«Социаллық ҳәм өндирис инфраструктураны раўажландырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларды қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў процесслерин нәтийжели шөлкемлестириўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы Президент Қарары (ПҚ-165-санлы, 29.04.2024 ж.) қабыл етилди.
Қарарға бола, Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги орайлық аппаратыныӊ структурасында, Өзбекстанныӊ социаллық өндирис инфрастркутурасын раўажландырыў бағдарламалары ҳәм бюджет системасы бюджетлери есабынан қаржыландырылатуғын бағдарламаларға муўапық баҳасы 10 миллиард сумнан жоқары болған объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша таярланған жойбар-смета ҳүжжетлерин көрип шығыў ўәкиллигине ийе жойбар офиси шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, төмендеги тәртиплер орнатылады:
— 2025-жыл 1-январьдан жойбар-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў, қурылыс-монтажлаў жумысларын әмелге асырыў ҳәм объектлерди пайдаланыўға қабыл етиўде қурылыс қәрежетлерин баҳалаўдыӊ «көлеми» усылына (көлем ҳәм сапа көрсеткишлерин есапқа алыўға) өтиледи;
— 2024-жыл 1-июльден объектлердиӊ смета баҳасы «Қурылыс ресурслары миллий классификаторы» электрон платформасыныӊ мағлыўматлары тийкарында қәлиплестириледи;
— 2024-жыл 1-октябрьден қурылысы жуўмақланған объектлерди пайдаланыўға қабыл етиў процеси санластырылған ҳалда, «Ашық-айдын қурылыс» миллий мәлимлеме системасыныӊ «Қурылыста мәмлекетлик қадағалаў» электрон платформасы арқалы рәсмийлестириледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги