«Бала пулы» ҳәм материаллық жәрдем ушын енди онлайн арза бериў мүмкин

Енди кем тәмийинленген шаӊарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем тайынлаўға онлайн арза бериў мүмкин.
My.gov.uz арқалы көрсетилетуғын бул қолайлықтан кем тәмийинленген, атап айтқанда, шаӊарағында 18 жасқа шекем перзенти бар социаллық напақа алыў тилегинде болған талабанлар пайдаланыўы мүмкин, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Балалар напақасы 12 ай (бала 18 жасқа толғанға шекем), материаллық жәрдем 6 ай мүддетке төленеди.
Балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем муғдарлары нызамшылық ҳүжжетлери менен белгиленген.
Талабанлар бул хызметтен пайдаланыў ушын:
- gov.uz да дизимнен өтиўи;
- тийисли хызметтитаӊлаўы;
- ондағы сораўнаманы толтырыўы ҳәм жибериўи керек.
Хызметтен пайдаланыў бийпул.
Арза «Социаллық қорғаўыӊ бирден-бир реестри» мәмлимлеме системасы тәрепинен үйрениледи.
Онда арза бериўши шаӊарағыныӊ ҳәр бир ағзасына туўра келетуғын дәрамат муғдары анықланғаны ҳәм белгиленген нормаларға сай екени салыстырылады.
Оннан соӊ социаллық напақаны тайынлаў яки тайынлаўды бийкарлаў ҳаққында қарар қабыл етиледи. Ҳәм арзаныӊ жуўабы my.gov.uz арқалы жибериледи.
Бул хызмет Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен көрсетиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги