Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетлик сапар менен Душанбе қаласына келди.

Пайтахт аэропортында мәмлекетимиз басшысын Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон күтип алды.

Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты ҳәм еки мәмлекеттиӊ байрақлары көтерилди. Өзбекстан Президентин күтип алыўда Тәжикстан жаслары ҳәм дөретиўшилик топарларыныӊ ўәкиллери да қатнасты.

Соӊ Президентимиз “Дўстий” майданына барып, Исмоил Сомоний естелигине гүл қойды.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде жетекшилер Өзбекстан-Тәжикстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў мәселелерин додалады, халықаралық ҳәм регионаллық дәрежедеги бирге ислесиў бойынша пикир алысатуғынын атап өтиў керек.

Сапар бағдарламасында еки мәмлекет көркем өнер шеберлериниӊ концертин биргеликте тамашалаў ҳәм «Made in Uzbekistan» өнимлер көргизбеси менен танысыў режелестирилген.

Мәмлекетлик сапар шеӊберинде бир қатар илажлар, соныӊ менен бирге, ҳаял-қызлар форумы, Өзбекстан киносы күнлери, зыялылар, алымлар ҳәм тарийхшылар конференциясы, миллий тағамлар ҳәм туризм потенциалы фестивалы болып өтти.

Алдынырақ Ташкент қаласында Ректорлар форумы ҳәм Душанбе қаласында бизнес форумы өткерилген еди.





ӨзА