырғанын, ҳәр қыйлы бағдарларда жумыс алып барып атырған дөретиўшилер, атап айтқанда художниклер менен мүсиншилер, халық усталарының дөретиўшилигинде жаңаша мазмун ҳәм түр, дүнья жүзилик көркем өнер майданында мүнәсип орын ийелеўге умтылыў тенденциялары көзге тасланып атырғанын унамлы баҳалаў лазым.

Соның менен бирге, атап өтиў керек, ҳәзирги ўақытта сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер және дизайн саласын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар талап дәрежесинде емеслиги, тараўға байланыслы нормативлик-ҳуқықый және материаллық-техникалық базаның толық емеслиги, маман кадрлардың жетиспеўи бул бағдардағы жумыслардың нәтийжесине кери тәсир етпекте.

Өзбек сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнерин және дизайн бағдарларын буннан былай да раўажландырыў, халқымыздың усы нәзик көркем өнерлерге болған эстетикалық талабын қанаатландырыў, кең бағдарда жумыс алып барып атырған қәнигелердиң дөретиўшилик имканиятларынан өнимли пайдаланыў, оларға шараят жаратыў, көркем өнердиң потенциалын арттырыў, заман талапларына сай көркем өнер билимлендириў системасын кеңнен жолға қойыў және Өзбекистан Көркем өнер академиясының жумысын раўажландырыў ҳәм жетилистириў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Өзбекистан Көркем өнер академиясының шөлкемлестириўшилик структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекистан Көркем өнер академиясы орайлық аппараты басқармасы хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 21 адамнан ибарат структурасы 2-қосымшаға муўапық;

Өзбекистан Көркем өнер академиясының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң структурасы 3-қосымшаға муўапық;

Өзбекистан Көркем өнер академиясының жумысын раўажландырыў ҳәм буннан былай да жетилистириў бойынша 2017-2021-жылларға мөлшерленген илажлар бағдарламасы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекистан Көркем өнер академиясы Көркем дөретиўшилер аўқамының структурасы 5-қосымшаға муўапық мақуллансын.

Өзбекистан Көркем өнер академиясының жумысын раўажландырыўға ҳәм буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар бағдарламасын әмелге асырыў бойынша Республикалық комиссияның қурамы 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекистан Көркем өнер академиясының баслығына зәрүр жағдайларда, орайлық аппарат және Өзбекистан Көркем өнер академиясының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң структурасына хызметкерлердиң шекленген улыўма саны шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекистан Көркем өнер академиясының тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

Өзбекистан сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў, жеке ҳәм дөретиўшилик көргизбелер ушын кең имканиятлар жаратып бериў және дөретиўшилердиң көркем потенциалын арттырыў бойынша илажларды әмелге асырыў;

дүньядағы жетекши көркем өнер академиялары, усы бағдардағы билимлендириў мәкемелери, шөлкемлер, белгили мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери менен алдыңғы тәжирийбелерди алмасыў мақсетинде ҳәр тәреплеме дөретиўшилик бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў;

дөретиўшилерди ҳәм талантлы жасларды социаллық-экономикалық қорғаў және Өзбекистан Көркем өнер академиясы системасындағы шөлкемлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў;

халқымыздың бай мәдений мийрасын, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнери және дизайн дәстүрлерин раўажландырыў мақсетинде Өзбекистан Көркем өнер академиясы Көркем дөретиўшилер аўқамының (кейинги орынларда – Көркем дөретиўшилер аўқамы деп аталады) жумысын муўапықластырыў;

сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер және дизайн бағдарындағы дөретиўшилерди миллий өзлигимизди түсиниў идеяларын жырлайтуғын жоқары дәрежедеги айқын көркем өнер шығармаларын жаратыўдағы жумысын хошаметлеў ҳәм балалар көркем өнерин раўажландырыўға байланыслы илажларды әмелге асырыў;

Өзбекистан Көркем өнер академиясы системасындағы билимлендириў мәкемелериниң жумысында көркем өнер билимлендириўиниң өз-ара байланыслылығын ҳәм үзликсизлигин тәмийинлеўге ерисиў мақсетинде қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернатлары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелери ушын баслаўыш көркем өнер билимлендириўин жолға қойыў;

Өзбекистан мәденияты ҳәм көркем өнериниң раўажланыўы жолында сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер, дизайн ҳәм халық өнерментшилиги салалары бойынша жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаў мақсетинде Өзбекистан Көркем өнер академиясы системасындағы билимлендириў мәкемелериниң жумысын шет ел тәжирийбелери тийкарында жетилистириў;

сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер және дизайн бағдарында жетик қәнигелерди таярлаў системасын жетилистириў, Өзбекистан Көркем өнер академиясы орайлық аппараты ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жумысын күшейтиў, бул бағдардағы ўазыйпаларды әмелге асырыўдың заманагөй, тәсиршең усыллары менен түрлерин системалы тийкарда раўажландырып барыў;

Өзбекистанда ҳәм шет елде кең көлемдеги көргизбелер шөлкемлестириў арқалы миллий көркем өнеримиздиң жетискенликлерин дүнья жәмийетшилигине танытыў, конференция, биенналелер ҳәм басқа да әнжуманлар өткериў.

  1. Өзбекистан Көркем өнер академиясы, Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Илимлер академиясының елимиздеги музейлердиң фондларын ғәрезсизлик жылларында дөретилген жоқары көркемлик қунға ийе болған сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер шығармалары менен турақлы байытып барыў ҳәм шығармалардың баҳасын олардың дөретиўшилик және материаллық қунынан келип шыққан ҳалда белгилеў мақсетинде:

Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги жанында Көркем өнер экпертлер кеңесин шөлкемлестириў;

Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлигине ғәрезсизлик жылларында дөретилген, жоқары көркемлик қунға ийе болған сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер шығармаларын сатып алыў ушын 2018-жылдан баслап ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан 1 миллиард сум ҳәм «Өзвиносанаатхолдинг» компаниясының басламасы менен қайырқомлық тийкарында 1 миллиард сум қаржы ажыратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансан.

  1. Өзбекистан Көркем өнер академиясының баслығы статусы, материаллық, турмыслық, транспорт ҳәм медициналық хызмет көрсетиў шараятлары бойынша – министрге, оның орынбасары ҳәм бас илимий хаткер  – министр орынбасарларына теңлестирилетуғыны;

Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги жанындағы Көркем өнер экспертлер кеңесиниң қурамы ҳәм Режеси Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғыны;

ғәрезсизлик жылларында дөретилген жоқары көркемлик қунға ийе болған сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер шығармаларын сатып алыў ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары 2019-жылдан баслап ең кем мийнет ҳақы муғдарының орташа жыллық өсим көрсеткишлерине көбейтилген ҳалда ажыратылатуғыны;

ғәрезсизлик жылларында дөретилген жоқары көркемлик қунға ийе болған сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер шығармалары Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги жанындағы Көркем өнер экспертлер кеңесиниң қарарына тийкарланып сатып алынатуғыны;

2018-жыл 1-январьдан баслап Өзбекистан Көркем өнер академиясының ҳақыйқый ағзалары ушын ең кем мийнет ҳақының төрт есеси муғдарында айлық гонорар төлеў системасы енгизилетуғыны және бул гонорарлар физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығынан азат етилетуғыны;

Өзбекистан Көркем өнер академиясының ҳақыйқый ағзалары Өзбекистан Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзаларына белгиленген жеңилликлерден пайдаланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржыларында ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер Өзбекистан Көркем өнер академиясының жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин.
  2. Көркем өнер дөретиўшилери аўқамы ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң галереяларын сақлаў қәрежетлерин, сондай-ақ, олардың материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қәрежетлерин қаржыландырыў дәреги етип Өзбекистан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаў «Илҳам» жәмийетлик фонды (буннан кейин – Фонд деп аталады) қаржылары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да қаржылар белгиленсин.

Онда Көркем өнер дөретиўшилери аўқамының аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў қәрежетлери Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен Фондқа ажыратылатуғын бюджет қаржылары (субсидия) есабынан қапланатуғыны нәзерде тутылсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери Көркем өнер дөретиўшилери аўқамының аймақлық бөлимлериниң аймақлық галереяларда орналастырылыўын және олардың материаллық-техникалық базасы беккемлениўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги:

ғәрезсизлик жылларында дөретилген жоқары көркемлик қунға ийе болған сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер шығармаларын сатып алыў ушын зәрүр қаржыларды 2018-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлери қәлиплестирилгенде ажыратылыўын нәзерде тутсын;

Өзбекистан Көркем өнер академиясы орайлық аппаратына 2 жеке бириктирилген ҳәм 1 нәўбетши хызмет автотранспортын сақлаў ушын лимит ажыратылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети 1 ай мүддетте:

Өзбекистан Көркем өнер академиясының жумысын жетилистириў ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарарды қабыл етсин;

Камолиддин Беҳзод атындағы Миллий сүўретшилик ҳәм дизайн институты аймағында Өзбекистан Көркем өнер академиясының имаратын қурыў жумысларын шөлкемлестирсин ҳәм усы имаратта художниклер ушын тәжирийбе устаханасын шөлкемлестириў нәзерде тутылсын.

  1. Өзбекистан Көркем өнер академиясы мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султановқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 16-август

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан көркем өнер академиясының жумысын раўажландырыўға ҳәм жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында» ғы қарарына

Т Ү С И Н И К

Елимизде ғәрезсизлик жылларында көркем өнер дөретиўшилигиниң басқа да түрлери қатарында сүўретлеў көркем өнери саласына да айрықша итибар қаратылмақта.

Бул бағдарда, әсиресе, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 1997-жыл 23-январьда қол қойылған «Өзбекистан Көркем өнер академиясын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Пәрманы, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1997-жыл 11-мартта қабыл етилген усы бағдардағы қарары үлкен әҳмийетке ийе болды. Бул тарийхый ҳүжжетлерде белгилеп берилген ўазыйпалар тийкарында Көркем өнер академиясы тәрепинен өткен жигирма жыл даўамында сүўретлеў өнери саласындағы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, художниклердиң жумысын муўапықластырыў, олардың ҳуқықларын қорғаў, материаллық ҳәм руўхый мәплерин жүзеге шығарыў, жас художниклерди тәрбиялаў бағдарында көп жумыслар исленди.

Бул туўралы сөз етилгенде, Көркем өнер академиясының қурамында сүўретлеў көркем өнери саласы бойынша миллий билимлендириўдиң көп басқышлы системасы қәлиплестирилгенин, «San’at» журналы шөлкемлестирилип, ол 1998-жылдан берли үш тилде  – өзбек, орыс, инглис тиллеринде басып шығарылып атырғанын, бай мәдений мийрасымыз ҳәм заманагөй сүўретлеў көркем өнеримиздиң раўажланыў тенденцияларын үйрениўге қаратылған илимий-изертлеўлердиң материаллық, илимий-методикалық базасы беккемленгенин атап өтиў лазым.       

Соның менен бирге, халықаралық бирге ислесиў шеңберинде шет елли мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери менен ушырасыўлар,  сөйлесиўлер өткериў бойынша өзине тән система қәлиплескени, елимиздиң көплеген ҳүдожниклери халықаралық әнжуманлар ҳәм көргизбелерге, фестиваль және таңлаўларға қатнасып, абыройлы орынларды қолға киргизип атырғаны, онлаған дөретиўшилер елимиздиң жоқары сыйлықларына сазаўар болғаны да Көркем өнер академиясының жумысы менен тиккелей байланыслы.

Ҳәзирги ўақытта жедел пәтлер менен раўажланып атырған дәўирдиң өзи сүўретлеў көркем өнери саласын буннан былай да раўажландырыў, оның бүгинги күндеги орнын ҳәм абыройын арттырыў, Өзбекистан Көркем өнер академиясының жумысын жетилистириўди талап етип атырғанын тән алыў керек.

Әсиресе, сүўретлеў көркем өнери дөретиўшилериниң имканиятын және потенциалын толық  жүзеге шығарыў, реңли көринис ҳәм әмелий көркем өнер шығармаларының жоқары сапасын тәмийинлеў бағдарында соңғы ўақытларда әҳмийетли машқалалар топланып қалғаны, соның ишинде, тараўға байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң бүгинги күнниң талапларына жуўап бермейтуғыны, қолда бар материаллық-техникалық базаның төменлиги, маман кардлардың жетиспеўи, халықаралық дөретиўшилик ҳәм илимий байланысларды раўажландырыўда және дөретиўшилерди ҳәр тәреплеме хошаметлеў ҳәм талантлы жаслардың дөретиўшилик имканиятларын кеңейтиўде жүзеге келип атырған нәтийжесиз ҳәрекетлер бул тараўға мәмлекетимиз тәрепинен итибарды күшейтиўди талап етпекте.

Бизге белгили, 2017-жыл 3-август күни Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев дөретиўши зыялылардың ўәкиллери менен ушырасыўда раўажланыўымыздың ҳәзирги басқышында мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер саласын, соның ишинде, сүўретлеў көркем өнери бағдарын раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп, оларды шешиў жолларын көрсетип берди. Өткен қысқа мүддетте, әне, усы усыныслар менен басламаларды әмелге асырыў боынша мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 10 ға шамалас пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.

Күни кеше қол қойылған «Өзбекистан Көркем өнер академиясының жумысын раўажландырыўға ҳәм буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарар бул бағдардағы және бир әҳмийетли ҳүжжет болды.

Қарарда халқымызды сүўретлеў көркем өнери үлгилеринен хабардар етиў ҳәм дизайн бағдарында жумыс алып барып атырған қәнигелердиң дөретиўшилик имканиятларынан өнимли пайдаланыў, олар ушын зәрүр шараятлар жаратыў, көркем шығармаларда миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық дәстүрлерди жоқары дәрежеде сәўлелендириўге ерисиў, елимизде өткерилип атырған көргизбелердиң көркемлик дәрежесин арттырыў, сүўретшилик ҳәм дизайн саласына қәнигелескен билимлендириў системасын бүгинги күнниң талабынан келип шыққан ҳалда жетилистириў бағдарында әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди. Сондай-ақ, дүнья жүзинде өз орнына ийе болған өзбек сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер мектеплериниң дәстүрлерин сақлаў ҳәм даўам еттириў, заманагөй дизайн бағдарлары бойынша жумыс алып барып атырған талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў және Өзбекистан Көркем өнер академиясының жумысын раўажландырыў ҳәм жетилистириў мәселелерине айрықша итабар қаратылған.

Қарарға муўапық Өзбекистан Көркем өнер академиясы және оның Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң жаңаланған шөлкемлестириўшилик структурасы тастыйықланды.

Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, усы қарар тийкарында Өзбекистан Көркем өнер академиясының жумысын раўажландырыў ҳәм буннан былай да жетилистириў бойынша 2017-2021-жылларға мөлшерленген илажлар бағдарламасы ҳәм бул бағдарламаны әмелге асырыў бойынша Республикалық комиссияның қурамы тастыйықланды.

Қарарда елимиздиң мәдений турмысы ушын үлкен әҳмийетке ийе болған бир қанша мәселелерге айрықша итибар берилген. Соның ишинде, Өзбекистан сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў мақсетинде дүньядағы жетекши көркем өнер академиялары, бул бағдардағы билимлендириў мәкемелери, шөлкемлер, мәденият ҳәм көркем өнер шеберлери арасында өз-ара пайдалы тәжирийбелер алмасыўды жолға қойыў мақсетинде ҳәр тәреплеме дөретиўшилик байланысларды раўажландырыў белгиленген.

Бул қарарда Өзбекистан Көркем өнер академиясындағы шөлкемлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, халқымыздың бай мәдений мийрасын, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер және дизайн дәстүрлерин раўажландырыў мақсетинде Өзбекистан Көркем өнер академиясының Көркем дөретиўшилер аўқамының жумысын муўапықластырыў бойынша илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, қарарда сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер және дизайн бағдарындағы дөретиўшилерди хошаметлеў, сондай-ақ, балалар көркем өнерин раўажландырыў, Өзбекистан Көркем өнер академиясы системасындағы билимлендириў мәкемелеринң жумысында қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернатлары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелери ушын баслаўыш көркем өнер билимлендириўин жолға қойыў режелестирилген.

Сондай-ақ, қарарда сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер, дизайн ҳәм халық өнерменшилиги салалары бойынша жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаў ушын Өзбекистан Көркем өнер академиясы системасындағы билимлендириў мәкемелериниң жумысын шет ел тәжирийбелери тийкарында жетилистириў, халықаралық дөретиўшилик ҳәм илимий байланысларды беккемлеў, Өзбекистанда ҳәм шет елде кең көлемли көргизбелер өткериў арқалы миллий көркем өнеримиздиң жетискенликлерин дүнья жәмийетшилигине танытыў, конференция, биеннале ҳәм басқа да әнжуманлар өткериўге айрықша итибар қаратылған.

Ташкент қаласы, Мырза Улығбек районы, Содиқ Азимов көшеси 35-жайда жайласқан Камолиддин Беҳзод атындағы Миллий сүўретшилик ҳәм дизайн институты жанында Өзбекистан Көркем өнер академиясының имаратын қурыў жумысларын шөлкемлестириў де қарарда нәзерде тутылған.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекистан Көркем өнер академиясы, Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Илимлер академиясының елимиздеги музейлердиң фондларын ғәрезсизлик жылларында дөретилген жоқары көркемлик қунға ийе болған сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер шығармалары менен турақлы байытып барыў ҳәм шығармалардың баҳасын дөретиўшилик ҳәм материаллық потенциалдан келип шыққан ҳалда белгилеў атап өтилген.

Соның менен бирге, қарарға муўапық Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги жанында Көркем өнер экспертлер кеңесин шөлкемлестириў, ғәрезсизлик жылларында дөретилген жоқары көркемлик қунға ийе болған сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер шығармалары Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги жанындағы Көркем өнер экспертлер кеңесиниң қарарына тийкарланып сатып алынатуғыны атап өтилген.

Сондай-ақ, 2018-жыл 1-январьдан баслап Өзбекистан Көркем өнер академиясының ҳақыйқый ағзалары ушын ең кем мийнет ҳақының төрт есеси муғдарында айлық гонорар төлеў системасы енгизиледи ҳәм бул гонорар қаржылары физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығынан азат етиледи.

Жуўмақлап айтқанда, бул қарар Өзбекистан Көркем өнер академиясының жумысын түп-тийкарынан жетилистириўде, оның жумыс нәтийжелилигин арттырыўда  үлкен әҳмийетке ийе.

Дөретиўшилерди ҳәр тәреплеме материаллық ҳәм моральлық хошаметлеў, талантлы жаслардың дөретиўшилик имканиятларын кеңейтиў, сүўретшилик ҳәм дизайн көркем өнери саласында билимлендириў системасын түп-тийкарын реформалаўда, халқымыздың сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер саласындағы көркем мийрасын қәстерлеп сақлаўда  және кейинги әўладларға жеткериўде, жерлеслеримиздиң сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер саласындағы эстетикалық зәрүрликлери менен талапларын қанаатландырыўда бул ҳүжжет кең имканяитлар жаратып береди.