Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Соңғы жыллары дүньяда апатлы жер силкиниўлердиң саны артып, олар халықтың өмири ҳәм мәмлекетлердиң социаллық-экономикалық инфраструктураларына салмақлы тәсир көрсетип атырғанлығы себепли сейсимкалық қәўипсизликти тәмийинлеў тараўын турақлы жетилистирип барыў шеңберинде бар ҳәм қурылып атырған имарат-объектлердиӊ сейсмикалық беккемлигин тәмийинлеў, жер силикиниўин прогнозлаў, мониторинг етиў арқалы оған таярлық көриўде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң өз-ара байланысларын күшейтиў үлкен әҳмийетке ийе.
Сол себепли, сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў тараўына заманагөй көзқарасларды енгизиў, имарат-объектлердиӊ жер силкиниўине шыдамлылығын және де арттырыў, күшли жер силкиниўлерин прогноз етиўдиң жаңа усылларын ислеп шығыў ҳәм оларға таярлық көриўдиң заманагөй системасын жаратыў мақсетинде:
- 2024-жыл 1-июньнанбаслап:
МСК-64 шкаласы бойынша 8 ҳәм оннан жоқары баллы сейсмикалық жедел зоналарда жаңадан қурылыўы режелестирилип атырған 5 қабаттан жоқары медициналық объектлер ҳәм 9 қабаттан жоқары Имарат ҳәм объектлерды актив сейсмикалық қорғаў қурылмалары, соның менен бирге, сейсмоизоляция ҳәм демпфер үскенелери менен жойбарлаў әмелияты жолға қойылсын;
актив сейсмикалық қорғаў қурылмаларын орнатыў қурылыс жумысларына жуўапкер болған буйыртпашы шөлкемлер тәрепинен қаржыландырылыўы белгиленсин.
Усы бәнттиң толық ҳәм сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў ушын жуўапкер етип Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги (Б.Закиров), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
- 2024-жылл 1 июльдан баслап:
жаңадан қурылыўы режелестирилип атырған қәўиплилик факторы III – IV категория болған объектлерге имарат ҳәм объектлердиӊ жүк көтериўши конструкцияларын автоматикалық мониторинг етиў үскенелерин орнатыў мәжбүрий етип белгиленсин;
имарат ҳәм объектлердиӊ жүк көтеретуғын конструкцияларды автоматикалық мониторинг етиў үскенелеринен алынатуғын мағлыўматлардың бирден-бир базасын жүргизиў арқалы мониторинг етиў тәртиби енгизилсин.
Усы бәнт шеңберинде имарат ҳәм объектлердиӊ жүк көтериўши конструкцияларын автоматикалық мониторинг етиў үскенелери мәжбүрий орнатылыўын қадағалаў ушын Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги (Б.Закиров), олардан алынатуғын мағлыўматлардың бирден-бир базасын жүргизиў ҳәм мониторинг етиў ушын Ташкент архитектура-қурылыс университети (Б.Тулаганов) жуўапкер етип белгиленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2024-жыл 1-июльдан баслап:
МСК-64 шкаласы бойынша 5 ҳәм оннан жоқары баллы жер силкиниўи болғанда имарат ҳәм объектлердиӊ жағдайы бойынша жүк көтериўши конструкцияларды автоматикалық мониторинг етиў үскенелеринен алынған мағлыўматлар оператив түрде талланады;
имарат ҳәм объектлерде анықланған қәўип бойынша тезлик пенен Өзбекстан Республикасы халқы ҳәм аймағының сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў илажларын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңеске (кейинги орынларда – Республикалық кеңес) мәлимлеме киргизиледи;
Республикалық кеңес үш күн мүддетте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте жер силкиниўи нәтийжесинде анықланған имарат ҳәм объектлердиӊ әззи ноқатларын беккемлеў ҳәм қәўипти сапластырыў илажларын белгилеп, олардың әмелге асырылыўын тәмийинлейди.
Усы бәнтте нәзерде тутылған тәртиптиң жолға қойылыўы ҳәм бир нормада ислеўин тәмийинлеў ушын жуўапкер етип Республикалық кеңес (А.Арипов) белгиленсин.
- Имарат ҳәм объектлер аймақлардың сейсмикалық белсендилигине муўапық түрде қурылыўын шөлкемлестириў мақсетинде:
2024-жыл 1-июльға шекем республиканың барлық район ҳәм қалаларының аймақлары кесиминде регионаллық акселерограммалар санластырылсын ҳәм олардың онлайн базалары қәлиплестирилсин;
2024-жыл 1-августтан баслап қәўиплилик факторы III – IV категория болған объектлерди аймақтың жер силкиниўлердиң күшин көрсетип беретуғын регионаллық акселеограммалар базаларынан келип шығып жойбарлаў ҳәм қурыў тәртиби енгизилсин.
Усы бәнт шеңберинде регионаллық акселеограммаларды санластырыў ушын жуўапкер етип Илимлер академиясы (Б.Юлдашев) ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги (А.Қўлдашев), Имарат ҳәм объектлерди регионаллық акселеограммаларға муўапық жойбарлаў ҳәм қурыў жумысларын қадағалаў ушын Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги (Д.Адилов) жуўапкер етип белгиленсин.
- 2024-жыл 1-июньнан баслап жаңадан қурылыўы режелестирилип атырған қәўиплилик факторы III – IV категория болған объектлерде газ ҳәм электр тармақларын күшли жер силкиниўи ўақтында автоматикалық блоклаў системасы менен жойбарлаў тәртиби енгизилсин.
Онда, сейсмикалық жедел зоналарда жаңадан қурылыўы режелестирилип атырған қәўиплилик факторы III – IV категория болған объектлердиң жойбарлаў-смета ҳүжжетлери оларда күшли жер силкиниўи болғанда газ ҳәм электр тармақларын автоматикалық блоклаў системасы бар болған жағдайларда ғана қала қурылысы ҳүжжетлери экспертизасынан өткерилиўи белгиленсин.
Усы бәнттиң толық ҳәм сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў ушын жуўапкер етип Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги (Б.Закиров) белгиленсин.
- Жүз берген жер силкиниўлер ҳәм мәўсимлердеги ығаллықлардың тәсиринен шөккен ҳәм деформациялар пайда болған имарат ҳәм объектлерди беккемлеў жумысларына алдынғы, заманагөй ҳәм қәўипсиз көзқарасларды енгизиў мақсетинде:
2024-жыл 1-июльға шекем техникалық жағдайы қанаатландырарсыз деп табылған бар имарат ҳәм объектлерди “компенсациялық инъекция технологиясы арқалы беккемлеў ҳәм деформацияны алдынғы жағдайға қайтарыў” усылы арқалы қайта тиклеў жумыслары эксперимент ретинде әмелге асырылсын;
2024-жыл 1-октябрьге шекем эксперимент нәийжелери тийкарында имарат ҳәм объектлердиӊ тийкарын беккемлеў ҳәм деформацияларын сапластырыўда жердиӊ астынан “компенсациялық инъекция технологиясы арқалы беккемлеў ҳәм деформацияны алдынғы жағдайға қайтарыў” усылын әмелиятқа толық енгизиў илажлары көрилсин.
Усы бәнт шеӊберинде “компенсациялық инъекция технологиясы арқалы беккемлеў ҳәм деформацияны алдынғы жағдайға қайтарыў” усылын әмелиятқа енгизиў ушын жуўапкер етип Ташкент архитектура-қурылыс университети (Б.Тулаганов), эксперимент ушын объектлерди усыныўға жуўапкер етип Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясы (К. Тўлаганов) белгиленсин.
- Қурылыста мәмлекетлик қадағалаўдыӊ сапасын арттырыў мақсетинде 2024-жыл 1-июльдан баслап жаӊадан қурылып атырған объектлердиӊ қәўип-қәтер категориясы менен турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында аймақлық инспекторлардыӊ жумыс тәжирийбесин инабатқа алған ҳалда мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў жумыслары шөлкемлестирилсин.
Усы бәнттиӊ толық ҳәм сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў, қурылыста мәмлекетлик қадағалыўды әмелге асырыўда турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында қадағалаў аймақлық инспекциялары штат бирликлериныӊ санын қайта көрип шығыў инспекциясы (К.Тўлаганов) белгиленсин.
- Төмендегилер:
Сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм имарат ҳәм объектлердиӊ жер силкиниўине шыдамлылығын арттырыў системасын жетилистириў бойынша “жол картасы” (кейинги орынларда – “Жол картасы”) 1-қосымшаға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бойынша сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған аймақлық илажларды әмелге асырыў режелери (кейинги орынларда – аймақлық илажлар режелери) 2- 15-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
- “Жол картасы” ҳәм аймақлық илажлардыӊ режелеринде белгиленген ўазыйпалардыӊ өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша:
“Жол картасы” бойынша – тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиӊ биринши басшыларына;
аймақлық илажлардыӊ режелери бойынша – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине жеке жуўапкершилик жүкленсин.
Республикалық кеӊес мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен “Жол картасы” ҳәм аймақлық илажлардыӊ режелеринде белгиленген ўазыйпалардыӊ сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын қадағалаў ҳәм муўапықластырыў ушын жуўапкер етип белгиленсин.
- Республикалық кеӊес (А.Арипов), Ташкент архитектура-қурылыс университети (Б.Тулаганов) 2024-жыл 1-августқа шекем Республикалық кеӊес ағзалары менен тараўға жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардыӊ қәнигелерин сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм қурылыс қадағалаўы тараўы бойынша раўажланған сырт мәмлекетлерге қысқа мүддетли хызмет сапарына жибериўди шөлкемлестирсин.
Республикалық кеӊес ағзалары менен тараўға жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардыӊ қәнигелерин сырт елге жибериўге байланыслы қәрежетлер (транспорт, мийманхана, күнлик ҳәм басқалар) Сейсмология, объектлердиӊ сейсмикалық беккемлигин ҳәм сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў тараўын қоллап-қуўатлаў қорыныӊ қаржылары, сондай-ақ, нызамшылықта қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан қапланыўы белгиленсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Айрықша жағдайлар министрлиги менен биргеликте 2024-жыл 1-майға шекем аймақлардыӊ жер силкиниўине таярлық көриў режелерин тастыйықласын ҳәм нызамшылыққа муўапық усы реже тийкарында халықты жер силкиниўине таярлаў жумысларын шөлкемлестирип барсын.
- Аймақларда күшли жер силкиниўлерге таярлық көриў жумысларын анық илимий прогнозларға тийкарланып шөлкемлестириў мақсетинде 2024-жыл 1-майдан баслап:
Айрықша жағдайлар министрлиги Сейсмопрогностикалық мониторинг республикалық орайы (кейинги орынларда – Орай) тәрепинен жер силкиниў қәўипи ҳәм прогнозына байланыслы ҳәр айда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине киргизиў әмелияты жолаға қойылсын;
жуўмақларда күшли жер силкиниўи қәўипи ҳаққында ескертиў болғанда, тийисли аймақлардыӊ басшылары тәрепинен аймақлардыӊ жер силкиниўине таярлық көриў режелерине муўапық жумыслар шөлкемлестирилсин.
Усы бәнттиӊ толық ҳәм сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў ушын жуўапкерлер етип Айрықша жағдайлар министрлиги Сейсмопрогностикалық мониторинг республикалық орайы (Қ.Қўчқоров), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
- 2024-жыл 1-июньнан баслап республика аймағында болып өткен жер силикиниўлер мониторинги, олардыӊ илимий талланыўы ҳәм жедел тектоникалық жер жарықларыныӊ ҳәрекетлери арқалы жақын келешекте күтилип атырған күшли жер силкиниў қәўипи бар аймақларды анықлаў әмелияты жолға қойылсын.
Онда:
сейсмопрогностикалық мониторинг әмелге асырылыўын шөлкемлестириў, болып өткен жер силкиниўлердиӊ санлы мағлыўматлар базасын қәлиплестириў ҳәм қайта ислеў – Орай тәрепинен;
жер силикниўлердиӊ жүзеге келиў механизми, дәрежеси ҳәм жер силкиниў дәреклериниӊ түрли геодинамикалық процесслерде көриниўи, сондай-ақ, жақын келешекте күтилип атырған күшли жер силкиниў қәўипи бар аймақларды анықлаў – Илимлер академиясы тәрепинен әмелге асырылыўы белгиленсин.
Күшли жер силкиниў кәўипи бар аймақлар анықланғанда, бул ҳаққындағы мағлыўматлар тезлик пенен Республикалық кеӊеске киргизип барылсын.
- 2024-жыл 1-майдан баслап ҳәр бир аймақта күшли жер силкиниўде халықты қутқарыў жумысларына тартыў ушын волонтёрлық топарларын қәлиплестириў әмелияты жолға қойылсын.
Онда, волонтёрлық топарларына тартылған пуқараларға ҳәр шеректе нызамшылыққа муўапық күшли жер силкиниўинде ҳәрекетлениў қағыйдалары ҳәм тәртиби үйретилип, бул бағдардағы билим ҳәм көнликпелери арттырып барылсын.
Усы бәнтте нәзерде тутылған әмелиятты толық енгизиў, волонтёрлар топарларыныӊ жумысын турақлы хошаметлеп барыў ушын жуўапкер етип Айрықша жағдайлар министрлиги (А.Қўлдошев) ҳәм Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев) белгиленсин.
- Илимлер академиясы, Айрықша жағдайлар министрлиги, Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлигиниӊ Илимлер академиясы жанында юридикалық шахс статусына ийе болмаған Жер силкиниў инженерлиги факторлары ассоциациясын (кейинги орынларда – Ассоциация) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Ассоциацияга 16-қосымшаға муўапық тийкарғы ўазыйпалар жүкленсин.
- Төмендегилер:
Ассоциация министрлик ҳәм уйымлардыӊ тараўға жуўапкер қәнигелери ҳәм алымлар менен сырт ел қәнигелеринен ибарат қурамда Илимлер академиясы тәрепинен Министрлер Кабинети менен келисилген ҳалда қәлиплестирилиўи ҳәм ҳәр үш жылда жаӊалап барылыўы белгиленсин;
Ассоциация тәрепинен ҳәр шеректе таярланатуғын усыныслар Республикалық кеӊес тәрепинен ҳәр ярым жылда додаланыўы ҳәм тийкарланған усыныслар тезлик пенен әмелге асырылыўы тәмийинленсин.
- Сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған илажлардыӊ мәнисин халық ҳәм кеӊ жәмийетшиликке түсиникли тәризде жеткериў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде:
а) Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Джурабаев):
Айрықша жағдайлар министрлиги (А.Қўлдошев) менен биргеликте пуқаралардыӊ жер силкиниўи ўақтында дурыс ҳәрекетлениўине бағышланған көрсетиўлер, көринислер, роликлер ҳәм еситтириўлер таярланыўын;
ислеп шығылған медиа өнимлер Миллий телерадиокомпанияныӊ барлық теле- ҳәм радиоканалларында системалы түрде эфирге узатылыўын тәмийинлесин;
б) Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.Ходжаев) Айрықша жағдайлар министрлиги (А.Қўлдошев) менен биргеликте ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда сейсмикалық қәўипсизлик илажларын әмелге асырыў процесслери, соныӊ менен бирге, пуқаралардыӊ жер силкиниўи ўақтында дурыс ҳәрекетлениўи бойынша шөлкемлестирилип атырған командирлик-штаб, арнаўлы-тактикалық ҳәм объект оқыў- шынығыўлары ҳаққындағы толық мағлыўматлардыӊ кеӊнен жарытылыўын шөлкемлестирсин.
- Илимлер академиясы, Айрықша жағдайлар министрлиги, Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги басқа мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизилсин.
- Усы қарардыӊ орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип айрықша жағдайлар министри А.Х.Қўлдошев ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министри Б.И.Закиров белгиленсин.
Қарардыӊ орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардыӊ жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Әмелге асырылған илажлардыӊ нәтийжелилиги ҳаққында ҳәр ярым жылдыӊ жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жыл 17-апрель