Дийқаншылық ата кәри болған Азамат Сметов Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын оқып тамамлағаны менен мектепте муғаллим болып ислеп қалмады. Аўыл жасларына бир неше жыллар даўамында мектепте сабақ берген ол, соңын ала әкеси атайы дийқан Айтмурат Сметов пенсияға шыққаннан соң, оның орнына «Досберген» фермер хожалығына басшылықты өз қолына алды.
Кишкенелигинен аўыл хожалығына араласып өскен оның шынтлап кирискен мийнетине бола, фермер хожалығы ағзалары ҳәр жыл сайын пахта ҳәм бийдайдан мол зүрәәт жетистириўге еристи.
Буның нәтийжесинде, хожалықтың материаллық-техникалық базасы заманагөй техникалар менен жаңаланып, ол ҳәр тәреплеме беккемленип барылды.
-Өткен жылы 10 гектар жерге егилген шигиттен, 41 тонна пахта, 15 гектар бийдайдан 45 тонна ғәлле жетистириўге миясар болдық,-дейди ол.-Сонлықтан өткен гүзде гүзлик бийдай майданын еле де кеңейтиўге нийет етип, режени және 10 гектарға көбейтип, 25 гектарға жеткердик. Бийдайды өз ўақтында егип, оған агротехникалық қәделерге сай тәрбия бериўимиздиң нәтийжесинде, бүгинги күни олардың өсип раўажланыўы жақсы. Жақында бийдайларымызды жапырағы арқалы азықландырыў ҳәм өсимлик зыянкеслерине қарсы гүресиў мақсетинде, оларға суспензия септик. Сондай-ақ, ҳәзирги күнлери ғәлле майданларымызды баслаўдан алдын суўғарып атырмыз.
Усылар менен бир қатарда, фермер хожалығы ағзалары быйылғы бәҳәрдиң ашық-жарық күнлеринен нәтийжели пайдаланған ҳалда 20 гектар жерге шигит сеўип болыўға еристи.
Ал, әйне күнлери жас фермер Азамат Сметов басқарған фермер хожалығы ағзалары бийдай ҳәм ғаўаша тәрбиясы менен бир қатарда, елимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге өз үлесин қосыў ушын басқа да овощ-палыз егинлерин егиў бойынша жумысларды қызғын алып бармақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги