Көксарайда Президент жанындағы Сырт елли инвесторлар кеңесиниң екинши жалпы мәжилиси болып өтпекте.
Мәмлекетимиз басшысы кеңес шеңберинде төрт бағдарда жумысшы топарларды шөлкемлестириў ҳәм оларды толық әмелге асырыўда белсене қатнасыўға мирәт етти.
Бириншиден, капитал базарды раўажландырыў. Бул бағдарда сырт елли инвесторлардың талапларына толық жуўап беретуғын халықаралық қаржы орайын раўажландырыў ушын ишки ҳәм сыртқы капиталды кеңнен тартыўға тийкарғы итибарды қаратыў кереклиги атап өтилди.
Екиншиден, жуўапкершиликли бизнес жүргизиў. Бул бағдарда экономиканың турақлылығы, ашық-айдынлығын тәмийинлеўге қаратылған Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиң тийисли принциплерин кеңнен енгизиў әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.
Үшиншиден, альтернатив инвестицияларды хошаметлеў. Онда стартап, инновациялық жойбарлар, биргеликтеги инвестицияларды көбейтиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде «Венчур инвестициялар ҳаққында»ғы жаңа нызамды ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў үлкен әҳмийетке ийе.
Төртиншиден, инвесторлар менен ислесиў системасын санластырыў. Сырт елли инвесторлар менен мәмлекетлик уйымлар арасындағы барлық хызметлерди әмелге асырыў ушын қурамалы электрон платформаны ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа кеңнен енгизиў ўақты келгени атап өтилди. Бул инвесторларды қыйнап атырған комплексли машқалаларды өз ўақтында ҳәм системалы шешиўге имканият береди.
ӨзА