Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның мирәт етиўине бола 18-19-апрель күнлери мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болды.

Сапардың биринши күни өткерилген сөйлесиўлерде еки дос мәмлекет халықларының мәпине хызмет ететуғын көплеген келисимлерге ерисилди. Атап айтқанда, мәмлекет басшылары еки тәреплеме қатнасықларда жаңа тарийхый басқышты баслап берген Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Тәжикстанға мәмлекетлик сапарының екинши күни усы мәмлекет Олий Мажлиси Намояндагон мажлисиниң Баслығы Маҳмадтоир Зокирзода менен ушырасыў менен басланды.

Ушырасыўда Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы көп тәреплемели стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларында бүгин жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Парламентлераралық алмасыўды буннан былай да жеделлестириў, кооперация жойбары ҳәм мәдений-гуманитарлық бағдарламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм алға қойыў ушын тараўлық комитетлер ҳәм аймақлық кеңеслер дәрежесинде нәтийжели байланысларды кеңейтиў мәселелери додаланды.

Қабыл етилген ҳүжжетлерди хатлаўдан өткериў ҳәм жоқары дәрежедеги келисимлердиң өз ўақтында жүзеге шығарылыўы үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыўда еки мәмлекет депутатларының әҳмийетли роли атап өтилди.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасының Бас министри Қоҳир Расулзоданы қабыллады.

Өзбекстан – Тәжикстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы күни кеше Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққында тарийхый шәртнамаға қол қойылғанын атап өтти. Усы мәнисте, жоқары дәрежеде ерисилген барлық келисимлер еки мәмлекет ҳүкиметлери тәрепинен сөзсиз әмелге асырылыўы әҳмийетли екени атап өтилди.

Усы мақсетте биргеликте «жол картасы»н ислеп шығыў ҳәм Бас министрлердиң ушырасыўларын системалы түрде шөлкемлестирип барыў зәрүр.

Товар алмасыўды арттырыў, шегара алды саўданы ҳәм саўда инфраструктурасын раўажландырыў, автомобиль курылысы, энергетика, электротехника, қазып шығарыў, тоқымашылық, фармацевтика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тармақларда санаат кооперациясын тереңлестириў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында көрсетип өтилди.

Еки мәмлекет аймақларының потенциалынан толық пайдаланыў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиў әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.

Өзбекстан Президентиниң Тәжикстанға мәмлекетлик сапары шеңберинде мәмлекетимиздиң Душанбе қаласындағы елшиханасы жаңа имаратының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Мәмлекет басшылары символикалық лентаны кесип, Өзбекстан дипломатиялық ўәкилханасының имаратын ашып берди. Еки мәмлекет гимнлери жаңлады.

Президентлер елшихана имаратында дипломатлар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Елшиханада мәмлекетлеримиз арасындағы көп тәреплемели стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларды буннан былай да раўажландырыўға қаратылған жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў ушын барлық шараятлар жаратылған.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Эмомали Раҳмон елшихана Ҳүрметли мийманлар китабына өз тилеклерин жазып қалдырды.

Буннан кейин Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон менен биргеликте Душанбедеги Экспоорайында шөлкемлестирилген Өзбекстан санаат көргизбесине барды.

Жетекшилер «Made in Uzbekistan» бренди астында шөлкемлестирилген павильон менен танысты. Онда мәмлекетимиз автомобиль қурылысының жоқары технологиялық өнимлери, электр ҳәм аўыл хожалығы техникасы, таяр азық-аўқат өнимлери, химия, тоқымашылық, фармацевтика ҳәм басқа да санаат тармақларының товарлары көрсетилген.

Мәмлекет басшылары жетекши кәрханалар кооперациясын кеңейтиў, өз-ара тәжирийбе ҳәм технологиялар менен алмасыў зәрүр екенин атап өтти.

Соның менен Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Тәжикстан Республикасына мәмлекетлик сапары жуўмақланды. Душанбе халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Президент Эмомали Раҳмон шығарып салды.

ӨзА