Көксарай резиденциясында  Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында Сырт ел инвесторлары кеӊесиниӊ гезектеги жалпы мәжилиси болып өтти.

 Илажда жетекши компания ҳәм банклер, абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм қаржы институтларыныӊ ўәкиллери қатнасты. Мәжилисте Ташкент инвестиция форумыныӊ табыслы нәтийжелери тилге алынды.

Кеӊестиӊ дәслепки сессиясы 2022-жылы болып өткен. Бундай сөйлесиўлер ҳүкиметимиз ҳәм сырт ел инвесторлары арасында ашық қарым-қатнасты тәмийинлеп атырғаны менен әҳмийетли.

Ҳәзир тема шеӊбериндеги улыўмалық пикирлерди билдириўден жырақпыз. Ой-пикирлерди сырт ел инвесторлары кеӊеси ағзаларынан еситемиз.

Шри Пракаш Лохия, «Indorama Corporation» компаниясыныӊ басқарыўшы баслығы (Сингапур)


– Өзбекстанда текстиль, аўыл хожалығы сыяқлы бағдарларда көплеген ири жойбарларды әмелге асырғанбыз. Нәтийжеде он мыӊнан аслам инсанды жумыс пенен тәмийинледик. Бул жерде жетистирилип атырған өнимлерди дүнья базарына шығарыўға да үлесимизди қоспақтамыз. Жойбарларды әмелге асырыўда халықаралық қаржы шөлкемлери, абырайлы компаниялар менен жумыс алып бармақтамыз. Мәмлекетимизде бүгин исбилерменлер ушын мине, усындай қолайлы орталық бар.  Жақында аўыл хожалығы министрлиги менен және сөйлестик. Жаӊа жойбарларды әмелге асырамыз, тараўдыӊ раўажланыўы ушын жаӊа технологиялар киргизиў нийетиндемиз. Бундай ашық байланыс орталығы жаратылып атырғанынан, усынысларымыз тыӊланып атырғанынан биз исбилерменлер миннетдармыз.

Ли Минсук, «Youngone Corporation» компаниясыныӊ бас атқарыўшы директоры (Қубла Корея)

– Өзбекстанда инвестиция орталығын жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумыслар нәтийже бермекте. Келисимлерде өз-ара мәпдарлықтыӊ орайға қойылыўы инвестициялардыӊ көбейиўине алып келеди. Бул бағдардағы юридикалық реформаларды, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша илажларды да алғыслаў керек.

Енди жумысымызға тоқтап өтсек. Биз текстиль, материал ислеп шығарыў бойынша дүньядағы еӊ ири компаниялардан биримиз. Елиў жылдан берли, өнимлеримиздиӊ қарыйдарлары белгили брендлер есапланады. Түрли мәмлекетлерде өндирис кәрханаларымыз жумыс алып бармақта. Өзбекстанда да ири жойбарларымыз нәтийжели ислемекте. Мәмлекетиӊиз Орайлық Азияда бизлер жумыс баслаған биринши мәмлекет болды. Самарқанд қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында өндирислик комплекслеримиз шөлкемлестирилген. Бул жойбарларға инвестиция киргизгенбиз. Ҳәзир және отыз миллион долларлық инвестиция киргизиў режемиз бар. Бундай жойбарлардыӊ саны көбейип атырғаны Өзбекстанға болған исенимниӊ бир белгиси деў мүмкин.

Муҳаммад Ал-Рамаҳий, «Masdar» компаниясыныӊ бас атқарыўшы директоры (Бирлескен Араб Әмирликлери)

– Өзбекстан екинши үйиме айланды. Президентиӊиз атап өткениндей, бул жерде артқа қайтпайтуғын реформалар әмелге асырылмақта. Буны бәршемиз көрип турмыз. Нәтийжелер ҳаққында көп сөйлеўимиз шәрт емес, бәршеси анық көринип тур. Өзбекстан 2018-жылы бизлерди, компаниямызды жақсы күтип алды. “Жасыл энергия” бағдарындағы ҳәрекетлерге қосылдық. Кейинги жыллары бир қанша аймақларыӊызда қуяш ҳәм самал электр станциялары қурылды. Жаӊа жойбарлар избе-из даўам етип атыр. Қай жерде электр энергиясы менен байланыслы мәселелер шешилсе, сол жерде раўажланыў болады. Инвестиция киреди. Бул раўажланыўға ерисиўдиӊ шәртлеринен бири. Президентиӊиз кеӊес ағзаларыныӊ билдирген пикирлерин толық тыӊлады, ҳәммесинен де әҳмийетлиси мине, усы.

Икром АВВАЛБОЕВ, ӨзА