Кеше Қатарда даўам етип атырған футбол бойынша U-23 Азия кубогинде үшинши орын ушын ойын өткерилди.
Онда Ирак сайланды командасы быйылғы жарыста ярым финалға шекем жетип келип, турнирде сенсация жаратқан Индонезия сайланды командасы менен ушырасты.
Қызықлы өткен ойын жуўмағында, ираклы футболшылар қосымша таймларда 2:1 есабында жеңип шығып, Париж-2024 Олимпиадасына жолламаны қолға киргизди.
Ал, Индонезия сайланды командасы болса, енди Парижге өткерилетуғын плей-офф ойынында Гвинея сайланды командасы менен 4-жоллама ушын өз-ара гүрес жүргизеди.
Сондай-ақ, бүгин Азия кубогинде финал ойыны болып өтеди. Онда Тимур Кападзе басшылығындағы Өзбекстан сайлнады командасы Япония менен чемпионлық ушын майданға түседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги