Жақында Көркем гимнастика бойынша Ташкент қаласында лицензиялық Азия чемпионаты ойынларында Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы Шаҳзада Ибрагимова да қатнасып, Париж-2024 жолламасын жеңип алыўда мүнәсип үлесин қосты.
Нөкис халықаралық аэропортында Азия чемпионы, Олимпиада жолламасының ийеси Шаҳзада Ибрагимова салтанатлы түрде күтип алынды.
Күтип алыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов, Спорт министри А.Алланазаров, спорт шеберлери менен бир қатар спортшы жаслар ҳәм спортшымыздың жақынлары қатнасып, пүткил халқымыз атынан қызғын қутлықлады ҳәм алдағы машақатлы ойынларда да тек әўмет яр болып, жоқары нәтийжелерге ерисиўинде тилеклеслик билдирди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, командалық шығыўларда қатнасқан ўатанласларымыз көпгүрес бойынша 69.95 балл топлап, алтын медаль менен бирге Париж-2024 олимпиадасы жолламасын қолға киргизди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги