Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстанға мәмлекетлик сапары шеӊберинде 19-апрель күни усы мәмлекет Олий Мажлиси Намояндагон мажлисиниӊ Баслығы Маҳмадтоир Зоир менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы көп тәреплемели стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларда бүгин жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Парламентлераралық алмасыўды және де раўажландырыў, кооперация жойбарлары ҳәм мәдений-гуманитарлық бағдарламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм алға қойыў ушын тараўлық комитетлер менен аймақлық кеӊеслер дәрежесинде нәтийжели байланысларды кеӊейтиў мәселелери додаланды.

Қабыл етилген ҳүжжетлерди хатлаўдан өткериў ҳәм жоқары дәрежедеги келисимлердиӊ өз ўақтында әмелге асырылыўыныӊ үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыўда еки мәмлекет депутатларыныӊ әҳмийетли роли атап өтилди.

ӨзА